QR SSP Business News


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.
Мүрәжәәт ушын телефонлар;
☎️ +998(61) 222-15-02
☎️ +998(61) 222-05-95
☎️ +998(61) 222-00-58

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Онлайн

Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында "Made in Uzbekistan" атамасында саўда ярмаркасы болып өтпекте.


🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


Otpannews.kz dan repost
Ақтауда Өзбекстан өнімдерінің жәрмеңкесі өтеді

Ақтауда 22-25 желтоқсан аралығында Өзбекстан өнімдерінің жәрмеңкесі өтеді.

otpannews.kz


#Онлайн

Саўда ярмаркасында Қарақалпақстанлы исбилерменлер де белсене қатнасып атыр

Алдын хабар бергенимиздей, Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында “Саўда үйи” ниң ашылыўы мүнәсибети менен усы жылдың 22-25-декабрь күнлери аралығында болып өтиўи режелестирилген "Made in Uzbekistan" атамасында саўда ярмаркасы бүгин өз жумысын баслады.

Ең әҳмийетлиси илажда аўыл хожалығы, санаат, өнерментшилик ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып барыўшы Қарақалпақстанлы исбилерменлер де өз өнимлери менен белсене қатнасып атыр.

Аз пурсатларда саўда ярмаркасы бойынша қосымша мағлыўматлар берип барамыз.


🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Нөкис қаласы орайында орнатылған Жаңа жыл шыршасы жанында "Жаңа жыл" концерт бағдарламалары ҳәм тамашалары басланды

Нукус шаҳри марказида ўрнатилган Янги йил арчаси ёнида "Янги йил" концерт дастурлари ва томошалари бошланди



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Исбилерменлер бизнес сапар шеңберинде Манғыстаўға жол алды

Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы тийкарында “Саўда үйи” ниң ашылыўы мүнәсибети менен усы жылдың 22-25-декабрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында “Made in Uzbekistan” миллий саўда-ярмаркасы болып өтиўи режелестирилген еди.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков басшылығында саўда ярмаркасына қатнасыўшы исбилерменлер делегациясы Қазақстан Республикасы Ақтаў қаласына бизнес сапарға жол алды.


🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


Qaraqalpaqstan xabar agentligi dan repost
Устахана әсте-ақырын кәрханаға айланбақта

Солардың бири Нөкис қаласындағы Туран мәкан пуқаралар жыйынында жумыс ислеп турған “AFK CHARM NUKUS” шаңарақлық кәрханасы есапланады. Бул кәрхананың директоры, Саўда-санаат палатасының белсенди ағзасы – Азатбай Бекимбетов 2018-жылдан баслап өз жумысын баслаған.


👉 Толық оқыў - https://kknews.uz/224189.html

📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|


Президент раислигида видеоселектор йиғилиши ва тадбиркорлар билан мулоқот бошланди.

Кенг кўламли ислоҳотларимизнинг илк кунларидан бошлаб мен бир фикрни доим таъкидлаб келаман: тадбиркорликни ривожлантириш – биз учун стратегик вазифа. Бизнинг таянчимиз ҳам, суянчимиз ҳам, энг катта кучимиз ҳам шу соҳада мужассам.

Шу боис тадбиркорларни қўллаб-қувватлаш марказдан тортиб энг қуйи бўғингача – барча раҳбарларнинг кундалик иши бўлиши шарт
”,

- деди давлатимиз раҳбари сўзининг аввалида.

Айниқса, жойларда ҳокимлар ҳар бир тадбиркор билан кўпроқ мулоқот қилиб, корхоналарга бориб, уларни дарди билан яшаши кераклиги кўрсатиб ўтилди.

Тадбиркорларни қўллаб-қувватлаш бўйича жамоатчилик кенгаши аъзолари давлат ва тадбиркорлар ўртасида кўприк бўлиб, аниқ таклифларни ўртага қўйиб келаётгани алоҳида таъкидланди. Натижада жорий йилнинг ўзида тадбиркорлар фаолияти учун ғоят муҳим аҳамиятга эга бўлган 5 та қонун, 101 та фармон ва қарорлар қабул қилинди.

Президентимиз кенгаш аъзоларига, улар орқали бутун ишбилармонлар ҳамжамиятига ана шундай фаоллик учун чуқур миннатдорлик изҳор этди.

Президенттиң басшылығында видеоселектор мәжилиси ҳәм исбилерменлер менен сөйлесиў басланды.

"Кең көлемли реформаларымыздың
дәслепки күнлеринен баслап мен бир пикирди бәрқулла атап өтемен: исбилерменликти раўажландырыў - биз ушын стратегиялық ўазыйпа. Бизиң таянышымыз да, сүйенишимиз де, ең үлкен күшимиз де усы тараўда
жәмленген.

Соның ушын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайдан баслап ең төменги буўынға шекем - барлық басшылардың күнделикли жумысы болыўы шәрт,"

- деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында.

Әсиресе, орынларда ҳәкимлер ҳәр бир исбилермен менен көбирек сөйлесип, кәрханаларға барып, олардың дәрти менен жасаўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеңес ағзалары мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасында көпир болып, анық усынысларды ортаға қойып киятырғаны айрықша атап өтилди. Нәтийжеде, усы жылдың өзинде исбилерменлердиң жумысы ушын оғада әҳмийетли болған 5 нызам, 101 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди.

