Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Kitoblar


Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓

Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Жубатқым келди

Ансатбай Каражанов✍
Гулчехра Аблакимова🎙


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


Әкемниң айтып берген бир ўақысы есиме түсип усы қатарларды жазбақтаман.
Бир қалада өзине тоқ бай адам болған екен ол өзин ҳәммеден үстем көреди екен.
Ҳәттеки өзиниң мәпин мәмлекеттиң мәпиненде үстем көреди екен, мәмлекеттиң атын сатып барлық ислерди өзиниң мәпине жумсайды екен.
Бир күнлери оннан инсап кетип инсаптан журдай болыпты, "патшаның дәўлети қайтайын десе, өзиниң халқын танымайды" дегендей өзинен басқаны танымай қалыпты.
Солай етип нызамлыма нызамсызба ислерге араласып тек ғана дүнья мал жыйнаўға кирискен екен.
Күнлердиң күнинде басынан бахыт қусы ушып ийелеп отырған лаўазыманан түсип, кеселленип қалыпты, жыйнаған тергени ҳеш нәрсеге жәрдем бералмапты.
Бир күнлери ис қозғатылып еркинен айырыў жазасына судланып, жазаны өтеў орнында қаза қылыпты. Жыйнаған тергени артында қалып перзентлери ортасында жәнжел келип шығып үлкен шаңарақтан берекет қашып перзентлери бахытсыз өмир кеширипти.
Әкем дүнья малға өш болмаўды айтып азырақ аўысса қыйналған кисиге жәрдем қолын созыўды айтатуғын еди.
Әкемниң айтып бергенлерин ҳәзирде көзим менен көрип отырман, бәри ҳақыйқат екен.
КӨРДИМ

Дәўрәнди сүриўди мәңги деп ойлап,
Жүргенлерди көрдим бәрҳәма тойлап.
Инсан тәғдирин ойыншықтай ойнап,
Көрдим қалғанларды соңында шорлап.

Байлық дүнья малға тоймады көзи,
Дуйым журтты жаўлап алдылар өзи.
Ыссы шөрек былай турсын халыққа,
Ҳәттеки болмады бир жыллы сөзи.

Дурыс деп ойлады өзиниң исин.
Өзинен төменге қайрады тисин.
Халық мәпи ушын жумсамай күшти,
Өзиниң мәпине жумсады күшин.

Ўақыт сәти жетип аяғы тайды,
Ҳеш ким қолламады баяғы байды.
Қос-қосынан алып машина жайды,
Бирақта умытты, тәңир қудайды.

Жылатып жетимниң ҳақысын алды,
Наҳақ болсадағы ўайқаңды салды.
Бирақта буйырмай жыйған тергени,
Жыйнаған дүньясы артында қалды.

Ансатбай Каражанов
21.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ӨЛШЕЎ ТАСЫ

Адамзаттың ғаррысы бар, жасы бар,
Ҳәр бендениң өзине сай басы бар.
Бул гәпимди ядда сақлаң яранлар,
Өмирде ҳәр кимниң өлшеў тасы бар.

Жақсы дейди ҳәр ким өзи жақынын,
Алмасада әкесиниң ақылын.
Өлшеў тасын қәте қойсаң өмирде,
Қатын болып шығар айтқан батырың.

Базылардың ақылы бар басында,
Сонлықтан олардың салмағы басым.
Базылардың ағасы бар қасында,
Жеңил келсе аўыр басыўшы тасын.

Адам болалмайды ҳәммеге бирдей,
Кимге таза болса, кимгедур кирдей.
Дүзеў болса тәрезиси бендениң,
Жөнине жүреди, ийт киби үрмей.

Ҳәр ким өлшер екен қарысы менен,
Өлшеў керек ар ҳәм намысы менен.
Көлдиң өлшеў тасы не десеңизлер,
Балық ҳәмде қалың қамысы менен.

