Репост из: Joqarǵi keńes.uz
Кеўил билдириў
Усы жылдың 16-декабрь күни екинши Жәҳән урысы қатнасыўшысы, мийнет ветераны Галенко Иван Федотович дүньядан өтти.
Галенко Иван Федотович 1924-жылы 14-мартта Россия Федерациясы Новосибирская областында туўылған.
1941-жылы Төрткүл районы әскерий комиссарияты тәрепинен Бурынғы Аўқам армиясына хызметке шақырылып, әйне жиггитлик ўақтында урысқа атланған.
Украина фронты майданларында ғажжа-ғаж саўашта болған. Харьков қаласы ҳәм Дарницаны азат етиўде мәртлерше қатнасып, қаҳарманлықтың, ерликтиң үлгисин көрсете алған.
Жаўынгерлик шеберлиги менен урыс майданында жеңиске өз үлесин қосқан.
Урыс жылларында көрсеткен ерлиги ушын бир неше мәрте орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Мийнет ветераны, ержүрек жаўынгер 1945-жылда республикамызға қайтып келди. 1947-жылы Ташкент миллий хызмет көрсетиў техникумына оқыўға түсти. Мийнет жолын 1950-жылы Нөкис қаласында турмыслық хызмет көрсетиў сервисинде радиотелемастер болып ислеўден баслады ҳәм халық хожалығының бир қатар тараўларында аянбай мийнет етти.
Урыс ҳәм мийнет ветераны Галенко Иван Федотович жасларға ерликтиң тымсалы сыпатында үлги болды.
Халқымыз ержүрек жаўынгер ҳәм ардақлы нураный Галенко Иван Федотовичтың жарқын естелигин барқулла ядында сақлайды.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube