Камал Мәмбетов
Имтихан
Повесть
Пахта терим басланғанда курортқа кеткен бригадирдей, имтихан ўақтында өзин шетке алатуғын муғаллимниң маған кереги жоқ.
Енди сөз қайтарыў мүмкин емес еди, соның ушын да:
- Яқшы, - дегеннен басқа аўзыма сөз келмей қалды.
- Бул басқа гәп, - деди Шамурат Әбдимуратович. - Бирақ та, - деди ол узақ ойланып. - Имтихан ушын ең баслы мәселе - ҳүждан. Заводлар жарамсыз затлар шығарыўы мүмкиндағы, бирақ та бизлер жарамсыз адамлар шығарыўға ҳасла ҳақымыз жоқ. Себеби, жарамсыз заттың өзин билимсиз адам шығарады. Сол жерин тереңирек ойлаңлар. Егер биз бир ғана жарамсыз адам шығарсақ, ол келешекте отыз баланың билимсиз өсиўине себепши болады. Қулласы, устазлар тәрбиялаўда қандай адамлардың зәрүр екенлигин өзлериңиз билесиз.
Бизлер кабинеттен шыққанымызда ректордың қабыллаў бөлмеси өзлери экзамен алыўға тилек билдирип, кандидатурасы өтпей қалған муғаллимлер менен лыққа толы еди. Ректор бир өзимди айырып шақырғанынан-ақ, экзаменатордың ең үлкени усы екен деп уғып қалған базы биреўлери ҳәрредей ғаўлап изимнен ере шықты. Әсиресе, "физвос"та ислейтуғын, мени шалама-шекке таныйтуғын бир муғаллим:
- Пай, достым, өзиңниң болғаныңды айтсаң-ә, - деп, тап жумысы усы жерде питетуғындай ғарқылдап күле береди.
- Бери кел, Қәдиримбет аға, - деди ол қалпағын қолына алып, салманың бойында отырған бир кисини шақырып.
- Жумысың тап усы жигиттен питеди. Өзи де өл деген жорамыз. Пай, жақсы болды-аў, деди ол мени қыяметлик жорасы сыпатында тәрийплеп.
Мен болсам ректор шығып қалып "қойды қасқырға тапсырған екенбиз" деп ойлап қала ма деп жаным шығып баратыр. Ол жигиттиң пәрўайы пәлек. "Ресторанға барамыз ба?" Үйге барамыз ба?" деп дарқылдаўы зор.
Қалпақлы киси болса нағыз аңқылдаған аўыл адамы екен.
- Танысқанымыздың алды болсын, иним, - деп әлпайым сәлемлести.
Сер салып қарасам, таныслаў муғаллим азмаз ишип алған ба, билмеймен.
- Ҳаў, қорқпа деймен. Жақын жорамыз болады, - деп дарқылдап күле береди, болғаны. Ол кеўлинде бир қупия сөзи бар адамға усап, мени қолтықлап, шетиректеги тереклердиң саясына алып келди.
- Үйде бағып қойған қозы бар, жора. Шашлик пенен қалайсаң? Бизиң коньяк қуйып писирген шашликлерден еле дәм татып көргениң жоқ. Аўзыңа салғаннан ерип кете береди.
- Рахмет! - дедим мен, - өзим шашлик болыўға сәл қалып турман.
Ол мениң жуўабымнан қапа болыңқырап, бир майдан үнсиз қалды. Соңынан кетип баратырғанымды сезип:
- Ҳаў, тоқта! Бизлер де талай мәртебе экзамен алғанбыз. Өйтип мурныңды аспанға көтере берме.
Мен оған қаттырақ бир сөз айтпақшы болдым да, бирақ, арақ ишип алғанын сезгеннен кейин үндемедим.
Соның арасынша екинши муғаллим билегимнен сүйреп алып кетти.
- Ең қәдирдан дослар да бирин-бири умытар екен-дә, - деди ол жүдә сөзиниң андазасын келистирген болып.
- Ал, мынаў қурдасыңның сиңлиси, - деди ол кишкене ғана шөжедей бир қызды нусқап. - Усы быйыл оқыўға кире алмай қалса аўҳал шатақ!
Мен ол сүйсингендей тужырымлы бир пикир айта алмадым. Аўзыма келген сөз сол:
- Буны имтихан шешеди. Билими терең болса, әлбетте, киреди.
Қулласы, тап РесПОның складшысы болып тайынланғандай, адамлар адым жерде тоқтата берип үйге зордан жеттим.
Үйге де жасы тәўираққа барған бир кемпир қыдырып келип отырған екен. Мойнымнан қушақлап алып, қәне жиберсе.
- Қутлымурат ағам қандай еди-аў. Соннан қалған жалғыз туяқсаң, - деп бир егил-тегил жылайды дейсең. Кеўлим қатты бузылып кетти.
Бул отыз жылдан бери көрмей, қатнаса алмай жүрген ағамның немере апалары екен. Быйыл ақлығы оныншы классты питкерип оқыўға алып келипти.
Келиншегим қулағыма әстен сыбырлады.
- Қоңсымыз Жумамурат аға шақырып кетти.
- Мен бүгиннен баслап ҳеш кимниң үйине бармайман, - дедим ашыўланып. - Имтихан алатуғын болдым.
- Ҳаў, есиң дурыс па? - деди ол маған ҳайран болып. - Былтыр қайтыс болған Шыныгүл шешемниң жылына айтып келди.
2
Имтихан аламан деп басыма көп бәлелерди арттырып алдым. Ертеңине таң азан менен қәтерешилердиң қоңыраўлары оятты. Олардың көпшилиги мени онша көп танымайтуғын адамлар болып, жақыннан танысып алыў ушын ҳәр жаққа мирәт ете баслады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 09