Психолог Нукус


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Психология


Саўлат Мамбетназаров Врач - психотерапевт тел: 99 585-36-34

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Психология
Статистика
Фильтр публикаций


Золушка Аналар

Золушка аналар қыз күнинде ата-анасына, туўысқанларына хызметкер болады. Турмысқа шығып келин болған соң ата-енеси, қәйин апалары, қайнаға-абысынлары, ағайын-туўысқанлары, қоңсы-қобаларына хызмет етеди. Соң балаларына хызметкер болып олар үлкейседе перзентлериниң тәшўишлери менен жасап, хызметкер ана болады. Ер жеткен перзентлерине аўқат асып, кирлерин жуўып береди, базарға барып аўыр сумкаларды арқалап келеди. Перзентим оқысын деп оларды жумсамайды, контрактын тɵлеймен деп ɵзин отқа-шоққа урып жанын қыйнап жумыс ислейди.

Енди оларды үйлендириўим, узатыўым керек деп, тойдың тәшўишлери, қалың малдың машқалалары, қызымның жүгин, кɵрпе-тɵсегин таярлайман деп және ɵзин қыйнайды. Перзентлери балалы болғансоң енди нәўбет ақлықларына қараў, оларды бағыў аўқатландырыў менен хызметин даўам етеди. Ер жеткен перзентлери ушын анасы балаларын бағатуғын бийпул бақша тәрбияшысына айланады. Мине усылайынша золушка аналар ɵзлери ушын жасаў қандай болатуғынын билмейди, ɵзлерин қыйнап жасайды.

Ана қыйналып жасағанлықтан оның перзентлеринеде қыйын болады. Оларда анасына уқсап хызметкер болып жүреди, турмыслық машқалаларға дусласа береди. Перзентлер бахытлы болыўы ушын аналар бахытлы болыўы керек. Буның ушын аналарға ҳаял болып жасаўды үйретиў керек, оларға ɵзин жақсы кɵриў, ɵзин қәдирлеў, ɵзин ҳүрмет етиўди үйретиў керек. Бирақ буны оларға үйретиў аңсат болмайды.
@psixolog_nukus




Ɵзиңди қәдирлеўди билмесең биреўге ɵкпелегенниң пайдасы жоқ

- денсаўлығыңды қәдирлеўди билмесең, кесел болған соң биреўлерге ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- еркек болып ɵзиңди қәдирлеўди билмесең ҳаялыңа ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- ҳаял болып ɵзиңди қәдирлеўди билмесең күйеўиңе ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- әке болып ɵз қәдириңди, ɵз орныңды билмесең, сɵйлейтуғын сɵзиңди, жүрис-турысыңды дүзетпесең перзентлериңе ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- ана болып ɵз қәдириңди билмесең, ɵзиңниң ҳаял екениңди билмесең, сɵйлейтуғын сɵзиңди, ɵз орныңды билмесең перзентлериңе ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- келин болып ɵз қәдириңди билмесең, ҳаял болыўды билмесең енеңе, күйеўиңе, қәйин апаңа, абысыныңа, бийкешиңе ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- туўысқан болып туўысқанларың менен жақсы-туўры мүнәсибет орнатыўды билмесең оларға ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- перзент болып ɵз қәдириңди билмесең ата-анаңа ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- ене болып ɵз қәдириңди, ɵз орныңды, сɵйлейтуғын сɵзиңди билмесең келиниңе ɵкпелегенниң пайдасы жоқ,
- жумысшы болып ɵз қәдириңди билмесең, баслығыңа яки жумысыңдағыларға ɵкпелегенниң пайдасы жоқ.
Ɵз қәдирин билмейтуғын адам биреўлерге ɵкпелейди. Ɵкпелеў адамда аўыр кеселликлерди пайда етеди, турмысын-тәғдирин аўырластырады.
@psixolog_nukus






Ҳаяллар сиясаты- мақтаныў, налыныў, ɵсек айтыў…

Теректиң саясында жасы үлкен 4 ҳаял карта ойнап отыр еди. Бир жас ҳаял олардың қасына келип «Апалар мениде араңызға қосасызба?»-деп сорады. Оған ҳаяллардың бири қарап, «Сиңлим егер бизлердиң арамызға қосылатуғын болсаң 5 шәртти билиўиң керек".

