Бала психологиясы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Семья и дети


Бала (перзент) психологиясы, тәрбиясы, раўажланыўы, билими ҳәм басқа да балаларға тийисли пайдалы мағлыўматлар…

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Семья и дети
Статистика
Фильтр публикаций


❗️Перзентиңиздиң сүўретлерин Интернетке жайластырмаң!

👤Батыс қәнигелериниң пикиринше, “шерентинг” ҳәдийсеси, яғный ата-аналар өзлериниң перзентлериниң сүўретлерин ҳәм видеоларын Интернетке тез-тезден жайластырып барыўы балаларға үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.

▫️Бириншиден, оның қәўипли тәреплериниң бири балалардың фото яки видеолары келешекте олардың өзлерине қарсы қолланылыўы мүмкин.

Мысал ушын, перзентиңиз үлкейип сиясий лаўазымларға көтерилгенде оның күлкили фотолары яки видеолары күтилмегенде социаллық тармақларда пайда болып қалыўы мүмкин.

▫️Екиншиден, перзентлериңиздиң бахытлы ҳәм қуўанышлы демлери түсирилген сүўретдер жынаятшылардың итибарын тартыўы мүмкин.

▫️Үшиншиден, перзентлериңиздиң сүўретлери “урланып” жаман нийетли адамлар (педофиллар) ушын арналған каналларға жайластырылыўы мүмкин, бул болса оларды сондай адамлардың потенциал “жәбирлениўшисине” айландырыўы мүмкин.

▫️Төртиншиден, перзентлериңиз ҳаққындағы қосымша жеке мағлыўматлар алдаўшылар ушын жақсы “дузақ” ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

▫️Бесиншиден, бала балалығынан басқалардың итибарын қаратыў ушын сүўретке түсип үйренсе, келешекте ол бәрқулла басқалардың итибары ҳәм тән алыўына мүтәж болып өседи.

☝️Соны ядыңызда сақлаң, ҳәттеки жеке аккаунт (профил) де толық қәўипсиз емес, оны да бузып кириўге болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
☘️Балалардың епшиллигин ҳәм зийреклигин арттырыўшы үй шараятында ислеўге болатуғын ойынлар

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мына қыз китаптағы мәселени көрип, оны шешиўден көре китаптан қутылыўды мақул көрди. 😄

☝️Гейде мәселени қурамаластырмай, аңсат жолын табыўда балалар үлкенлерге жақсы өрнек болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


⚡️Баладағы қәбилетти жоғалтыўшы нәрселер ҳаққында билесиз бе?

1. Бетине урыў. Баланың бетине яки басына урыў мийдеги 300-400 клетканы өлтиреди екен. Басты сыйпаў болса мийде таза клеткаларды пайда етеди;

2. Электрон ойынлар социаллық интеллектти, сөзлик зийреклигин (сөз байлығын, тапқырлығын) жоқ етеди. Ҳәдден зыят итибар қаратылғанынан мийге қан қуйылыўына, мий клеткаларының ертерек набыт болыўына себепши болады. Жасы үлкейгенде онда шеберлик, тәжирийбе жетиспеўшилиги бақланыўы мүмкин;

3. Ананы оның баласының алдында ақыретлеў баланы қорқақ, уялшақ етип қояды, саламат пикирлеўи төменлейди. Себеби изертлеўлерге қарағанда бала қабилетин анасынан алады;

4. Баланың пикирлер үстинен күлиў, ол ислеген ислерин хошаметлемеў нәтийжесинде ондағы мотивация, умтылыў сезимлери төменлеп кетеди;

5. Бала менен турақлы сөйлесип, ҳал-аўҳалын сорамаў. Бала менен контакт есиклериниң жабық болыўы ондағы сөз байлығын, жәмийетке араласыў қәбилетин (адаптация) ҳәм зийреклигин төменлетип жибереди. Баланың гәпине әҳмийет бермеў, оны тыныш турыўға шақырыў, айырым жағдайларда оған улыўма итибар қаратпаў оның өзине исеними төменлеўине, ишиндеги гәплерин ҳәр дайым жасырып, анық мәселе бойынша пикир айтпайтуғын болып қалыўына алып келиўи мүмкин.

6. Суў ишиўге итибарсызлық. Айырым ата-аналар балаларының суў ишиўине итибар берместен, чай, газлы ишимлик ямаса басқа суйықлықларды ишиўи жеткиликли деп ойлайды. Бирақ, мийдиң 85% суўдан ибират болғаны ушын ҳеш бир суйықлық суўдың орнын баса алмайды. Соның ушын күн даўамында бала суў ишип турыў керек. Оқыўда сабақ ўақтында да ҳәр 45 минуттан 1 стакан суў ишип турыў баладаға қолайсызлықлардың (жөтел, түшкириў, стулды қыймылдатыў, столды ысырыў сыяқлы) алдын алыўға хызмет етеди.

