БАЛАМ ЖЕРТВА (МА)?
Телеграмдағы ата-аналар группасына бир оқыўшының анасы мектепте болған жағдайдың жасырын видеосын таслапты. Онда бир ўәлаяттың мектеп оқыўшыларының арасындағы «пул мәселеси» (мәжбүрий салық) үстинде бир баланың жәбиркеш ҳалаты адамда аяныш сезимин туўдырады. «Комментарии» бɵлиминде ата-аналар урып атырған баланы ғарғап, таяқ жеп турған балаға реҳими келип ҳәр ким ɵз пикирлерин билдирген. Мени қызықтырған тәрепи таяқ жеп атырған баланың ҳеш қандай қарсылық билдирмеўи болды. Ол қай жерине урсада, қанша урсада мушларды қабыллап тура береди. Бул жақсы жағдай емес. Яғный баланың руўхыятында жәбирлениўши (жертва) психологиясы қәлиплесип үлгерген. Буны қалай анықлаўға болады. Егер перзентиңизге қол кɵтерсеңиз онда 3 түрли реакция пайда болады. 1. Қорғаныў
2. Қашыў
3. Қабыллаў
Егер бала ɵзин қорғаў ушын қолын тутып қалса, буқшынса яки қашса бул норма жағдай. Ал, үндемей таяқ жеп тура берсе бул жертва екенлигиниң дәлийли. Әсиресе, балалығында ата-анасынан кɵп «таяқ жеп» ɵскен яки әкесинен қатты қорқатуғын балаларда гүзетиледи. Комментариядағы пикирлердиң ишинде мени қызықтырғаны бундай жағдай аўқам дәўиринен берли бар екен. Дәслеп армияда, соң жоқары оқыў орынларында, кейинги жыллары мектептеги жоқары класслар арасында кɵп ушырасып атыр. Негизинде урып атырған баланың ɵзи де жәбирлениўши. Себеби, үйинде тиран әке яки ана болса солардың жертвасына айланады. Ал, жертва адам басқа жерге барып ɵзинен әззилерге тиранлық қылады.