1-шәрт. Сатып алған кɵйлеклериңди, пальто-шубаларыңды, тағыншақларыңды, посудаларыңды, косметикаларыңды, мебеллериңди айтып мақтаныў жоғынан. Бул гәпти бәрше ҳаяллар айтады, бизлерде ўақтында сɵйтип мақтанатуғын едик, ҳәмме ɵзинде бары менен мақтанғанды жақсы кɵреди. Бизлер ўақтында сондай нәрселерге алданып, мақтанып ɵмиримизди қуры ɵткерип жибергенимизди енди түсинип атырмыз.

2-шәрт. Ҳәзир қандай мебеллер, посудалар мода болып атыр, кимде не бар, кимде не жоқ буларды да айтыўға болмайды. Буны бәрше ҳаяллар айтады, бизлерде ɵмир бойы айттық, басымызға шақ ɵсип шықпады. Бундай гәп-сɵзлер адамдағы кɵре алмаўшылықты, иштарлықты, қызғаншақлықты, ашкɵзликти, менменликти, жарыспақты пайда ететуғынын енди түсинип атырмыз.

3-шәрт. Күйеўиңниң тапқан пулын, алған машынын айтып мақтаныўға, перзентлериңди қай жерде неше сум пул тɵлеп оқытып атырғаныңды мақтанып айтыўға болмайды. Бундай нәрселерди мақтанып айта беретуғынлар жәмийет пикири менен жасайтуғын ҳаяллар. Олар негизинде ɵзине не керек екенин билмейди, ɵзиниң ҳаял екенин билмейди. Олар ушын ɵзи жоқ, тек күйеўи менен перзентлери бар, ɵзиниң қандай ҳаял екенин билмейди.

4-шәрт. Күйеўиңниң, перзентлериңниң, енеңниң, абысын-қәйин апаңның, туўысқанларыңның машқалаларын айтып налыныўға болмайды. Бизлерде ɵмир бойы усы гәплерди айттық, биреўлерди айыпладық, машқала соларда деп ойладық. Бирақ ɵзлеримизди дүзетиўди, тәрбиялаўды ойламадық, соны енди ойлап атырмыз. Сағанда сол мәсләҳатты беремиз, тилиңнен кɵре басыңды кɵплеў ислетиўди үйрен, китап оқы, билим ал.

5-шәрт. Биреўлерди жаманлап ɵсек айтыў жоғынан. Ҳаяллар ɵсек айтқанды жақсы кɵреди. Бизлерде ɵсек айтып жаслығымызды қуры ɵткерип жибердик. Ҳештен кеш жақсы деп, енди биргеликте карта ойнап ɵзимизди, тилимизди тәрбиялаўды, аўзымызға дем бериўди үйренип атырмыз. Егер усы шәртлерге разы болсаң, арамызға қосылсаң болады»-деп жуўап берди.
@psixolog_nukus




Ҳаял адам қәтелесиўден қатты қорқады, қәтелессе ɵзин яки биреўди айыплайды ямаса қорқыўы күшейип кетеди. Сонлықтан матриархат шаңарақта ҳаяллар нервный болады, перзентлериде нервный болады. Бундай ҳаяллар жәмийет пикири менен жасап, шаңарағында кɵп қәтелерге жол қояды. Перзентлериниң шаңарағы бузылып атырғанлардың 80% ти матриархат шаңарақлар. Яғный, бул шаңарақларды аналары, енелери басқарғанлықтан олардың шаңарағында кɵплеген машқалалар келип шығып, олар сезимге берилип, урысып-қырылысып, шаңарақлары бахытсыз болады, бузылады.

