Өспиримлер курсы


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Өспиримлер курсына арналған каналымызға хош келипсиз
Тренер: Мусатдинова Сәрбиназ
Байланыс ушын телефон: 33 717-07-87

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


УЯДА НЕ КƟРСЕҢ…

- егер балалар критика еситип өссе, олар өсек айтыўды үйренеди,
- егер балалар жәнжеллесиўди көрип өссе, олар жәнжеллесиўди үйренеди,
- егер балалар қорқытып тәрбияланса, олар ҳәмме нәрседен қорқатуғын болады,
- егер балалар әширеплеп өсирилсе, олар иләнәзик болып өседи,
- егер балалар қызғаншақлықты көрип өссе, оларда қызғаншақ болады,
- егер балалар уялтырыла берсе, өзлерин айыплаў сезими менен өседи,
- егер балалар қоллап-қуўатланса, өзлерине исеним менен өседи,
- егер балалар мийнети ушын мақтап турылса, олар өз қәдирин билетуғын болады,
- егер балалар мухаббат орталығында өссе, олар өмирди сүйетуғын болады,
- егер балалар қәдирленсе, оларда өмирлик мақсети қәлиплеседи,
- егер балаларға бөлисиў үйретилсе, олар сақый болады,
- егер балалар ҳаддаллық орталығында өссе, олар ҳақыйқатты билетуғын болады,
- егер балалар бахытлы шаңарақта өссе, олар бахытлы инсанлар болып жетилиседи.


ПЕРЗЕНТИМ КИМДИ ТЫҢЛАЙДЫ?

Балалардың еки қулағыда тесик, бүгин айтқан гәпиңди ертең умытып кетеди. Көпшилик шаңарақларда перзентлер анасының айтқанын қылмайды. Буның себеби неде? Ким көп сөйлесе гәпиниң қәдири болмайды, аз ҳәм саз сөйлегенниң гәпи қәдирли. Егер балаларыңызға тез-тезден бир гәпти қайталай берсеңиз не болады? Қәлеген адамға бир сөзди қайталай берсеңиз оны бийзар қыласыз. Адамның әдетлери ҳәр күни механикалық ҳалда қайталана береди. Бул әдетти өзгертиў ушын не ислесек болады? Буны есиңизде сақлаў ушын, қайта-қайта оқың, жазып қойың. «Мен балама бир сөз айтыўдан алдын, қысқа ўақыт паўза сақлап гәпимди жақсылап ойлап аламан». Адамның ҳәр бир сөзи, сезими энергетикалық күшке ийе. Сонлықтан айтылажақ сөзиңизди ақылыңызда жақсылап писирип, унамлы сезим менен перзентиңизге айтсаңыз, оған унамлы тәсир еткен боласыз.




ТӘРБИЯДА ПЕРЗЕНТЛЕР САНЫ

Перзент тәрбиясында балалар саны үлкен әҳмийетке ийе. Бир бала болса, оның тәрбиясы аўыр болады. Ата-ана жалғыз перзентке қатты байланып қалады- қорқады, қайғырады, уўайымлайды, еркелетеди, әширеплейди. Сол себепли жалғыз перзенттиң ата-анасынан сепарация болыўы, раўажланыўы қыйын болады, эгоист болып ɵседи. Егер жалғыз перзент жалғыз ананың яки әжениң қолында ɵссе онда психологиялық машқалалар болады, шаңарақлы болыўы қатты қыйын болады. Жалғыз перзентли ата-аналардың ɵзлериде эгоист болады, кɵпшилиги ата-анасынан сепарация болмаған, мамасының баласы яки мамасының қызы яки ата-анасы менен қатнасықта машқаласы кɵп адамлар болады.