Ансатбай Каражанов
18.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Ҳәзирде көпшилик ҳаяллар ерлеринен гүманланып қәдемин қыйсық басып жүр деп жоқ жерден шаң шығарып "жыңғыл" десе "қырғын" деп өзлериниң пикирин жоқары санап турмысынан налый баслайды.
Ҳәр бир истиң соңында жақсылық жатады, адам қәте қылыўдан қорқпаў керек, сол қәтени дүзеталмаўдан, қайталаўдан қорқыў керек негизи, айыпсыз тек ғана бир Алла.


Жоғында билинер

Саған тийип не көрдим деп налынып,
Жүргенлер жоқ емес, қалар табылып,
Жоғында билинер ердиң қәдири,
Излеп табалмайсаң кейин жабылып.

Қыйсық қабырқадан жаралған нашар,
Гейде жолды жапса гей ўақта ашар.
Жоғында билинер ердиң қәдири,
Еркеги жоқ үйде берекет қашар.

Екеўиде қайтпай кетселер ҳәске,
Шаңарақ жығылып түседи пәске.
Жоғында биленер ердиң қәдири,
Болған жақсы болар өмирде әсте.

Бендениң нәписин тыймаса қудай,
Еркекке жабыса береди ылай.
Жоғында билинер ердиң қәдири,
Айыпламаң ерди буннанда былай.

Егер ериң болсын десеңлер жақсы,
Не деседе мақул деп айтқан яқшы.
Жоғында билинер ердиң қәдири.
Сөйлемең еркекке ҳеш қашан ашшы.

Ашшы гәпке ашшы гәплер жалғанып,
Даў жәнжелге кетиў мүмкин айланып.
Ер адамға яқшы десең болғаны,
Қалар өзи саған қатты байланып.

Ансатбай Каражанов
16.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АНАҢДАЙ


Ана бул дүньядағы ең садық ең қәдирли инсан болады екен, еркеликлериңди шоқлығыңды көтеретуғын бир ғана инсан бул Ана.
Өмирлик жолдасың күйдим, сүйдим дегени менен сениң еркелигиңди шоқлығыңды көтермейди.

Қәсте болса егерде жаның,
Дуўа қылар ата-анаңыз.
Балам дәртин маған бериң деп.
Сорайды тек туўған анаңыз.

Шыпа бер деп сораўы мүмкин,
Бир дастыққа бас қойған ярың.
Дәртин бер деп сорамас бирақ,
Сен исенген сүйикли ярың.

Жораңман деп бирге жүргенлер,
Сәл сүрниксең қашып кетеди.
Бул дүньяда анаң болғанға,
Айтың қәне нелер жетеди.

Ата-анаң ҳақыйқый достың,
Қалғанлары таслап кетеди.
Еслесем мен ата-анамды,
Көзлеримде жаслап кетеди.

Сүйикли яр болмас анаңдай,
Қәте қылсаң кетер жаманлай.
Ҳеш ким бола алмайды екен,
Сени туўған байғус анаңдай.

Ансатбай Каражанов
16.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

1k 0 20 9 18

ӨМИР ДЕГЕН

Өмир деген қайнап турған қазандай,
Қәдемиңди қәте бассаң күйесең.
Өмир деген кәрўан сарай, базардай,
Сатып алып қәлегенин кийесең.

Өмир деген мисли шексиз теңиздей,
Жүзалмасаң онда шөгип кетесең.
Өмир деген санақ саны сегиздей,
Жете алмай қуўыў менен өтесең.

Өмир деген бәйгидеги тулпардай,
Мақсетине қарай алға шабады.
Өмир деген көкте ушқан суңқардай,
Ҳәрекетин қылған бахыт табады.

Өмир деген гүўилдеген самалдай,
Көзди ашып жумғаныңша өтеди.
Өмир деген сулыў жүзли жанандай,
Жасамаққа қыздай ашық етеди.

Ансатбай Каражанов
14.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai

724 0 13 2 18

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
ЖЕЛБИРЕЙБЕР ӘЛ АСПАНДА БАЙРАҒЫМ.

Өскен шаңарағым, өскен шаңлағым,
Келешеги бийик ҳәмде парлағым,
Ғайры журттан аўыр сениң салмағың,
Желбирейбер әл аспанда байрағым.

