Taхтакөпир таңы газетасы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Новости и СМИ


Хызмет еткил удайына халық ушын!Тахтакөпир районының жәмийетлик-сиясий, әдебий газетасы @taxtakopir_tańı

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


Репост из: Joqarǵi keńes.uz
Әдиўли аналар, қәдирли ҳаял-қызлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил ҳаял-қызларды бәҳәр паслының туңғыш байрамы, өзинде гөззал сезимлерди, жақсы нийет ҳәм ийгиликли мақсетлерди жәмлеген әжайып әйям – 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Сизлер биз ушын ең дәслеп қәдирли ана, әзиз Ўатан, шаңарақ тымсалы, шеги жоқ меҳир ҳәм жақсылық дерегисиз.

Бәршеңизге мәлим, халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды бәрҳәма қәстерлеп келген.

Бул жоқары қəдирият бүгинги күнде де улығланып, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик - сиясий турмыста белсендилигин арттырыў – мәмлекетлик сиясаттыӊ баслы бағдарларынан бирине айланып үлгерген.

Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Сизлерди бүгинги бәҳәр байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әйямы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман!

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, қут-берекет, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

Ана-Ўатанымыз, халқымыз, ел-журтымыз, бəршемиздиң бахтымызға ҳəмийше аман болғайсызлар.

Ҳурматли оналар, қадрли хотин-қизлар!

Сизларни, сизлар орқали барча хотин-қизларни баҳор фаслининг биринчи байрами, ўзида гўзал туйғуларни, эзгу ният ва олижаноб мақсадларни мужассам этган ажойиб айём - 8 март - Халқаро хотин-қизлар байрами билан чин қалбимдан табриклайман.

Сизлар биз учун аввало қадрли она, азиз Ватан, оила тимсоли, чексиз меҳр ва эзгулик манбаидирсиз.

Барчангизга маълум, халқимиз азалдан гўзаллик тимсоли бўлган мўътабар оналар ва дилбар қизларга алоҳида ҳурмат кўрсатиб, уларни доимо эъзозлаб келган.

Бу юксак қадрият бугунги кунда ҳам улуғланиб, ҳурматли Президентимизнинг бошчилигида юртимизда хотин-қизларга ғамхўрлик кўрсатиш, уларни ҳар томонлама қўллаб-қувватлаш, ижтимоий-сиёсий ҳаётда фаоллигини ошириш - давлат сиёсатининг устувор йўналишларидан бирига айланиб улгурган.

Ҳурматли хотин-қизлар!

Сизларни бугунги баҳор байрами, яшариш ва янгиланиш айёми билан яна бир бор самимий табриклайман!

Сизларга мустаҳкам соғлиқ, хонадонларингизга омонлик, файзу барака, ишларингизда улкан зафарлар тилайман.

Она-Ватанимиз, халқимиз, эл-юртимиз, барчамизнинг бахтимизга доимо омон бўлинглар.


Аманбай Орынбаев
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси



Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Репост из: Joqarǵi keńes.uz
Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қосқан үлеслери ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўма инсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызларға:

«Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери,  Жоқарғы Кеңестиң «Ҳүрмет жарлығы», Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң «Мўътабар аёл» көкирек нышаны, Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.

Байрам салтанаты көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Шунингдек, юртимиз мустақиллигини мустаҳкамлаш, унинг ижтимоий-иқтисодий салоҳиятини юксалтиришга қўшган ҳиссалари ҳамда ёш авлодни Ватанга садоқат, умуминсоний қадриятлар руҳида тарбиялашдаги хизматлари учун бир гуруҳ хотин-қизларга:

«Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» кўкрак нишонлари, Жўқорғи Кенгеснинг "Фахрий ёрлиғи," Ўзбекистон Республикаси Оила ва хотин-қизлар қўмитасининг "Мўътабар аёл" кўкрак нишони, Вазирлар Кенгашининг "Фахрий ёрлиғи" топширилди.

Байрам тантанаси санъат ва маданият ходимлари ижросидаги концерт дастури билан давом этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Репост из: Joqarǵi keńes.uz
Бүгин Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде "8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни" мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтпекте.

Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Буннан соң, бир топар ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен:

Даулетова Гулистан Отемисовна – «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры»;

Ходжаниязова Зулхумор Ибрагимовна – «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаулықты сақлаў хызметкери ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Бугун Нукус шаҳридаги Оқ қуш мажмуасида "8 март - Халқаро хотин-қизлар куни" муносабати билан байрам тантанаси бўлиб ўтмоқда.

Унда дастлаб Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни байрам муносабати билан табриклади.