Бундай ҳаяллар шаңарағында ҳаял болалмағанлықтан шаңарақлы ер жеткен ул перзентин ɵз шаңарағының капитаны қылыўды ойламай, түсинбей, генерал енеге айланады. Генерал аналардың, генерал енелердиң ул перзентлери, ақлықлары машқалалы (арақхор, қатынпаз, қумарпаз, қан қызба, мошенник, кесел, жумыссыз, жуўапкерсиз, ериншек) еркек болады. Еркек капитан болыўы ушын анасы яки ҳаялы генерал емес, ҳақыйқый ҲАЯЛ болыўы керек.

Шаңарақта пул кимде турса сол шаңарақтың капитаны болады. Ҳаяллығынан көре еркеклиги күшейип кеткен ҳаяллар пулды өзи услайды, шаңарағының бюджетин өзи басқарады, гейбиреўлери күйеўин перзентлерине қосып бағады, гейбир ҳаяллар бир өмир ана болып ер жеткен перзентлерин ақлықларына қосып бағады. Ҳақыйқый ҳаял жоқ шаңарақта ҳақыйқый еркекте болмайды. Буны билмейтуғын, түсинбейтуғын ҳаяллар (келинлер), аналар, енелер (қудағайлар) бир-бирин айыплап жүре береди.
@psixolog_nukus


Шаңарақ кораблиниң капитаны ким?

Не ушын корабллер капитанларының бәршеси еркек адамлар? Себеби ҳаял адам корабльге капитан болып, оны басқара алмайды. Тек ғана еркекте корабльди басқара алыў қәбилети бар.

Бириншиден, Еркекте узақты кɵриў деген сыпат болады. Корбаль жолдан адасып кетпеўи ушын оның капитаны узақты кɵрип, корабльды туўры жɵнелис бойынша басқарып, ɵз мәнзилине жетип барады, адасып кетиўине жол қоймайды. Шаңарақта корабльге уқсайды, белгили бир жɵнелис бойынша ҳәрекет етеди, шаңарақтың ɵтмиши, бүгини ҳәм келешеги бар.

Шаңарақтың келешегин ойлаў, келешекти кɵрип-билиў ушын еркекте ақыл-парасат, интуиция болыўы керек болады. Буның ушын ол ɵз үстинде шуғылланып, раўажланып барыўы лазым. Ҳаялларда еркекке уқсап узақты кɵриў қәсийети болмайды. Олар сезимлери менен, бүгинги жағдайы менен жасайды. Сонлықтан шаңарақта еркек капитан болмаса, ҳаялы тынышсыз болады, шаңарағының ҳәм перзентлериниң келешегинен қорқып, қәўетерленип жасайды.

Екиншиден, еркекте жуўапкершилик, батырлық, пикирлеў, анализлеў ҳәм қәтержам шешим қабыл етиў сыяқлы сыпатлар болады. Сонлықтан корабльде қандайда бир күтилмеген ҳәдийсе болса, даўыл болса, суў тасқыны болса еркек капитан ɵзин қолға алып, сезимге берилмей, қорқып жуўапкершиликтен қашпайды. Корабльди басқарыўды ɵз қолына алып, оны шɵгип кетиўден сақлап қалады. Бундай жағдайда ҳаял адам қорқып, сезимге берилип, ɵзин қолға алалмайды. Ҳаял тәбиятынан ақыл-парасаты еркектей күшли-батыл болмағанлықтан жуўапкершиликти мойнына алыўға қыйналады.




- көкирек-менмен ата-аналар перзентлерин сабыр менен, муҳаббат пенен тәрбиялай алмайды. Олар биреўлерден алалмаған ашыўын перзентлеринен алады, перзентлерине бақыра береди, урып тәрбиялайды, қорқытады, мәжбүрлейди. Бундай ата-аналар перзентлерине кемситиўши сөзлерди, перзентлериниң руўхыятын бузыўшы, перзентлерин кесел қылыўшы «Ақмақ, мәңгүр, ийт, ешек, мал, ҳайўан, сүмилтир, тупой, жинли, ҳарамзада, жер жутқыр, қурып кеткир, ешкибас» сөзлерди айтады. Адам өзи қандай болса ол басқаларға қарата сондай сөзлерди ислетеди.

