Қарақалпақстансыз жасай алмайман
Елин сүйген сүйер әлемди пүткил,
Ўатансызды шадлы демеклик мүшкил,
Тутады обалы туўылған жердиң,
Басқа мәканларды күсесе кеўил.
Инаяты, ҳүкми менен Алланың,
Туўылғанман биринде бес қаланың,
Тербелген кийели, алтын бесигим,
Мәңгиге сүйикли болып қалады.
Таңлап болмас ата-ана, Ўатанды,
Сөзсиз олар уллы, әзиз атанды,
Еслеп турсам руўхы шад боп бабамның,
Бахтыма тилеклес болып жатады.
Қушағыңда ғана пүтиндур бахтым,
Шексиз кеңликлериң жаныма жақын,
Көзим қыйса таслап кетиўге сени,
"Ўатаным" деп айтыўыма жоқ ҳақым.
Теңиздиң қурыўы бир сынақ шығар,
Халқым сабыр етип, көнлигер, шыдар,
"Ҳақ буйырса, қайта толады!" десип,
Жүреклерге үмит дәни шашылар.
Дыққатты аўдарып Қаратаў, Шылпық,
Тарийхтан сөйлейди неше мың жыллық,
Нийетлеп салынған ҳәр бир қорғанда,
Аңлайман барлығын үлкен бир шынлық.
Муқаддес саналар суў ишкен қудық,
Өлгенимше сыйлап етемен қуллық,
Қатарға қосылып сениң арқаңда,
Ҳадал хызмет ушын беллерди буўдық.
Көринбес жип пенен байландым саған,
Ҳәргиз оны ҳеш ким шеше алмаған,
Маған дүньядағы ең үлкен бахыт,
Сүйикли перзентиң болып жасаған.
Әмиўдәрья - шөл басыўшы суўсыным,
Ардақлайды бар инамын усынып,
Сүйикли ўатаным - Қарақалпақстан,
Талпынар уясы кеўил қусымның.
Әдиўли халқымның арын арлайман,
Жүректеги сап ышқымды арнайман,
Сүймеў гүна болар туўылған жерди,
Қарақалпақстансыз жасай алмайман!
14-сентябрь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev