❗️
МУҒАЛЛИМНИҢ САБАҒЫНА КЕСЕНТ ЕТКЕНЛИГИ УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК БАР
Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 197-прим 5-статьясына тийкарланып, билимлендириў шөлкеми педагог хызметкердиң кәсиплик искерлигине нызамсыз араласыў ямаса билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўына тосқынлық етиў;
➖ пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 7 есесинен 10 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – 10 есесинен 15 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
❗️Тап усындай ҳуқықбузарлықлар ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында тәкирар әмелге асырылған болса,
➖ пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 15 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – 15 есесинен 20 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға ямаса 15 суткаға ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.
➡️
MAKAN_24 – LIVE жаңалықлар!