- көкирек-менмен ата-аналар перзентлери ер жетседе оларды тынышына қоймайды, өз ҳалынша жасаўына имкан бермей перзентлериниң турмысына араласа береди, перзентлеринде өзлерине уқсатып бахытсыз қылады, перзентлериниң шаңарағын бузады. Көкирек-менмен ата-аналар машқалалы әке, машқалалы ана, машқалалы қәйин ата, машқалалы енеге айланады.

- көкирек-менмен ата-аналар перзентлеринде өзлерине уқсаған көкирек қылып тәрбиялайды. Сонлықтан бундай ата-аналарға ўақыт өткен сайын қыйын бола береди. Перзентлери, келинлери оларға көкирекликтиң, менменликтиң, қақбаслықтың, көкбетликтиң, бузықшылықтың, ишиўшиликтиң қандай болатуғынын көрсетеди. «Не ексең- соны орасаң».

- көкирек-менмен ата-аналар перзентлерин оқытқанда, таярлықларға бергенде, үйлентиргенде, узатқанда журтқа жарысады, перзентлериниң келешегин, бахытын ойламайды. Олар ушын өз көкиреклиги, журттан қалып қоймаўы әҳмийетли, журтқа жарысып қалың мал береди, журтқа жарысып сарпай, жүк береди, журтқа жарысып той береди ҳ.т.б. Сөйтип арадан жыллар өтип перзентлериниң турмысында машқалалар, бахытсызлықлар болса «Неге мениң перзентим менен бундай болып атыр»- деп налынады. «Не ексең- соны орасаң».

- көкирек-менмен ата-аналар ер жеткен перзентлерине исенбейди, оларды ер жеткен еркек, ер жеткен ҳаял деп қарамайды. Сол себепли олар ер жеткен перзентлериниң шаңарағына көп араласады, перзентлериниң шаңарағын қадағалайды, басқарады, ақлықларының тәрбиясына араласады, ақлықларының тәрбиясын бузады, тек өзлериникин дурыс деп ойлайды.

- көкирек-менмен ата-аналар перзенти кесел болсада, инвалид болып қалсада, қайтыс болсада, перзентиниң турмысы бузылсада, перзенти бахытсыз ҳәдийсеге жолықсада өзлерин өзгеритпейди, алдын қандай көкирек болса кейинде сондай көкирек болып жүре береди, тәўбеге келмейди, биреўлерди айыплап жүре береди.
@psixolog_nukus


Ата-ананың көкиреклиги, менменлиги

- көкирек-менмен ата-ана перзентиниң тәрбиясына жуўапкершилик пенен қарамайды. Яғный, перзент тәрбиясы бойынша ҳеш қандай китап оқымасада, билим алмасада «Мен перзент тәрбиялаўды билемен»- деп, перзентин өз билгенинше тәрбиялайды, перзент тәрбиясындағы өз қәтелерин түсинбейди, айтсаңда мойынламайды.

- көкирек-менмен ата-ана «Балама не кереклигин, балам нени қәлейтуғынын мен жүдә жақсы билемен»- деп, перзентиниң қәлеўлери, әрманлары менен қызықпайды, өзи қәлейтуғын таярлықларға береди, өзи қәлейтуғын кәсипти таңлатады, өзи қәлейтуғын жерде оқытады, перзенти қәлемеседе оны мәжбүрлеп өзи қәлейтуғын адамға турмысқа береди, өзи қәлейтуғын адамына үйлентиреди.

- көкирек-менмен ата-ана перзентиниң тәрбиясында машқала болсада, перзентиниң денсаўлығында машқала болсада өзин дүзетиўди ойламайды. Ол бул машқалада биреўлерди айыплайды яки машқала перзентимде, перзентимди дүзетиў керек, емлеў керек деп ойлайды. Буны оған жақсылап түсиндирсеңде түсингиси келмейди. Ата-ана перзенти ушын бәрше нәрсеге таяр дегени өтирик. Мен бир неше жыл психолог болып ислеп, перзентлериниң бахыты ушын, саламатлығы ушын өзин өзгертиўди, өзин дүзетиўди ойлайтуғын, буған ҳәрекет ететуғын ата-аналардың жүдә аз екенин көрдим. Көпшилик ата-аналар ушын перзентиниң бахытынан көре өз нәпсиниң қәлеўлери үстем, олар өзлериниң көкиреклигине-менменлигине садық.