Абат болды алыс жақын аймағым,
Дәстурханда қатық сүт ҳәм қаймағым,
Ўатан сениң қушағыңда шарладым,
Желбирейбер әл аспанда байрағым.

Тыныш болсын шаңарағым, шарбағым,
Мениң ушын жәннет шөл ҳәм қырғағым,
Aна Ўатан өзиң мениң ардағым,
Желбирейбер әл аспанда байрағым.

Бес қаланың бас қаласы Түрткүлим,
Сак массагет ата бабам түпкирим,
Желбиресин Ўатанымның байрағы,
Асырағайсаң бизди жаратқан Пирим.

Ансатбай Каражанов
архивтен

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 32 жыл толды

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы 1992-жыл 14-декабрьде «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенинде тастыйықланған.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағы аспан көк, тоқ сары ҳәм жасыл реңдеги үш горизонтал сызықтан ибарат туўры мүйешли формаға ийе. Тоқ сары сызық ақ ҳәм қызыл реңлердиң шегаралары менен ажыратылған.

http://t.me/Ansatbai


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


ЖАЛҒАН ДҮНЬЯ

Бүгинде жүргенлер тасып ҳәм толып,
Ертең қалыў мүмкин сарғайып солып.
Бес күннен ибарат бул жалған дүнья,
Жасаң ҳайўан емес, нақ адам болып.

Секирмең өмирде ҳеш қашан тойып,
Адамлық қәсийетин өзиңнен жойып.
Бес күннен ибарат бул жалған дүнья,
Жасаң жақсылықты биринши қойып.

Бенде билмес ертеңги күн боларын,
Көгериўин я болмаса соларын.
Бес күннен ибарат бул жалған дүнья,
Уйқыламаң болды енди ояның.

Жасамаң биреўге күйени жағып,
Өзгениң кеўилин шаяндай шағып.
Бес күннен ибарат бул жалған дүнья,
Жасаң қурып емес, дәрьядай ағып.

Жасамаң биреўди ҳасла қызғанып,
Жасаң бул өмирден мийримиң қанып.
Бес күннен ибарат бул жалған дүнья,
Жасаңлар ҳәмийше Алланы танып.

Ансатбай Каражанов
12.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

2k 0 17 4 19

ТУРМЫС ҲАҚЫЙҚАТЫ

Биреўди жаманлап келген кисиниң,
Дурыс деп гәпине исенебермең.
Айыпсыз адамды жоқ етемен деп,
Бийкардан бийкарға күшенебермең.

Жаман десе жақсыларды жақының,
Тексерип көр сынап оның ақылын.
Бир нақыл бар қарақалпақ халқында,
"Болмасы ел қатын дейди батырын".

Бул өмирде ҳәр бендениң тәғдири,
Жаратқан Алланың қолында болар.
Шайтанға қол берген бендениң түри,
Алла қәҳәринен жүзлери солар.

Ислетпеген адам басында мийин,
Өкинип жүреди өткеннен кейин.
Өсек сөз тасыўшы базы адамлар,
Тек ғана ойлады бүгинги күнин.

Жазықсыз қанатыў өзге мурынын,
Жақсы адамларға тән нәрсе емес.
Гәп тасып күн көрип жүрген адамнан,
Ҳеш қашан шықпайды төрели кеңес.

Дөҳмет етсең өзгеге жала жаўып,
Бир күни кетеди тәғдириң аўып.
Сен қылған қәтелер ушын перзентиң,
Отырғаны жаман қудайдан таўып.

Биреўдиң исенип айтқан гәпине,
Керек емес сөйлеў адам дәпине.
Жақсыларды жаман дейди базылар,
Түсинбеймен не пайда бар мәпине.

Турмыс ҳақыйқаты булардың бәри,
Ҳасыл адам болса жақсылық кәни.
Биреўди биреўге жаманлап айтқан,
Өсек, шуғыл сөзлер айт кимге дәри.


Ансатбай Каражанов
11.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai

1.2k 0 11 15 24

Өмир асаў дәрья ҳәм жүйрик тулпар,
Ҳеш ким еталмайды бул гәпти инкар.
Шексиз аспан кең жазықлы жердеде,
Алладан басқасы барлығы бийкар.