7. Азанғы ҳалқасты жемегени бала ушын зыянлы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Изертлеўлерге қарағанда, халқасты жемейтуғын адамларда қандағы шекердиң муғдары төменлеп кетеди екен. Бул болса мий клеткаларына жетерли дәрежеде азықлық жетип бармаўына алып келеди ҳәм клеткалар бөлекленип кетеди.

8. Фаст-футларды илажы барынша балаға алып бермең, себеби олардың қурамында жасалма майлар ҳәм тәбийий емес элементлер бар болып, баланың раўажланыўына кери тәсир етеди. Соның ушын да фаст-сут Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен ең зыянлы аўқатлардың бири деп тән алынған.

9. Баланың қәбилетин ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алмастан оны қандайда таярлық курсларына яки дөгереклерге бериў күтилген нәтийжени бермейди;

10. Балаларға балалардай болып жасаўына имкан берместен, көп жуўапкершилик жүклеў ҳәм оқыўды қатты талап етиў керек емес. Жуўапкершиликли жумыслар ҳәм сабақларын таярлаў ушын белгили ўақыт ажыратып, қалған ўақтын өз қәлегендей етип өткериўге руқсат берген мақсетке муўапық. Сонда оларда креатив пикирлеў, ғәрезсиз шешим қабыл етиў қәбилетлери жақсы раўажланады.

11. Баланы биринши жазыўды үйренип атырғанда ҳәриплерди майдарақ етип жазыўға мәжбүрлемең. Себеби үлкен ҳәриплер менен жазыў балада өзине исеним ҳәм еркинликтиң белгиси болып есапланады. Егер жазыў майда болса, бул баланың өзине исеними ҳәм еркин пикирлеўиниң төменлигинен дәрек береди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


❓Нәрестениң иши неге желлеседи?

«1 айлық нәрестемниң иши желлесип кете береди. Соның ушын шығар, көп жылайды. 3-4 күнде зорға ҳәжет шығарады. Бул жағдайдан мен де, балам да қатты қыйналып кеттик. Маған не мәсләҳәт бересиз?»

— Бириншиден, баланы емизип болған соң кеминде ярым саат қарнын қарныңызға басып көтерип жүриң. Себеби, бала емип атырғанда оның мурнынан қарнына ҳаўа кирип қалады. Әне, сол ҳаўа шығып кетиўи ушын баланы вертикал ҳалатта көтериў шәрт. Оны емизип бола сала жатқызып қойыў надурыс.

Егер мине усы әпиўайы қағыйданы орынласаңыз, перзентиңиз сол заматта-ақ кекире баслайды, қарнына жыйналып қалған жел де дәрриў шығып кетеди. Аўырыў ҳәм шаншыўлар да жоғалады.

Баланың иши жүрмей атырғанына және неврологик машқалалар себепши болыўы мүмкин. Себеби, мийде қан айланыўы бузылса, бул өз гезегинде асқазан ҳәм ишеклерге тәсир қылады. Нәтийжеде нәрестениң иши жүрмейди. Ҳәм ол тынымсыз иш қаталаўына бейим болып қалыўы мүмкин.

Сонлықтан, егер зәрүрлик болса, баланы невропатолог көригине алып барыў мәсләҳәт етиледи. Қәниге оны зәрүр тексериўлерден өткизип, анық бир жуўмақты айтады.

Сондай-ақ, өзиңиздиң де жеў-ишиўиңизге шынтлап әҳмийет қаратыўыңыз шәрт. Себеби, бәршемизге мәлим, ана тутынатуғын ҳәр қандай азық, әлбетте, балаға тәсир етпестен қалмайды.

Және мына нәрсени айрықша айтып өтиўди қәлер едим: ананың иш қаталаўға бейимлилиги ўақты келип балада да қайталаныўы мүмкин. Демек, бул машқала өзиңизде де болса, оны сапластырыўға кирисиң. Балаңыз күшке толғанға дейин имканы барынша диета сақлаң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Балаларды чеснок жеўге үйретиң!

☝️Бул видео арқалы чесноктың қаншелли дәрежеде пайдалы екенлигин өз көзиңиз бенен көрип билип алыўыңыз мүмкин.

🧄Чеснок адам организминдеги ҳәр түрли паразитлерге қарсы гүресиўши ең жақсы тәбийий қурал.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


🧠Пайдалы лабиринтлер!