Еки бала болса тәрбиясы сәл аңсатлаў болады. Егер биреўи ул, биреўи қыз болса оларда туўысқаны менен бɵлисиў болмағанлықтан тәрбиясы аўырлаў болып, эгоист болып ɵседи. Мен жеке практикамда 2 перзентли ерли-зайыплылардың ɵз-ара мүнәсибетинде машқаласы кɵп екенин, ɵзлериде эгоист, бахытсыз, турмысы аўыр болғанлықтан 2 перзент пенен шекленип қалғанын ҳәм олда аздай екеўиде перзентлерине қатты байланып, перзентлерин ɵзлеринен сепарация қылмағанын кɵп кɵремен. Сонлықтан еки перзентли ата-аналардың перзентлериниң шаңарақ қура алмаўы яки ажырасыўы кɵп ушырасады.

Үш бала болса перзент тәрбиясы аңсат болады. Балалар туўысқаны менен бɵлисиўди (ата-ана меҳирин, үй-жумысларын, кийимлерин, ойыншықларын) үйренеди, эгоист болмай ɵседи. Ул баланың қыз туўысқаны болса, әсиресе қарындасы болса ол ҳаял адамға мийримли болып ɵседи. Қыз баланың әжағасы болса ол ер адамды ҳүрмет етиўди үйренип ɵседи. Балалар саны тɵртеў ҳәм оннан кɵп болса, олар ɵз-ара бир-бирин тәрбиялап ɵседи. Шаңарақта бала саны кɵп болғанлықтан олар кɵп нәрселерди бɵлисиўди, бир-бирине жәрдем бериў, қарасыў, қоллап-қуўатлаўды үйренеди. Ата-аналарымыз кɵп туўысқан болып ɵскенликтен олардың өз-ара қарым-қатнасығы жақсы.




АТА-АНАЛАР ПЕРЗЕНТИНЕ «НЕ» ДЕЙДИ…

Психологлардың пикиринше ата-ана тәрепинен айтылған ҳәр бир надурыс сɵз баланың психологиясына тәсир етеди. Мәселен,
«Мен сениң жасыңда сеннен кɵре жақсы оқыйтын едим!». Баласы ушын ата-ана бул дүньяда ҳәмме нәрсени билетуғын, қолынан ҳәммеси келетуғын Қудай дәрежесинде деп ойлайды. Жоқарыдағы сɵзди баласы «Сен ҳеш қашан мендей бола алмайсаң, қәйтсеңде меннен тɵмен боласаң» деп қабыллайды. Бундай сɵзди кɵп еситкен бала ɵзин кɵрсетиўге ҳәрекет етеди бирақ, кɵп қәтелерге жол қояды. Себеби, сана астында блок бар.
«Бундай қыла берсең сени жақсы кɵрмей қаламан!»
Буның басқа варианты «Жақсы бала болсаң ғана сени жақсы кɵремен». Бундай сɵзлерди кɵп еситкен бала ɵзиниң қәлеўлеринен ўаз кешип тек ата-анасына жақсы болып кɵриниў ушын жасап баслайды. Үлкейгеннен кейин баскаларға да жақсы болып кɵриниў ушын ҳәмме нәрсеге таяр болады.
«Үйге барғансын кɵресең!» Бул баланы қорқытыўдың ең қолайлы түри. Бундай сɵзди кɵп еситкен бала келешегинен қорқып жасайды. Оған қандайда бир қәўип дɵнип тургандай қәўетерлене береди. Үлкейип жумыс ислесе жумысқа барыўдан, баслығынан гәп еситиўден қорқып жүреди.
«Кɵрдиңбе достың сабақтан 5 алған, ал, сен болса 3!»
Перзентин басқа бала менен салыстырыў кɵпшилик ата-аналарда бар жағдай. Бул баланың қәлбин жарақатлаўдың ең кең тарқалған усылы. Бул балада қызғаныш сезимин оятады ҳәм енди ол достысын ɵзине қарсылас деп есаплайды.
«Сен нағыз әкеңниң ɵзи болыпсаң!»
Бундай сɵзди ɵмирлик жолдасы менен келисе алмай жүрген аналар кɵп айтады. Яғный, күйеўине тиккелей айта алмаған сɵзлерин баласын мысал етип жеткереди. Мәселен, «Сенде әкеңе кусап ериншек, жатып ишер болдың». Бундай сɵзлерди есите берген бала ата-анасының тек унамсыз тәреплеринен қуралғандай ɵзин қолайсыз сезип баслайды.
Сол ушында перзентлеримизге «не» деп атырғанымызға итибарлы болған мақул.




