Қарыйдарларымыздың саны күн сайын артып атыр..
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында терини қайта ислеў менен шуғылланыўшы 15 тен аслам кәрхана бар болып, солардың бири Нөкис қаласы “Туран” МПЖ да жумыс алып барыўшы “AFK CHARM NUKUS” шаңарақлық кәрханасы есапланады. Кәрхана директоры, Саўда-санаат палатасының белсенди ағзасы – Азатбай Бекимбетов 2018-жылдан баслап өз искерлигин баслаған.
― Дәслеп, аяқ кийимди оңлаў устаханасын ашып, искерлигимизди басладық. Бүгинги күнде былғары(кожа)дан ер адамлардың аяқ кийимлерин таярлаў менен де шуғылланып атырмыз. Сапалы былғары материалларын Ташкент қаласы, Әндижан ўәлаятларынан алып келип, өз қаржыларымыз есабынан алған 2 арнаўлы тигиў машинасы жәрдеминде сапалы етик, геўиш-мәси, крассовка ҳәм басқа да ер адамлар ушын арнаўлы аяқ кийимлерди таярлап келмектемиз – дейди кәрхана ис басқарыўшысы П.Бекимбетов.
Толық оқыў
🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.
Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber