Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Қәне, "Ахиднаманы" шығар, қол басып, мөр салмасам, ақшам тыныш уйқылай алмассаң.
Ошақта мазлаған бир дәсте қызыл жыңғылдың шаңараққа жақынлап қайтып турған сары жалынына Ерназардың бети қызарып:
- "Ағабий"де мен сени бийкарға қазы қылмағанман, - деди масайрап ҳәм асықпай қоржынынан сыя-саўыт пенен "ахиднаманы" шығарды.
Фазыл "ахиднаманы" оттың жақтысына тутып, ояқ-буяғына үңилип көрди де, бирден жалынға таслап жиберди.
Оған исенип аңсыз отырған Ерназар шап берип услағанша болмады, лаўлаған жалын қағазды шаңыраққа көтерип кетип, геўдиреген қап-қара күл қылып жерге түсирди.
Ерназар өзиниң не болғанын билмей мушы менен Фазылдың маңлайына қойып салғаны, ол түби ширик геллектей ушып, басы керегеге сақ етип қулады, үйдиң от жаққышы қорққанынан шыға қашты.
Фазыл сес шығармай еплеп ғана түргелип керегениң басына асыўлы мылтықты алайын деп атыр еди. Ерназар оны және урып жығып, биротала атып-әм таслаўға қолайласқанында, Фазылдың үлкен ҳаялы кирип қолын тутты:
- Сабырлылық сақла, Алакөз!
Ерназар жылдамлық пенен мылтығын ийнине асынып, есик бетте керегеге илдириўли арқанды алды да, Фазылдың аяқ-қолын шандып буўды ҳәм баладай қушақлап далаға алып шықты.
Шашларының арасынан қан тамшылап атырған Фазылдың бар күши тилине аўысты:
- Алакөз, мени ҳәзир таслап кетпесең, өкинесең.
Фазылдың басқа ҳаяллары, балалар жыйналып уў-шуў болысты. Ерназар ҳеш қайсысына қулақ аспай, Фазылды бөктергисине кесе таслады да, ерге секирип минип, аш қасқырдай, түн қараңғысын қақ айырып, атының жүўенин қақты.
- Алакөз надансаң! - деди Фазыл ыңқылдап киятырса да пикиринен қайтпай. - Мениң аяқ-қолымды байламастан бурын, өзиңниң аяқ-қолың жөнинде ойлаўың керек еди.
Ерназар жөнекей Генжемураттың үйине қайрылып, өзин далаға шақырып, болған ҳәдийсени қысқаша сыбырлай сала:
- Себебин айтпай, барлық бийлерди "Орысы дийўал"ға шақыр, - деди де кетти. Былайырақ шығып Фазылды жолда өлип қалар деген қәўип пенен аяқ-қолын босатып, қайтадан алдына өңгерди.
- Елин сүйген адамға өлим қәўипли емес, - деди Фазыл енди әдеўир-ақ өзине келип. - Сен арты ҳәм гүмилжи, ҳәм қараңғы ертеңди ойлайсаң. Халыққа бүгини керек. Мен бүгингиниң тәрепдарларыман.
Ерназар оның менен тиллеспей, ишқысталықта қойыўды мақсет еткен еди, шыдамады.
- Нағыз ел сүйер мәрт болсаң, айт, саған усылай етиўди ким тапсырды?
- Ўай надан, мениң ақылым өзиме жетеди. "Аға бий"де қазы сен емес едиң ғой.
Ерназар қайтып сөйлемеди. Иши түтиккен Фазыл ләмли көзлеринен от шатнатыўға урынып және гүбирленди:
- Мени емес өзиңди ая, Алакөз. Ертең ескертпедиң деме.
Ерназар үн қатпастан "Орыс дийўал"дың үстине Фазылды отырғызды да ҳәр шекесине жандыра-жандыра жуп шаппат урып түсирип, қапталындағы қалың шеңгеллик арасында өскен жуўан қуў тораңғылға қосып байлап таслады...
10.
Үстинен ел кетсе, жер сәнин жоғалтады, жеринен айырылса ел сәнин жоғалтады.
Ерназар алакөздиң не ушын "Орыс дийўал"дағы тасланды қосқа шақыртып атырғаны бийлерге әндийшели жумбақ болып, оны шешиўге бәри асығысты.
Қосқа қайтадан сән кирди. Гүздиң суўығына шыдамлы майса ажырық, мисли жердиң өзинен тоқылған палас сыяқланып, келгенлер ушын төсек болды, еплилери, паңлары ат жабыўларын алып жайып, өз ҳәмдамлары менен бөлек-бөлек отырысты.
Дийдилегенлери жыйналғаннан кейин Ерназар Генжемуратқа дастурхан жайдырып, айтажағын баслады.
- Қәдирдан бийлер, бәриңиз де "Ахиднама"ға қол бастыңыз, мөр салдыңыз. Бәрше ис елден жырағырақта болсын, деп усыкараға шақыртқаныма үзир. Енди хан сайлаўымыз керек!
Кими еркли, кими зорлық пенен "Ахиднама"ға мөр салып қол басқан бийлер сонша талаптың изи неге әкелгенине ҳайран қалысып, аўызлары аңырайды. Ҳәтте, қыбырласпады.
Базы бас қоспаларда кимге қанша пайда-зыяны нәмәлим, бирақ шешилиўи қыйын түйинлер ортаға түскенде, тап ҳәзиргидей болатуғын еди дағы, шалт минезли биреўдиң сөз табыўынан соң бәри тиришеленер еди. Бул сапары шалт минезли адам шығыў былай турсын, пүткил әлемде ҳәрекет тоқтап қалған тәризленди.
Ҳәр ким өз жақынына көз қыйығын таслап "пәленше хан болсын" деп өзиниң аты айтылыўын шыдамсызлық пенен күтти.
(Даўамы бар)
Канал:
t.me/BaxitliSaribaev25. 04