Ансатбай Каражанов
10.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ЕҢ АБЗАЛ НӘРСЕ

Жақсыға тән, тынық қыялды сүриў,
Жаманға тән әдет ийт киби үриў.
Мен ушын өмирде ең абзал нәрсе,
Бес күнлик өмирде Аллаҳты сүйиў.

Ең жаман әдет бул кеўилге тийиў,
Женеде өзгениң кийимин кийиў.
Мен ушын өмирде ең абзал нәрсе,
Дүньяда уллы деп Аллаҳты билиў.

Жақсы әдет қубла тәреп бас ийиў,
Кийимди тап-таза пәкизе кийиў.
Мен ушын өмирде ең абзал нәрсе,
Тилден емес дилден Аллаҳты сүйиў.

Жазықсыздың жаман табанын тилиў,
Өзгени мысқыллап үстинен күлиў.
Мен ушын өмирде ең абзал нәрсе,
Жаратқан Аллаҳты уллы деп билиў.

Кимлергедур абзал жақсы ат миниў,
Жақсы атты минип дәўранды сүриў.
Бирақта мен ушын бес күн жалғанда,
Абзалдур жаратқан Аллаҳты сүйиў.

Ансатбай Каражанов
10.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛ

Дурыс жүр, жолыңда қыйсаймай шетке,
Барғың келсе егер узаққа, көпке.
Жақсылық қыл өсип өнейин десең.
Сеннен бирде-биреў етпесин өкпе.

Жазықсыз ҳеш кимниң қонышын баспа,
Әмел тийди дейип ҳәддиңнен аспа.
Жақсылық қыл өсип өнейин десең,
Басыңды урмайын десеңлер тасқа.

Болсадағы кеўил аспаның ашық,
Болған жақсы болар аўыр ҳәм басық.
Жақсылық қыл өнип өсейин десең,
Жүрместен биреўдиң жарасын қасып.

Әўлие емеспен менде бендемен,
Мендеде болады базда алжасық.
Жақсылық қыл өнип өсейин десең,
Ҳәр кимниң жүрместен гәп сөзин тасып.

Бир гәпти айтайын алсаңлар уғып,
Жүрмеңлер тәңирге ҳеш қарсы шығып.
Жақсылық қыл өсип өнейин десең,
Уялып жүрместен басыңды буғып.

Ағарсын дегенлер үйимде кесем,
Жақсы иске қарай қәдем басасаң.
Жақсылық қыл өнип өсейин десең,
Өмирде бар болып тири жасасаң.

Жаздым қатар қылып  "Ҳақ"тан келгенди,
"Ҳақ"тан келген және көзим көргенди,
Жақсылық қыл өнип өсейин десең,
Аллаҳ қоллар жетимге қол бергенди.

Ансатбай Каражанов
09.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


АЛЛАҲТА

Қолды урсаң жақсы иске, саўапқа,
Ийт асылмас қаўып, тислеп балаққа.
Жығылмайсаң, сүрникпейсең ҳеш қашан,
Кеўлиң бәрҳә болса егер Аллаҳта.

Душпан атқан таслары ҳеш тиймейди,
Табыныңа ҳасла тикен кирмейди.
Ҳәтте саған қабаған ийт үрмейди,
Кеўлиң бәрҳа болса егер Аллаҳта

Кеселленип төсек тартып жатпайсаң,
Ертеңги күн гүна иске батпайсаң.
Алла ашқан жолды ҳасла жаппайсаң.
Кеўлиң бәрҳә болса егер Аллаҳта.

Ул-қызыңның рәҳәтин көресең,
Бул өмирде бәрҳә өсип өнесең.
Жаман емес жақсы болып өлесең.
Кеўлиң бәрҳә болса егер Аллаҳта.

Саған Аллаҳ бахыт жолын ашады,
Мәртебең де дәўлетиң де тасады.
Берекет ҳәм меҳир нурын шашады,
Кеўлиң бәрҳә болса егер Аллаҳта

Ансатбай Каражанов
08.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АЛЛАҲ НӘЗЕРИ

Налып силтемегил ҳеш қашан қолды,
Аллаҳ көрсетеди ең дурыс жолды.
Бир гәпти бәрҳәма ядыңда сақла,
Аллаҳ нәзеринен қалмасаң болды.