Балаңыздың өз бетинше қарар қабыл етиў қәбилетин раўажландырыўшы лабиринтлер.

Лабиринтлер және баланың көзлериниң қатар ҳәм бетлер бойлап әсте ҳәрекетлениўине жуўап бериўши көриў системасының моторлы функциясын раўажаландырады.

Яғный бала дистанциядан турып алжаспай қатар бойлап оқыўды хәм көз бенен “жүриўди” жақсы үйренеди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


❓Неге ҳәммме бойсыныўшы бала тәрбиялаўды қәлейди?

Көбинесе перзенттиң айтқанды қылмағаны ата-аналарға жақпайды, бойсынбағанына ашыўы келеди.

Бундай жағдайларда ата-аналар буның себеби не екенлигин, оларға қандай қатнас әҳмийетли екенлиги ҳаққында емес, ал тек ақыбетин ойлайды болғаны.

Соны билип қойың, бойсыныўшы баладан тек сиз емес, әтирапыңыздағы барлық адамлар пайдаланыўы мүмкин. Ҳәмме қарарларды оның орнына өзиңиз қабыл етеберсеңиз оннан тек сол қарарға бойсыныўдан басқа жолы қалмайды, еркин пикирлеў қәбилети жоғалады.

Балаға өзи қарар қабыл етиўине имкан бериң. Барлық нәрсениң, шеклеўлердиң де нормасы болғаны жақсы.

Балаңыздың Сизиң айтқаныңызды қылмағаны ол нени қәлеп турғанын, сол қәлеўине ериспекши болып атырғанын аңлатады.

Перзентиңиз бенен келисимге келиўге, оның характеринен келип шығып қатнаста болыўға әдетлениң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Қыңыр ҳәм өжет бала менен қалай ислесиў керек?

Балаға дурыс-надурыс, жақсы-жаманды түсиндириў ата-аналардың ең биринши ўазыйпасы есапланады. Ал, баланың урысқақ ҳәм өжет болып қалыўы ата-ана ушын машқалалы жағдай болыўы мүмкин.

Балалар агрессивлиги – ишки руўхый тынышсызлық, негатив сезим-туйғылар жыйындысы деп баҳаланады. Бундай балалар теңлеслери менен шығыса алмайды, олар менен тез-тез урысады, ойыншықларды бузып таслайды. Буның менен ол анасының ямаса басқалардың итибарын қаратажақ болады. Олар итибарды тартыў ушын биле тура әстен кийинеди, ойыншықларын жыйнастырмайды, жақсы сөйлемегениңизше гәпке кирмейди.

Өмиримизде жаман сезим-туйғыларды келтирип шығаратуғын, адамды мийримсиз, ашыўшақ, қанқызба етип қоятуғын жағдайлар көп ушырайды. Балалар болса әтираптағылардың кейпиятын тез илип алады. Сол себепли, ата-аналар перзентлери алдында жаман нәрселерди додаламаўы, өз-ара урыспаўы, апатлы ямаса қорқынышлы көрсетиў ҳәм фильмлерди көрмеўи тийис.

Перзентиңизде сондай минез-қулқты бақласаңыз айыпты тек өзиңизден излең. Бундай минез-қулқтың себеби: шаңарақтағы саламат емес орталық есапланады. Бул минез-қулқты дүзетиў ушын ең дәслеп шаңарақлық мүнәсибетлерди тәртипке салың.

Егер балаңыз қыңыр ҳәм урысқақ болса, төмендеги ойынлар жәрдеминде де оның минез-қулқын унамлы тәрепке өзгертиўиңиз мүмкин.

Шаңды қағамыз (4 жаслы бала ушын)
Ҳәр бир балаға биреўдан дастық бериледи. Балалар оны шаңын қағып атырғандай урыўы керек. Шынығыўдың пайдалы тәрепи сонда, бала өзиндеги жаман энергияны ҳәр бир соққы да, күш арқалы шығарып жибереди.

Минараны қулатыў (5 жаслы бала ушын)
Дастықлардан онша бәлент болмаған минара қурың. Ҳәр бир қатнасыўшының тийкарғы мақсети – бул минараға бар күши менен секириў, қуўанғанын бар даўысы менен билдириў. Дастықларды қулатып жибермеген ҳалда, минараны ийелеген қатнасыўшы жеңимпаз есапланады. Әлбетте, ҳәр бир қатнасыўшы жеңгенинде шийрин сөз бенен хошаметленеди.