Бундан сўнг бир гуруҳ хотин-қизларни тақдирлаш маросими ўтказилди.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Президиуми қарори билан:

Даулетова Гулистан Отемисовна - «Қорақалпоғистон Республикаси халқ шоири»;

Ходжаниязова Зулхумор Ибрагимовна - «Қорақалпоғистон Республикасига хизмат кўрсатган соғлиқни сақлаш ходими» фахрий унвони билан тақдирланди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


🩺 Қайсы шыпакер нени емлейди?

— Шаш кеселликлери шыпакери – Трихолог
— Тери кеселликлери – Дерматолог
— Жүрек шыпакери – Кардиолог
— Көз шыпакери – Офталмолог
— Баўыр шыпакери – Гепатолог
— Нерв шыпакери – Невролог
— Асқазан шыпакери – гастроэнтеролог
— Сүйек жарақатлары шыпакери– Травматолог
— Геморрой шыпакери – Проктолог
— Буўын кеселликлери – Ревматолог
— Өспе кеселликлери шыпакери – Онколог
— Бүйрек шыпакери – Нефролог
— Тамақ, мурын, қулақ шыпакери – отоларинголог (ЛОР)
— Жынысый система шыпакери – Уролог, Гинеколог
— Дем алыў органлары шыпакери – Пульмонолог

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Үй бийкеси де ис стажына ийе болыўы мүмкинбе?

Халықты исбилерменлик жумысына және де тартыў ҳәм нызамлы мийнет искерлигин әмелге асырыў мақсетинде бүгинги күнде бәнт болмаған пуқараларға өзин-өзи бәнт еткен ҳалда  социаллық салық төлеў арқалы ис стажына ийе болыў имканияты жаратылған.

Бунда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл  8- июньдағы ПҚ-4742-санлы "Исбилерменлик хызмети ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарында өзин-өзи бәнт ететуғын шахслар ушын 103 хызмет түрлеринен бири менен шуғылланып,
социаллық салық төлеген ҳалда ис стажына ийе болыўы мүмкин.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Репост из: Joqarǵi keńes.uz
Ипотека кредити процент ставкалары төменлетилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-26-санлы Пәрманына муўапық, бирлемши базардан турақ жай сатып алыў ушын Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы тәрепинен мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қайта қаржыландырылатуғын ипотека кредитлериниң процент ставкалары түсирилди.

Ипотека кредитлериниң Процент ставкасы - Орайлық Банктиң тийкарғы ставкасы + 6% етип белгиленди (мағлыўмат орнында: 2024-жылы бул көрсеткиш +8% еди).

Мүддети - 20 жылға шекем.

Муғдары - 800 млн. сумға шекем Ташкент қаласы кесиминде, 500 млн. сумға шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар кесиминде.

Ипотека кредити фоиз ставкалари туширилди


Ўзбекистон Республикаси Президентининг ПФ-26-сонли Фармонига кўра бирламчи бозордан уй-жой сотиб олиш учун Ўзбекистон ипотекани қайта молиялаштириш компанияси томонидан давлат бюджети маблағлари ҳисобидан қайта молиялаштириладиган ипотека кредитларининг фоиз ставкалари туширилди.

Ипотека кредитларининг Фоиз ставкаси - Марказий Банк асосий ставкаси + 6% қилиб (маълумот ўрнида: 2024-йилда бу кўрсаткич +8% ни ташкил қилган эди) белгиланди.

Муддати - 20 йилгача

Миқдори - 800 млн. сўмгача Тошкент шаҳри кесимида, 500 млн. сўмгача Қорақалпоғистон Республикаси ва вилоятлар кесимида.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Және бир мәселе – мәмлекет хызметшилериниң дәраматын декларациялаўға байланыслы нызамды қабыл етиўдиң ўақты-сааты келгени атап өтилди. Бул бойынша  жәмәәтшилик пикири жүдә әҳмийетли екенлиги белгиленди.

Жуўапкерлерге тез пурсатта бул нызам жойбарын жәмийетшиликтиң додалаўына қойып, 1-апрельге шекем киргизиў тапсырылды.

Нызамсыз байлық арттырыў ушын жуўапкершилик мәселесин де ойлап көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Нызамшылыққа нызамсыз байлық арттырыў ҳаққында статья киргизиў усыныс етилди. Яғный, мәмлекетлик хызметкер декларациялаған дәраматына сәйкес келмейтуғын мүлкти қай жерден алғанын дәлиллеўи керек болады.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Шавкат Мирзиёев:

Кадрларды баҳалаўда ески үлгидеги “объективка”дан ўаз кешип, ең алдыңғы IT технологиялары тийкарында хызметкердиң қәнигелиги ҳәм потенциалы, ерискен нәтийжелерин баҳалайтуғын системаға өтиледи.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


❗️Лаўазымға қойыўда хызметкердиң қайсы жоқары оқыў орнын питкергени яки қай жерде ислегени емес, қандай билим-тәжирийбеге ийе екенлиги ҳәм көрсеткен нәтийжелери тийкарғы критерия болады. Бунда талабанның кемшиликлери менен бирге жақсы тәреплерин де қалыс түрде айтыў керек.