«ЕГЕР ОҚЫМАСАҢ…»

Ɵспиримлер курсы қатнасыўшыларының дерлик кɵпшилиги мектепте муғаллимлер тәрепинен «Егер оқымасаң ертең базарда ташки айдайсаң, пол жуўып жүресең…»,-деген болжаўларын еситип шаршағанын айтады. Негизинде биз билетуғын дүнья тән алған табыслы инсанлардың дерлик кɵпшилиги жоқары мағлаўматқа ийе емес. Мысалы,
Билл Гейтс 2-курсында Гарвард университетинен қуўылған.
Стив Джобс колледжди 6 айдан кейин таслап кеткен.
Уолт Дисней мектепти де тамамламаған.
Генри Форд 16 жасында мектептен қуўылған.
Джим Керри 16 жасында оқыўды қойған. Бундай мысалларды кɵплеп келтириўге болады. Бул инсанлар не нәрсени қәлейтуғынлығын ҳәм неге қызығатуғынлығын жүдә жақсы билген.
Буның менен жоқары мағлыўматлы болыў шәрт емес дегени емес. Айырым кәсиплерде жоқары мағлыўматлы болыў әҳмийетли. Мәселен шыпакер, педагог болыў ушын әлбетте оқыў керек. Ɵспирим дәўиринен баслап неге қызығатуғынын анықлаған мақул. Ол ушын ҳәр тараўдың қәнигесине шәкирт түсип бир емес бир неше ɵнерди ислеп кɵриў керек. Пәнлерден таярлықларға қатнаў менен шекленип қалмай усташылық, темиршилик, аспазлық, тигиншилик, машын оңлаў сыяқлы кәсип-кәрге араласыў арқалы ɵзиниң қызығыўшылығына карай бағдарласа келешекте ɵз жолын таўып кетиўине жәрдем береди.
Жоқары мағлыўмат дегени бул билимли дегенди аңлатпайды. Сол ушында «мағлыўмат» делинген билим емес. Ал айырымлар жоқары мағлыўматлы болмасада жетерли билимге ийе.




БҮГИННИҢ БАЛАЛАРЫ…

Бүгинги балалар әрман етиўди билмейди. Негизинде бала қәншелли кɵп әрман еткен сайын келешегине исеними артып барады, тезирек үлкейиўди қәлейди. Балалығында әрманы болған баланың үлкейгенде мақсети болады.
Бүгинги балалар кɵп ўақытын телефон ойынларына жибереди. Ондағы қаҳарманларды ɵзлерине кумир қылып алады ҳәм сондай болыўға ҳәрекет етеди. Негизинде ул балаға еркек сыпатында биринши Әкеси «авторитет» болыўы керек. Екинши орында атасы, үшинши орында ер муғаллим яки тренери. Бул үш инсан менен «тил табыса алмаған», уйғынлы мүнәсибет орнатпаған бала қаҳарманды сырттан излейди.
Бүгинги балалар кɵбирек ярым таяр аўқатлар ҳәм салқын ишимликлерге қарам. Бул үйде ыссы аўқаттың жоқлығынан емес, ата-ананың яки ɵзлериниң ериншеклигинен.
Бүгинги балалар ашыўшақ ҳәм невроз. Бул үйде ата-ана менен мүнәсибетте машқала барлығының айқын кɵриниси. Егер ɵспиримлер тез ашыўлана берсе яки ɵзиниң ҳақ екенлигин дәлиллеўге урына берсе, демек, оны ата-анасы «үлкен адам» сыпатында еле тән алмаған.
Бүгинги балаларға не жетиспейди?. Материаллық жақтан тәмийинленген. Мектеп билимлендириўи бийпул, муғаллимлер жетерли. Спорттың қәлеген түрине яки музыкаға қатнайман десе имканият бар. Қызығыўшылығына қарай тил үйрениўге яки қәлеген пәнинен таярлық бар.
Бүгинниң балалары китап оқыўды қәлемейди. Ҳәзирги ўақытта мектеп сабақлығы ҳәм кɵркем әдебият бойынша дерлик машқала жоқ.
Негизинде бүгинниң балаларына ҳәмме имканият ҳәм шараят бар. Тек қәлеў ҳәм ҳәрекет етиў керек.




