БОЛМАС ИЙЕСИ
Бүгин сен отырсаң ертең басқасы,
Ҳеш ким мәңги емес гәптиң қысқасы.
Беккем болсадағы ҳәтте тутқасы,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Болғанындай ҳәр кимниң өз заманы,
Дәўирдиңде болар жақсы жаманы.
Болсадағы кәсибиниң маманы,,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Шыққан шоққың қанша болса да бийик,
Минезиң болғаны жақсыдур ийик.
Әмел ҳәм өмирди қалсаңда сүйип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Аўылда туўылып қалаға келип,
Жүргенлер жоқ емес көкирек керип.
Өмирди қойған жоқ мәңгиге берип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Базылар турғанда дәўранды сүрип,
Жүреди өзгениң үстинен күлип.
Алыңлар өмирде бир затты билип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Ансатбай Каражанов
03.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Бүгин сен отырсаң ертең басқасы,
Ҳеш ким мәңги емес гәптиң қысқасы.
Беккем болсадағы ҳәтте тутқасы,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Болғанындай ҳәр кимниң өз заманы,
Дәўирдиңде болар жақсы жаманы.
Болсадағы кәсибиниң маманы,,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Шыққан шоққың қанша болса да бийик,
Минезиң болғаны жақсыдур ийик.
Әмел ҳәм өмирди қалсаңда сүйип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Аўылда туўылып қалаға келип,
Жүргенлер жоқ емес көкирек керип.
Өмирди қойған жоқ мәңгиге берип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Базылар турғанда дәўранды сүрип,
Жүреди өзгениң үстинен күлип.
Алыңлар өмирде бир затты билип,
Тахт пенен табыттың болмас ийеси.
Ансатбай Каражанов
03.11.2024
Жиззах
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai