ƟСПИРИМЛЕРДИҢ РЕАКЦИЯСЫ
Балада ɵспиримлик (12-18 жас) дәўиринде ҳәр қыйлы реакциялар пайда болады.
1. Эмансипация реакциясы. Бунда ɵспирим бала ɵзин үлкен адам сыпатында сезип баслайды. Сол себепли ол ата-анасынан, муғаллимлерден, жасы үлкенлерден бийғәрез болғысы келеди, ɵзлигинше болыўды қәлейди. Бирақ ол еле жас болғанлықтан кɵп нәрселерди қәте қабыллаўы, надурыс түсиниўи мүмкин. Егер ата-ана ҳәм жасы үлкенлер тәрепинен ɵспиримге басым ɵткерилсе, оның менен дурыслап сɵйлеспесе, тыңламаса, түсинбесе, бақыра берсе, қәтесин айта берсе, қатты қадағаласа, «сен еле баласаң» деп оның ҳәрекетлерин, пикирлерин бийкарлай берсе балада оппозиция реакциясы пайда болады.
2. Оппозиция реакциясы. Бунда ɵспирим бала ата-анасы, муғаллимлер, жасы үлкенлерге қарсылық кɵрсетеди, урысады, қырсығады, бир нәрсе айтсаң керисинше ислейди, ашыўшақ, тɵбелескиш болып кетеди, үйден қашып кетеди, кɵп қаңғырады, үйге жүдә кеш келеди, ҳәр түрли жумысларды сылтаўлап үйден қашады. Бунда бала биринши гезекте ата-анасына қарсыласады, қырсығады. Себеби ата-ананың ɵзлеринде машқала бар ҳәм ата-ана балаға негатив мүнәсибетте болады.
3. Группаласыў реакциясы. Бунда ɵспиримлердиң бир нешеўи қосылып топар пайда етеди. Бундай топарлар кɵбинесе қараўсыз ɵскен балаларда (ата-анасы шет елде яки азанлы кеш жумыста баласының не ислеп жүргенин билмейди) ушырасады. Олар биргеликте спиртли ишимликлер ишиў, қаңғырыў, тɵбелесиў сыяқлы зыянлы әдетлерге ɵш болады. Бүгинги күнде ɵспиримлер ҳәм жаслар 1хбет деген ойынға берилип кетип, кɵп пул уттырып қарыз алып, урлық ислеп, биреўдиң атынан кредит алып, биреўлердиң пластиклериндеги пулларын шешип алыў сыяқлы ислерге қол урып атыр.