- көкирек-менмен ата-ана ушын перзентлериниң бахытынан көре өзиниң абырайы үстем, әмели үстем, атағы үстем, нәпсиниң қәлеўлери үстем. Яғный, олар сол нәрселерге ерисемен деп түрли нәрселерге қол урады, бундай қыйсық-қыңғыр ислер перзентлердиң тәрбиясын, денсаўлығын, тәғдирин бузады. Көкирек-менмен ата-аналар буны түсинбейди, билседе сол ислерин қыла береди, өзиниң перзентине зыян жеткизип атырғанын мойынлағысы келмейди. Тәғдир нызамлары бойынша ата-ананың қәтелери ушын перзентлериде жуўап береди.

- көкирек-менмен ата-аналар өзлери урысып-қырылысып жасап, өзлери ийт-пышық болып жасап перзентлерине тәрбия бергиси келеди, ақыл айтады. Бирақ перзентлер ата-ананың айтқан сөзлерине емес олардан көргенлерине исенеди. Көкирек-менмен ата-аналар буны түсинбейди «Балам неге мениң айтқанымды қылмайды»- деп айтады.




Күйеўи жоқ ҳаял (жасы нешеде болсада) турмысқа шығыўды, еркекти- өмирлик жолдасты ойламай, жай алыўды, соғыўды ойласа 95-98% жағдайда бундай ҳаяллар шаңарақ қурмайды, айырымлары қолына (үйине, өзиниң жайы барғо) альфонс еркекти (жумыс ислемейтуғын) киргизип алып, оны 3-4 жыл баласындай қылып бағып, оның қылықларынан шаршап түбинде ажырасады. Қулласы өзиниң жайы бар ҳаялдың шаңарақлы болыўы қатты қыйын болады.

Айырым ата-аналар қызының турмысы келиспеген соң (1 яки 2 рет ажырасқан соң) яки күйеўи қайтыс болған соң қызының қайта турмыс қурыўына қарсы болады. Бундай ата-аналарда руўхый машқала болады. Олар жалғызлықтың не екенин, қандай азап екенин түсинбейди. Олар өз қоллары менен перзентин бахытсыз, кесел қылып атырғанын билмейди. Сол себепли мен бундай ҳаялларға ата-анасынан тезирек сепарация болыўы кереклигин айтаман. Егер олар кишкене балаға уқсап ата-анасының пикири менен жасайтуғын болса, өз турмысына жуўапкершиликти өз мойнына алмаса биринши гезекте өзи қыйналады.

Олар буны түсинбей ҳәр кимниң айтқан гәплери менен, журттың гәп-сөзлери менен жүре береди. Журттада дени саў емес адамлар көп. Мен жеке практикамда турмысы келиспей бир неше жылдан берли шаңарақлы бола алмай жүрген ҳаяллардан буның себебин сорасам «Мениң турмыс қурыўыма әкем яки анам қарсы болды яки мен өзим қәлемеппен, ойламаппан, адамлар турмыс қурып не қыласаң үйиң болса, балаң болса, жумысың болса болды емеспе деп айтты»-деп жуўап береди.

Күйеўи жоқ ҳаял журтқа қулақ салатуғын болса, журттың пикири менен жасайтуғын болса оның маңлайы қурып қалады. Себеби, шаңарағы жоқ ҳаял баладай болып қалады, жуўапкерсиз ҳәр кимниң гәпине ерип жүре беретуғын болып қалады. Күйеўи болмай жумыстың, пулдың изин қуўып кеткен ҳаяллар өзи кесел болады яки тапқан пулларының бәршеси балаларының кеселликлерине, машқалаларына кетеди. Перзентиниң бундай болып жасаўына тийкарғы себепши адамлар булар ата-аналар. Олар ата-ана сыпатында өз парызын атқармаған.
@psixolog_nukus