Бул ойынлардағы тийкарғы мақсет баладағы агрессив ҳәм қыңыр кейпиятты күш ҳәм ҳәрекет пенен шығарып таслаўға итибар қаратылған. Егер перзентиңиздиң келешекте кәмил инсан болып ер жетиўин қәлесеңиз, оның ишки энергиясын унамлы пазыйлетлер қәлиплесиўине бағдарлаң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
😃Айырым аналар мына видеода өзлерин көретуғын шығар

П/С: Балаларыңызға гәплериңиз емес, көбирек күнделикли ис-ҳәрекетлериңиз сабақ болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️Балаларға мотивация бериўден тоқтамаң

Оқытыўшы оқыўшылардың келешекте кәсип ийеси болғандағы сүўретлерин көрсетип сабаққа қызығыўшылығын арттырып атыр.

Бул процесс балаларды келешекке анық мақсет қойыўға ҳәм усы мақсет ушын ҳәрекет етиўге мотивация береди.

Сиз де перзентлериңиз бенен келешектеги арзыў-нийетлери хаққында сәўбетлесип турың ҳәм мақсетлерине қарай түрли усыллар менен бағдарлап турың.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❓Балаңыз сабақ таярлауға еринип атырма?

☝️Онда мына видеоны перзентиңиз бенен бирге көриўди усыныс етемиз.

😊Оқыған озар оқымаған тозар - деген ата-бабадан қалған гәп бар деп түсиндирип қойсаңыз болады көрип болғаннан кейин.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️Қаҳарманлар...

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


⚠️Телефон баланың сөйлеў қәбилетине кери тәсир тийгизеди - илимий изертлеў нәтийжеси

Латын Америкасының 19 мәмлекетинде өткерилген изертлеўлер нәтийжесинде кишкенелердиң экранлардан (телевизор, компьютер, смартфон ҳәм басқа гаджетлер) пайдаланыўы тил көнликпелериниң раўажланыў көрсеткишлериниң төменлиги менен байланыслы екенлиги, ата-аналар менен китап оқыў болса тил көнликпелериниң жақсыланыўы менен байланыслы екенлиги анықланған.

Изертлеўшилер 2021-жылдың август ҳәм 2023-жылдың март аралығында 12-48 айлық 1878 нәрестениң мағлыўматларын таллады (PLOS One журналында жәрияланған).

Мағлыўматлар сораўлар арқалы жыйналған, оларда ата-аналар экраннан пайдаланыў, биргеликте китап оқыў, тил билиў көнликпелери ҳәм раўажланыў басқышлары ҳәм басқалар ҳаққында хабар берген.

Тексериў ўақтында экран ўақты ҳәм тил раўажланыўы арасындағы унамсыз байланыслар барлығы анықланды. Телевизор, компьютер, смартфон ҳәм басқа гаджетлерден пайдаланыў тил тығызлығының төменлиги ҳәм тилди меңгериўге ерисиў қыйын кешиў менен байланысқан. Керисинше, биргеликте китап оқыў тил билиў менен унамлы байланысады.

☝️Нәтийжелер телевизор, компьютер, смартфон ҳәм басқа гаджетлерден ҳәдден тыс пайдаланыў тилдиң ерте раўажланыўына унамсыз тәсир ететуғыны ҳаққындағы алдынғы изертлеўлерди тастыйықлайды.

❗️Педиатрия ҳәм гигиена усыныслары – еки жасқа шекемги балалар ушын экраннан пайдаланбаў ҳәм үлкен жастағы балалар ушын тек ғана шекленген, қадағалаў астында экранлардан пайдаланыў мүмкин.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Ҳақыйқый Ана перзентине алдын өзи үйретип кейин талап етеди

☝️Видеода сырттан әпиўайы көринген менен негизи жүдә әҳмийетли сабақлар.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
✅ “Әке” деп аталған бул қысқа метражлы мульфильм Оскар сыйлығына ылайық деп табылған.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


☝️Бала тәрбиясында жол қойылатуғын қәтелерден бири – бул оларды кеўлине тийетуғын сөзлер менен тәртипке шақырыў

Балалар қателескенде яки бир нәрсени бүлдирип қойғанда, оларға «ақмақ», «жаман бала», «сүмирек», «тупой» сыяқлы сөзлерден пайдаланыў дурыс емес. Себеби перзентиңиздиң өзи емес оның ҳәрекетлери қәте.

Бундай сөзлерди айтқанның орнына оған ҳәрекетлери қате екенин түсиндирген абзал.