Бул өмир бес күнлик билгенге жалған,
Базылар ойлайды пайда деп алған,
Аллаҳым қәлесе байдың басына,
Кәмбағалдың күнин бир күнде салған.

Қолыңды силтеме қудайдан налып,
Ҳәр бир истиң соңында бир  қайыр бар.
Қойған жақсы болар қудайға салып,
Халық дәртин жырлаўшы бир шайыр бар.

Бүгинде турсада дәўранды сүрип,
Деми питсе қара жерге барады.
Аллаҳ нәзеринен қойсалар сүрип,
Билгил бала бар-жоғыңды алады.

Ўайран етсең инсан кеўил базарын,
Бир күн келип тартасаңлар азарын.
Аллаҳ нәзеринен қалмасам болды,
Мол-молақай еле мениң жазарым.

Ансатбай Каражанов
05.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АҚЫЛ ҲАҚҚЫНДА

Гей биреўлер жас минсе,
ес ақылы кетеди,
Болар болмас нәрсени,
ҳәптелеп сөз етеди.
Ҳәзир заман басқаша,
заман емес кешеги,
Не қылсаңда өмирде,
өсетуғын өседи.

Алла ашқан есикти,
жабыўға ҳеш қызықпа,
Жабыў ойы тек ғана,
болар екен бузықта.
Сөз берсеңлер қайнайды,
гөже киби бажыққа,
Не десеңде бәри-бир,
деп ойламаң ыржыққа.

Майда жигит бир гәптиң,
изинен ҳеш қалмайды,
Қыялпараз жигитти,
түрли қыял таўлайды.
Таза болса кеўиллер,
мисли гүлдей жайнайды,
Тарлық еткен ҳеш қашан,
узақларға бармайды.

Ал базылар жас болсада,
көп нәрсени биледи,
Ақыл сөзди бир айтыўдан,
қулағына иледи.
Ақыл мийўе ағашындай,
басын төмен ийеди,
Ақылы жоқ наданлар,
өзгелерге күледи.

Буның бәри ушырасар,
күнделикли турмыста,
Биреўлер шад, биреў қапа,
болар екен жумыста.
Ақылсыздың басы мегзес,
бос турған бир ыдысқа,
Ақыл деген қарамайды,
еркек ҳаял жынысқа.

Ансатбай Каражанов
04.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Әкемниң айтқан сөзлерин еслеп отырып усы қатарларды диздим.

Әкемниң ақыл сөзлери

Адам дәслеп дүзеў болса өзине,
Қулақ аспас өзге биреў сөзине.
Дәлили жоқ ғодирен гәп сөйлесе.
Билгил онда май питкени көзине.

Көп шәкиртлер ергенине изине,
Кеткен жаман өзин дана сезине.
Ҳақ адамды урып соғып қыйнасаң.
Ертеңги күн қыйын қараў жүзине.

Бий айып болады жалғыз тәңирим,
Бенделер орынлар ҳақтың әмирин.
Биреўди айыпсыз қыйнаған бенде,
Тартады бир күни келип жибирин.

Әкем айтар еди билген ақылын,
Бол балам өмирде әсте-ақырын.
"Ойнақлаған от басады" дер еди,
Умытпайман әкем айтқан нақылын.

Менде тентек болдым бала гезимде,
Берилдим ҳәр түрли қыял, сезимге.
Әкем айтып кеткен ақыл сөзлерди.
Балама айтаман бәрҳә өзимде.

Биреўлер дос болды, биреў тас атты,
Қудайға мың шүкир өмирим жақты.
Ертең кеширмейди бирақ тәңирим,
Көрип турып қара десеңлер ақты.

Әкем дана екен енди аңласам,
Бирде-бир гәпинен шықпады қәте.
Дуньяда данышпан ким десе айтың!
Асқар таў ардақлы әкеғой-Әке.

Ансатбай Каражанов
04.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai

853 0 14 5 21
20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.