Ата-ананың бул өмирдеги тийкарғы парызы перзентлерин иширип- жедириў, оқытыў емес, ҳәттеки ҳайўанларда перзентлерин баға алады. Перзентлерди оқытқан менен олар шаңарақлы болмаса ата-ана өз парызын атқармаған болады. Ата-ананың тийкарғы парызы- улын уяға, қызын қыяға қондырыў. Яғный, улын өз шаңарағына жуўапкершиликли еркек қылыў, қызын узатып шаңарақлы ҳаял қылыў. Өзлери еркек+ҳаял бола алмай, ырыл-тырыл жасаған ата-аналар перзентлерин шаңарақлы қылыўда қатты қыйналады. Көбинесе бундай ата-аналардың перзентлериде ата-аналарына уқсап ырыл-тырыл шаңарақ қурады, ата-аналарға өзлериниң тәшўишлери аздай енди оған перзентлериниңде тәшўишлери қосылады.

Егер перзентиң жасы 26-27 ге шықсада шаңарақлы болыўды ойламаса, онда ата-ана қатты ойланыўы керек. Себеби, перзенти шаңарақ қурыў жасына келседе бойдақ болып жүре берсе, ўақыт өткен сайын оның басын екеў қылыў қыйын бола береди. 30 дан кейин оның басын екеў қылыў қыйынласады, 35-40 тан кейин қатты қыйын болады, көпшилиги жалғыз баслы, кесел адамға айланып қалады. Жалғыз баслы болып жасайтуғын адамлар түбинде кесел болады, көпшилиги 50 ден кейин инвалид болады, қартайғандағы өмири азап болады.

Соның ушын ата-аналар перзентлери 22-23 жасқа толғаннан баслап буны ойлап, атын қамшылап, перзентин шаңарақ қурыўға жақсылап үгитлеў керек, буған бийпәрўа болыўға болмайды. Перзентиниң турмысы келиспей ажырасқан болса, ата-ана перзентине қайта шаңарақ қурыўға узағы менен 3-4 жыл мүддет бериўи керек, ажырасқанлар 5 жылдан көп жүрип қалыўға болмайды. Бундай жағдайда оларда жалғызлық кеселллиги пайда болады, олар жалғыз баслы адам болып жасаўға үйренип қалады.

Буны билмейтуғын ата-аналар өзлери перзентлериниң тәғдирин бузады. Яғный, ажырасып келип отырған яки квартирада жасап атырған қызына қараса береди, материаллық жақтан жәрдем бере береди. Сол себепли бундай ата-ананың қызлары шаңарақлы болыўды ойламайды. Ата-ана ажырасқан перзентине қараспаўы керек, материаллық жақтан жәрдем бермеўи керек, сонда ғана қызында өз турмысына деген жуўапкершилик пайда болады, қайта турмыс қурыўды ойлайды. Айырым ата-аналар (туўысқанлар) ажырасқан қызына жай алып берип яки жай алыўына материаллық жақтан жәрдем берип қызының (туўысқанының) бир өмирге жалғыз баслы ҳаялға айланыўына себепши болады.


Ата-ананың бул өмирдеги тийкарғы парызы

Перзент бул өмирге ата-ана арқалы келгенликтен перзент тәрбиясына, саламатлығына, тәғдирине тийкарғы жуўапкершилик ата-ананың мойнында болады. Тилекке қарсы көпшилик ата-аналар перзент тәрбиясына, тәғдирине жуўапкершиликтиң не екенин билмейди. Себеби, өзлериде өз тәғдирине жуўапкершилик пенен қарамайды, өзлериниң машқалаларын шеше алмаған. Сонлықтан бундай ата-аналардың перзентлеринде ҳәр қыйлы машқалалар бола береди. Улыўма перзент тәрбиясына жуўапкершилиги жоқ ата-аналар перзентлериниң тәрбиясына болған жуўапкершиликти ата-әжелериниң, ата-енесиниң яки мектептиң мойнына жүклейди.