Өйткени инсан қәтелер ислеў менен өмирлик тәжирийбе арттырады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


👁 Баланың салған сүўретлери оның ишки руўхыятын аңлатыўы ҳәм шаңарақтағы проблемаларды көрсетиўи мүмкин

Баланың руўҳыйлығын анализ қылыў ушын, әўели, оған сүўрет салыўы ушын реңли қәлемлер сатып алып бер. Қәлемлерди қай дәрежеде басып ислетиўине ямаса сызықлардың, белгилердиң көплигине, сондай-ақ үлкен-кишилигине қарап, оның ишки дүньясын, қыйнап атырған машқалаларын билип алыўыңа болады.

Балаңның сүўретлерин анализлегенде ондағы элементлерге (көз, ерин, бас, аяқ-қол ҳәм т.б.) дыққат пенен итибар бер.

КӨЗ – организмниң тийкарғы ағзаларынан бири. Перзентиң сүўретлеринде адамлардың көзлерин үлкен-үлкен етип сала берсе, демек, онда ишки дүньясында қорқыныш ҳәм тынышсызлық бар. Буны дер гезинде анықлап, оны панаҳыңа ал, қорға. Егер, ҳәрдайым тек ғана анасының, яғный сениң көзлериңди нәҳән етип сала берсе, демек, оның пикиринше, сениң өзиң жәрдемге мүтәж болып шығасаң. Күйеўиң менен болып өткен көп даў-жәнжеллерден нәрестениң санасында усындай образ дөреген екен.

ЕРИН – қаҳарманның кейпиятын аңлатыўда хызмет қылады. Бала әллеқандай кисини күлимсиреп турғанын сызған болса, — демек, оның кейпияты жоқары. Сүўреттеги адамның аўызы үлкен ямаса ерин шетиндеги сызықлары қалың болса, «перзентим биреўден дәкки жеген екен» деп түсин. Егер үлкен әжағасы баланы көп тергейберсе ҳәм қопал мүнәсибетте болса, оның сүўретин аўызсыз салып жибериўи мүмкин, өйткени бул орган дөретиўшилик процеси ўақтында оған жүдә жағымсыз түйилгенликтен, қалдырып кеткен болады.

БАС – ақыл белгиси. Балалар өз сүўретлеринде ақыллы деп санаған кисилериниң басларын денесинен үлкенирек етип салады.

ҚУЛАҚ – Көпшилик жағдайларда мектеп жасындағы балалар өз қаҳарманларын қулақсыз сызыўға, шаштың арасында қалдырып кетиўге әдетленген болады. Бундай «умытшақлыққа» онша кеўил аўдармаң. Бирақ, дыққат етиң, егер перзентиң шаңарақтағы ҳәммени де қулақ пенен, тек әжапасын қулақсыз сызған болса, онда «қызымды критиканы қабыл қыла алмайтуғынлардың топарына киргизген екен» деп билгейсең.

ҚОЛ – ушырасыў белгиси. Егер перзентиң сүўретиндеги қаҳарманларының қолларын бир-бирине усластырып, тарақ алдырып, бармақларын илиндирип салған болса, қуўана бериң — демек, балаң ҳәмме менен дослық мүнәсибетте болып атыр. Керисинше болса — қоллар бир-биринен алшақ турса — онда, имканы барынша себебин анықлап, жағдайды туўрылаўға ҳәрекет ет. Қоллар кишкене, келте ямаса жеңге ямаса қалтаға беркитилип сызылған болса, бул — әззиликтиң, босаңлықтың белгиси, яғный «ҳеш нәрсе қылалмайман, мениң қолымнан ҳештеңе келмейди» дегенди аңлатады. Көпшилик жағдайларда жатырқағыш балалар өзлериниң қолларын сондай етип салады.

Психологлардың анықлаўы бойынша, қоллардың жоқарыға көтерилген ҳалда салыныўы — жақсылық белгиси емес. Неге десеңиз — жәнжелди аңлатады. Өзлерин усындай позицияда салған балалар жулпыс, урныққыр келеди, басқалардың қорқыўын жүдә қәлейди.

АЯҚ – сүйениш белгиси. Сүўретте пол, жол, жер, гилем тирек орны болса, буны жақсылыққа жорыў керек. Егер бала өзин усындай буйымлар, мәкан үстинде турған қылып салса, демек, ол өз күшине исенеди екен.

Толық мағлыўмат

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Жақынларыңызды қаншелли көп айыпласаңыз, оларды жақсы көриўге соншелли аз ўақтыңыз қалады.

☝️Оларды барында барынша қабыллаң

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⚡️Әкеси балаларын қутқарып қалды.

Бундай жағдай сизлерде де жүз берген болыўы мүмкин.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi

Показано 20 последних публикаций.