ПЕРЗЕНТЛЕР БИЗИҢ АЙНАМЫЗ

Көпшилик ата-аналар перзентлериниң минез-қулқындағы, өзин услап тутыўындағы ҳәм айтып атырған сөзлериндеги айырым кемшиликлерди қабыл ете алмайды. Негизинде болса олар бизиң айнамыз, ишимизде бар нәрсени көрсетеди. Өзиң шеше алмаған турмыслық машқалаларыңды перзентлериңде көресең, оларда сениң қылған қәтелериңди қайталап жасайды. Балалығыңда ата-анаңның аўыр турмысын көрип "мениң менен ондай болмайды" деп ойлаған болсаң ҳәзир турмысыңды дыққат пенен үйренип шық. Олардың машқалалары, жиберген қәтелери дерлик сенде де бар тек формасы басқа. Буны келешекте перзентлериң тәкирарлаўын қәлемесең өз үстиңде ислеп оларды шешиўди үйрениўге болады. Бүгинги күнде буның имканы бар. Келешекте перзентлериң сеннен көре бахытлы жасаўын қәлесең данышпанлар айтқандай "Перзентлериңе аз қаржы, көп ўақыт ажырат"қан мақул. Аўқам дәўиринде ата-аналар перзентлерин бала бақшаларда өсирген әўладлар ҳәзир ата-ана. Оларда ата-анасының қәтесин қайталап перзентлерин бақшаға бергенше асығады. Бул қәтени қайталаўдан басқа не...




ƟСПИРИМЛЕРДИҢ РЕАКЦИЯСЫ

Балада ɵспиримлик (12-18 жас) дәўиринде ҳәр қыйлы реакциялар пайда болады.
1. Эмансипация реакциясы. Бунда ɵспирим бала ɵзин үлкен адам сыпатында сезип баслайды. Сол себепли ол ата-анасынан, муғаллимлерден, жасы үлкенлерден бийғәрез болғысы келеди, ɵзлигинше болыўды қәлейди. Бирақ ол еле жас болғанлықтан кɵп нәрселерди қәте қабыллаўы, надурыс түсиниўи мүмкин. Егер ата-ана ҳәм жасы үлкенлер тәрепинен ɵспиримге басым ɵткерилсе, оның менен дурыслап сɵйлеспесе, тыңламаса, түсинбесе, бақыра берсе, қәтесин айта берсе, қатты қадағаласа, «сен еле баласаң» деп оның ҳәрекетлерин, пикирлерин бийкарлай берсе балада оппозиция реакциясы пайда болады.
2. Оппозиция реакциясы. Бунда ɵспирим бала ата-анасы, муғаллимлер, жасы үлкенлерге қарсылық кɵрсетеди, урысады, қырсығады, бир нәрсе айтсаң керисинше ислейди, ашыўшақ, тɵбелескиш болып кетеди, үйден қашып кетеди, кɵп қаңғырады, үйге жүдә кеш келеди, ҳәр түрли жумысларды сылтаўлап үйден қашады. Бунда бала биринши гезекте ата-анасына қарсыласады, қырсығады. Себеби ата-ананың ɵзлеринде машқала бар ҳәм ата-ана балаға негатив мүнәсибетте болады.
3. Группаласыў реакциясы. Бунда ɵспиримлердиң бир нешеўи қосылып топар пайда етеди. Бундай топарлар кɵбинесе қараўсыз ɵскен балаларда (ата-анасы шет елде яки азанлы кеш жумыста баласының не ислеп жүргенин билмейди) ушырасады. Олар биргеликте спиртли ишимликлер ишиў, қаңғырыў, тɵбелесиў сыяқлы зыянлы әдетлерге ɵш болады. Бүгинги күнде ɵспиримлер ҳәм жаслар 1хбет деген ойынға берилип кетип, кɵп пул уттырып қарыз алып, урлық ислеп, биреўдиң атынан кредит алып, биреўлердиң пластиклериндеги пулларын шешип алыў сыяқлы ислерге қол урып атыр.