Бундай ата-аналар өзлери перзентлери тәрбиясы менен дурыслап шуғылланбай, перзентинде бир машқала болса мектепти яки ата-енесин айыплайды, «Солар мениң баламды үсийтип қойыпты, солар мениң баламның тәрбиясын бузды»- деп айтады. Сол себепли ўақыт өткен сайын бундай ата-аналардың перзентлери тәрбиясында, денсаўлығында машқалалары көбейе береди. Перзенти кесел болған соң олар шыпакерлерди, тәўиплерди айыплап баслайды, «Мениң баламды дурыслап емлей алмады, балама дурыслап диагноз қоя алмады»- деп, өзлериниң жуўапкерсиз ата-ана екенин мойынлағысы келмейди.

Бундай ата-аналар бул өмирдеги тийкарғы парызын атқара алмайды. Ата-ананың бул өмирдеги тийкарғы парызы перзентине дурыс тәрбия берип, улын еркек қылып, қызын ҳаял қылып тәрбиялап шаңарақлы адам қылыў. Перзентин шаңарақлы қыла алмаған, ер жетседе жалғызлықта жасап атырған перзентиниң басын екеў қылыўды ойламайтуғын яки буны келистире алмайтуғын ата-аналар бул өмирдеги тийкарғы парызын атқара алмаған болады.

Перзентиниң жалғызлығын көрип жасаў, перзентиниң шаңарақсыз жасағанын көриў ата-ана ушын үлкен бахытсызлық, бундай ата-аналардың қәлби азапланады, айырымлары перзентиниң басын екеў қыла алмай бул өмирден әрман менен, үлкен өкиниш пенен кетеди, өлими алдынан қәлби қатты азапланады. Ата-анасын ақлық сүйиў бахытынан, ақлық көриў қуўанышынан айырған перзентлерде бул өмирде перзентлик парызын атқармаған болады.




Гейбиреўлердиң әкелери балалары кишкене гезинен бәрқулла шет елде жумыс ислейди, балалар кишкенелигинен әкесиниң меҳирин алмай өседи. Гейбиреўлерде изли-изинен бала туўылып (арасы 1-2 жас), ата-ананың бар итибары үкесина қаратылып бала итибарсыз қалып қояды. Гейбиреўлерде бир баласы кесел болып ата-ана бәрқулла сол баласы менен әўере болып екинши баласы итибарсыз қалып қояды. Гейбиреўлерде ата-анада сол жарақат болғанлықтан баласына ҳәдден тысқары меҳир берип, баласын қатты еркелетип өсиреди. Сол себепли бундай балаларда қатты итибар талап болады, ер жеткен соңда әтирапындағылардың итибарын өзине қаратыў ушын түрли қылықларды, әдетлерди, машқалаларды ойлап табады, ҳәммениң көзи, қулағы, итибары оған қаратылған болыўы керек.

Бундай жарақаты бар адамларда қарамлық маскасы болады. Олар биреўлерге қарам, биреўге жертва болады, биреўлердиң пикири менен жасайды, өзиниң пикири болмайды. Себеби, оны жақыны таслап кетиўинен, жалғыз қалып қойыўдан, оны жақсы көрмей қалыўынан, итибардан шетте қалып қойыўдан қорқады. Бул маскадағы адамға бәрқулла жақынларының меҳири, итибары жетиспей атырғандай бола береди, жақынларынан айрылып қалыўдан, жақынларына бир нәрсе болып қалыўдан, өзи яки жақынлары кесел болып қалыўынан, өлип қалыўынан қатты қорқады. Бундай жарақаты бар ҳаяллар жалғыз қалып қойыўдан қорықанлықтан күйеўи қаншелли арақхор болсада, қаншелли оған азап берседе, таяқ жеседе шыдап, көнип жасай береди. Жарақат еркекте болса оның ҳаялы қай дәрежеде қақбас, көкбет болсада, күйеўине қандай қылықларды қылсада, не ислеседе, күйеўине азап берседе, аўзына келгенин айтсада, аўзына сийип-тышсада бәрине шыдап, көнип жасай береди.