Буннан былай мәҳәлледе адамлар менен ислеген, олардың машқаласын өз көзи менен көрип,  шешимин тапқан жаслардың арасынан басшы кадрлар таңлап алыныў кереклиги айтылды.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


❗️Президент жумысқа қабыл етиўди ашық түрде өткериў, мәмлекет хызметшилери реестрин белгилеў, кадрлардың коррупцияға бейимлилигин үйрениў бойынша пәрман жойбарын киргизиў ўазыйпасын тапсырды.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Шавкат Мирзиёев:

"Прокуратура, ишки ислер, салық басшылары жақсылап еситип алсын: сектор жумысынан азат етиў бул– ески дәўирге қайтып, халық ҳәм исбилерменлерге ҳәр адымда тосық, коррупцияға шәраят жаратыў, дегенди аңлатпайды."

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


❗️Министр ҳәм ҳәкимлер лаўазымға қойылыўынан алдын коррупцияның алдын алыў бойынша анық режесин парламент ҳәм жергиликли кеңеслер алдында қорғайтуғын система енгизиледи.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Ендигиден былай секторлар жумысы менен прокурор, ишки ислер ҳәм салық шуғылланбайды.

Олардың орнына енди Бас министрдиң орынбасарлары өзине тийисли тараўлар менен өз күши ҳәм системасы менен шуғылланатуғыны   белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги пайытта прокурор, ишки ислер ҳәм салық басшылары секторды сылтаў етип, тараўындағы жумысларды пәсейттирип жибергенин сынға алды.

Мағлыўмат ушын: 8 жыл алдын аймақларды  комплекс раўажландырыў бойынша секторлар жумысы жолға қойылған еди.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Жаңа ишки ислер министрине ҳәр бир мәҳәлледеги профилактика орынларын бақлаў камерасы ҳәм ҳәр бир инспекторды «боди камера» менен тәмийинлеп, ҳуқықбузарлықларды дизимге алыў бойынша жаңа платформаны иске қосыў  тапсырылды.

Жынаятларды есапқа алыў системасын толық санластырыў ўазыйпасы қойылды.

Прокурорлар тергеў үстинен қадағалаўды төменлетип жибергени көрсетип өтилди. Соның ишинде, судлар тәрепинен 637 жынаят иси кемшиликлери ушын тергеўге қайтарылған.

Бас прокуратура тергеўдиң сапасын арттырыў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша және де қатты ислеўи керек екенлиги атап өтилди.

Бас прокуратура да, ишки ислер министрлиги де ояныўы, жаңаша ислеп, бир-бирин тыйып турыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


❗️Министрлер Кабинетине  системасындағы  коррупцияны билип-билмесликке алып жүрген  инспекция басшыларының жумысына баҳа берип, еки ҳәптеде коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша ҳәр бирине анық ўазыйпа  қойыў тапсырылды.

Ҳәр айда
бир инспекция жумысы сын көз қарастан көрип шығылады ҳәм олардан қатты талап етип барылады.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Тәжирийбе тәризинде 5 уйым: Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс, Суў хожалығы министрликлери, «Өзбекнефтгаз» ҳәм «Өзсуўтәмийнат»тың комплаенс қадағалаўы Антикоррупциялық агентликке өткериледи.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Бас министрге 117 министрлик ҳәм мәкемедеги «коррупцияға қарсы ишки қадағалаў» структураларының басшыларын жумыстан босатыў ҳәм олардың орнына ҳадал, пидайы ҳәм профессионал кадрлардан қойыў, олардың алдына анық ўазыйпаларды белгилеп бериў ўазыйпасы тапсырылды.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Президентимиз Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумысынан пүткиллей наразы екенин айтты.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Әйне пайытта  Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслар нәтийжелилиги ҳәм алдағы тийкарғы ўазыйпаларға арналған кеңейтилген мәжилиси болып өтпекте.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Тарийхқа_нәзер

Бизиң бүгинимиз ертең тарийх бетлерине айналып бара береди. Ҳәр жылдың өз нәпеси, өз тарийхы ҳәм өзине тән жаңалықлары бар. "Тарийхқа нәзер" рубрикамыз арқалы районымызда алдынғы жыллардағы жаңалықларды берип барыўды мақул көрдик.
Бул Қарақалпақстан Телеканалының "Хабар" бағдарламасы арқалы жәрияланған 8-март - Халық аралық ҳаял-қызлар байрамына арналған байрам репортажы 2022-жылғы көрсетиўинен алынды.


Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani

Показано 20 последних публикаций.