Сағынғансаң, билемен менде,
Сағынаман. Еслеўим де рас.
Қайталмайман. Қайтпайсаң сенде,
Түслериме кирме! Илтимас.
Пайдасы жоқ. Жолымыз өзге,
Сен меники, мен сенлик емес.
Бахыт несип етпеди бизге,
Түнде келип қыйнайды елес.
Түслериме кирмесең ҳәр түн,
Умытсақ ҳәм басқасын тапсақ.
"Бахытлы" деп ойлайсаң бәлким,
Денем-ғой саў, жүрегим ақсақ.
Сол жүректе сақлайман сени,
Сағынаман, еслеўим де рас.
Жетер! артық қыйнамай мени,
Түслериме кирме илтимас..!
© Автор Гулчеҳра Айтмуратова 16.08.2021
@ADEBIYAT_QR