Жертва болып жасайтуғынлардың бәршесинде усы жарақат болады. Егер адамда ата-анасына яки ата-енесине деген өкпе-гийнеси болса усы жарақаты бар дегени ҳәм ол өкпелеўди тоқтатпағанша бул жарақаты аўырласады. Сол себепли бундай адамлардың турмысы аўырласа береди. Тийкарғы себеби бундай адамларға меҳир-муҳаббат жетиспейди. Олар буны түсинбей ер жетседе муҳаббатты, итибарды, жәрдемди, қоллап-қуўатлаўды биреўлерден алғысы келеди. Бунда адам муҳаббатты өзине-өзи бериўди, өзин жақсы көриўди үйрениўи керек.
@psixolog_nukus


«Таслап кетилген бала»- қәлб жарақаты

Адамларда тийкарынан 5 түрли қәлб жарақатлары ҳәм сол жарақатлар менен байланыслы 5 түрли маскалар болады. Сол жарақатлардың ишинде ең аўыр түри бул- «Таслап кетилген, биреўге берип жиберген, меҳир жетиспеген, итибарсыз қалған бала»- қәлб жарақаты есапланады. Бул жарақат бала 3-4 жасына шекем пайда болады. Бунда балада жарақат аўыр формада болса 3-4 жасына шекем оның ата-анасының бири қайтыс болған болады яки ажырасқан болады. Яғный, бала ананың яки әкениң меҳирин алмай өседи, әкеси яки анасы оны ерте таслап кеткен болады. Гейбир жағдайларда баланы детдомға таслап кетеди, гейбир жағдайларда ата-анасы ажырасқан соң баланы ата-анасының яки ата-енесиниң, туўысқанының қолына таслап кетеди, гейбир жағдайларда баланы перзенти жоқ туўысқанына сақлап алыўға берип жиберген болса балада бул жарақат аўыр болады. Бундай балалар үлкейген соң ата-анасы оны таслап кеткенин яки биреўге берип жибергенин билген соң оларды кешире алмайды, әсиресе анасы таслап кетсе бала анасын кешире алмайды.

Гейбиреўлери бала гезинде ата-анасы ажырасып кеткен соң әкеси баласынан улыўма хабар алмаған болса, бала әкесин ҳеш көрмей өскен болсада бул жарақат аўыр болады, бундай балаларда әкесине өкпелеп оны кешире алмайды. Ата-анаға деген өкпе-гийнениң аўыр болыўы адамның тәғдирин бузады. Сонлықтан бундайлардың тәғдири аўыр болады, шаңарақлы болыўы қыйын болады, көпшилиги аўыр кеселликке шатылады, еркеклер арақхор болады, ҳаяллардың турмысы қатты аўыр болып жертва болып жасайды. Бул жарақат орташа аўыр дәрежеде болса балаға меҳир жетиспеген болады. Бундай балалардың ата-анасындада бул жарақат болады, ата-анасының турмысы қатты аўыр болады, күн-көрислери қыйын болады, олар ата-енелирине, қәйин апаларына, қәйин ағаларына, туўысқанларына қатты қарам болып яки баланың ата-анасы кесел болады, анасы яки әкеси аўыр кесел (руўхый кесел, арақхор, инвалид) болады. Мине сол себепли балаға ата-ананың меҳири жетиспейди, ата-анада перзентине меҳир беретуғын жағдайы болмайды, өзлериде турмыста қатты қыйналып жасайды. Балалығында ата-анасының турмысы аўыр болғанлардың ер жеткен соң олардыңда турмысы аўыр болыўының себеби усы жарақат пенен байланыслы.

Бул жарақат орташа дәрежеде болса балаға итибар жетиспей қалады. Бунда ана баласын 2 жасқа шықпай турып балалар бақшасына яки 1 жасқа шықпай турып енесине яки бағыўшыға таслап жумысқа шығып кетеди, анасы азаннан-қара кешке шекем жумыс ислейди. Балаға болса 3 жасқа шекем ананың меҳири керек, бала анасынан сол меҳирди алмағансоң бул жарақат пайда болады. Негизи бул жарақат баланың анасындада болады. Яғный, қәлб жарақатлары балаға ата-анадан өтеди, ата-аналар өзлериниң қәлб жарақатларын балаларына өткереди.



Показано 20 последних публикаций.