Президентимиз кеңес ағзаларына, олар арқалы пүткил исбилерменлер жәмиетшилигине мине усындай белсендилиги ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Facebook|Instagram|X


Prezident matbuot kotibi | Sherzod Asadov dan repost
Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида тадбиркорликни ҳар томонлама қўллаб-қувватлаш бўйича жорий йил якунлари ва 2025 йилга асосий режалар юзасидан видеоселектор йиғилиши ҳамда етакчи тадбиркорлар билан мулоқот бошланади.

Скоро под председательством Президента Шавката Мирзиёева начнется видеоселекторное совещание по итогам проделанной в текущем году работы и основным планам на 2025 год по всемерной поддержке предпринимательства, а также диалог с ведущими предпринимателями.

Facebook|Instagram|X


Қарыйдарларымыздың саны күн сайын артып атыр..


Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында терини қайта ислеў менен шуғылланыўшы 15 тен аслам кәрхана бар болып, солардың бири Нөкис қаласы “Туран” МПЖ да жумыс алып барыўшы “AFK CHARM NUKUS” шаңарақлық кәрханасы есапланады. Кәрхана директоры, Саўда-санаат палатасының белсенди ағзасы – Азатбай Бекимбетов 2018-жылдан баслап өз искерлигин баслаған.

― Дәслеп, аяқ кийимди оңлаў устаханасын ашып, искерлигимизди басладық. Бүгинги күнде былғары(кожа)дан ер адамлардың аяқ кийимлерин таярлаў менен де шуғылланып атырмыз. Сапалы былғары материалларын Ташкент қаласы, Әндижан ўәлаятларынан алып келип, өз қаржыларымыз есабынан алған 2 арнаўлы тигиў машинасы жәрдеминде сапалы етик, геўиш-мәси, крассовка ҳәм басқа да ер адамлар ушын арнаўлы аяқ кийимлерди таярлап келмектемиз – дейди кәрхана ис басқарыўшысы П.Бекимбетов.

Толық оқыў

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


❗️ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ ФЕРМЕРЛЕР ДЫҚҚАТЫНА!

Алдын хабар бергенимиздей, Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы тийкарында Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында “Саўда үйи” шөлкемлестирилди.

“Саўда үйи” ниң ашылыўы мүнәсибети менен усы жылдың 22-25-декабрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында “Made in Uzbekistan” миллий саўда-ярмаркасы болып өтетуғынлығын хабарлаймыз!

Саўда-ярмаркасына қала ҳәм районларда жумыс алып барыўшы барлық исбилерменлер ҳәм фермерлер өзлери жетистирген азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери, сондай-ақ кәрханаларында ислеп шығарылған ѳнимлери менен белсене қатнасыўы мүмкин.

❗️ Ең әҳмийетлиси, илажда қатнасыўшы исбилерменлер ҳәм фермерлер жолаўшы ҳәм жүк тасыўшы транспортлар менен бийпул тәмийинленеди.

Саўда-ярмаркасына қатнасыўды қәлеўшилер төмендеги телефонларға қоңыраў етип байланысыўын сораймыз:

☎️ +998 (90) 701-05-06
☎️ +998 (61) 222-15-02

Қосымша мағлыўмат: Саўда-санаат Палатасының қоллап-қуўатлаўы тийкарында Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында Қарақалпақстанлы исбилермен Б.Юлдашев тәрепинен “SSP Uz Kaz” ЖШЖ ти шөлкемлестирилди. Сонлықтан, Манғыстаў областына өним экспорт етиўди қәлеўши исбилермен ҳәм фермерлер төмендеги телефонға қоңыраў етип байланысыўын сораймыз:

☎️ +998 (90) 727-39-75 (Шахзод Каримов)

🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: https://t.me/QR_Chamber


❗️ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ РЕСПУБЛИКАМЫЗ ТУРҒЫНЛАРЫ!

Усы жылдың 25-декабрь күни саат 16-00 де Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен "Жаңа жыл қайырқомлық аукционы" шөлкемлестирилетуғынлығын хабарлаймыз!

Аукционды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет - Нөкис қаласындағы «Мириўбет» үй-интернатының тәрбияланыўшылары болған имкәнияты шекленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.


Аукционнан  жыйналған  қаржылар имкәнияты шекленген ҳаял-кызларды қоллап-қуўатлаў, оларды жәмийетке масластырыў, қәбилийетлерин жүзеге шығарыў ҳәм жәмийеттеги белсендилигин арттырыў мақсетинде "Мириўбет" үй-интернаты есап-бетине өткериледи.

📆 Сәне: 25.12.2024

Ўақты: 16-00

📍 Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов көшеси, номерсиз жай.

Байланыс ушын телефон:

☎️  +998 (61) 222-15-02

Келиң, жаңа жыл қарсаңында меҳирге мүтәж инсанлардың кеўиллерине нур бағышлайық!


🏢 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

https://t.me/QR_Chamber

11 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.