Перзент тәрбиясы бойынша бул ɵмирде тийкарғы бир нызам бар. Ата-бабаларымыз ɵмирди үйренип, бул нызамды нақыл-мақаллар арқалы кейинги әўладқа руўхый мийрас сыпатында қалдырған.
- әкеге қарап ул ɵсер,
- анаға қарап қыз ɵсер,
- анасын кɵрип қызын ал,
- алдыңғы арба қайдан жүрсе, кейинге арба изинен жүреди,
- алма- алма теректиң астына түседи,
- не ексең, соны орасаң,
- қус уяда кɵргенин қылады,
Негизи кимди тәрбиялаў керек?


ҚОРҚЫТЫП ТӘРБИЯЛАЎ

Жеке әмелиятымда оқыўға қызықпайтуғын балалар, өспиримлер ҳәм институтқа кире алмай жүрген жаслар менен сәўбетлескенимде олардың ата-аналары қорқытып тәрбиялағаны мәлим болады. Көпшилик ата-аналар «оқымасаң ертең күниңди көре алмайсаң, бала шағаңды ким бағады, көшеде ташки айдап жүресең» сыяқлы пикирлери менен балаға тәсир өткизиўди ойлайды. Бундай гәплерди еситкен баланың ишинде қорқыў пайда болады. Қорқыў баланың қызығыўшылығын, мотивациясын сөндиреди. Негизи ата-ананың өзинде перзентиниң келешегинен қорқыў сезими бар. Ата-ана перзентке ақыл-нәсият айтқанда оны қорқытыў шәрт емес. Бундай усыл менен оған жәрдем бериў қыйын. Буның ушын дәслеп өзиңиздиң қорқыўыңызды түсинип, оны исенимге айландырың. Усындай жағдайларда перзентиңизди позитив (исеним, қоллап-қуўатлаў, түсиниў, сөйлесиў) пикирлериңиз бенен тәрбиялаған боласыз.




ƟСПИРИМЛЕРДЕГИ ҚЫРСЫҚЛЫҚ

Кɵпшилик ата-аналар жоқары класста оқыйтуғын перзентлерин «айтқанымды тыңламайды», «бир зат айтсам қырсығады» деп шағым етеди. Бул ɵз ɵзинен емес әлбетте. Бул ҳәрекети арқалы перзентиңиз сизге не демекши екенлигин бир ойлап кɵриң. Ол бала ўақтында ɵзиниң мүтәжликлерин жылаў арқалы билдиреди. Бала жылап атырса қарны аш болады, уйқысы келеди яки басқа себебин билиўге урынасыз. Ɵспирим дәўирге келип ɵзиниң мүтәжликлери болмай атырса айырым ɵспиримлер жайына қамалып алады, айырымлары тоңқылдайды (әсиресе қызлар) ал, айырымлары қырсығады. Бундай жағдай ҳәр бир ɵспиримниң темпераменти менен байланыслы. Егер перзентиңиз айтқаныңызды қылмай қырсығып атырса итибардың жетиспеўшилиги, қәлеўлерин айтыўға қорқыў, оның не қәлеп атырғанын түсинбеў, денсаўлығында машқала, жүдә қаттықоллық яки оның қәлеўлерин шеклеў болыўы мүмкин. Айырым жағдайларда жасына байланыслы ɵзгерислер себепши болады. Ɵспиримлерде ɵжетлик яки қырсығыў жағдайы болғанда «еркелеп кетти» деп оған шеклеў койыўға яки жазалаўға асықпаған мақул. Базыда үлкен адамлардың ɵзлериде (әсиресе ҳаяллар) ɵзиниң қәлеўлерин әмелге асырыў ушын түрли усылларды қоллайды. Солай екен, бундай жағдайда ɵспиримге ашыўланбай оның менен жақын достындай болып сɵйлесиўге ҳәрекет еткен жақсы нәтийже береди.



20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.