Бала психологиясы


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Бала психологиясы, тәрбиясы, раўажланыўы, билими ҳәм басқа да балаларға тийисли пайдалы мағлыўматлар…

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Перзентиңиз бенен қатнасықта …

• Ислеген қателерине сабырлылық пенен қараң;
• Жаман сөзлер айтса, күлмең;
• Оны айыпламаң ҳәм айыбын ҳәммеге айтпаң;
• Оны алдамаң, дурыс түсиндириң;
• Ислеген жумысын мақтаң ҳәм хошаметлең;
• Тез-тезден еркелетип, қушақлап турың;
• Жақын достыңыз сыяқлы сәўбетлесиң. Еле кишкенесең деместен дурыс түсиндириң ҳәм кеңес бериң;
• Сизден қорқпасын, керисинше ҳүрмет қылсын ҳәм исенсин.

Умытпаң, сиз балаларыңыз ушын еликлейтуғын биринши дәрежедеги идеал адамсыз!

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


⚡️Ҳәр биримиз ушын күнделикли турмысымызда керекли "дәрилер"

Не ушын адамлар аўыра береди? Бизлер кеселлик, анығырағы оның АҚЫБЕТИ жанымызға тийе баслағанда ғана шыпакерге мүражат етемиз.

Ал, шыпакер болса, бизге кеселликтиң тек белгилерин сапластырыўға жәрдемлеседи ҳәм ақыбетти ғана емлейди, ал СЕБЕП болса, бизлердиң ишимизде, ойлаў тәризимизде, ис-ҳәрекетлеримизде қала береди.

Бундай себеплерди сапластырыўшы бир неше "дәрилер" бар. Оларды турақлы пайдалансаңыз, көплеген кеселликлериңизден қутыласыз. Бул "дәрилер"ди билиўдиң өзи жетерли емес, оларды ҳәр күни, ҳәр минут сайын қолланған мақул.

Себеплерди жоқ етиў ушын Сизге сол "дәрилер"ди бирме бир усынып барамыз! Бәрин бирден усынсақ, «қабыллаўға ериниў» деген «кери тәсири» пайда болыўы мүмкин.

❗️1-"дәри" – ӨМИРГЕ МУҲАББАТ

Өмирди ҳақыйқатында да жақсы көретуғын адам төмендегилерге умтылады:

— Өзин қоршаған дүнья менен гармониялы жасаў;
— Оптимист болыў, бул дүньяда болып атырғанлар бизлердиң ийгилигимиз ушын екенлигин түсиниў;
— Әдеп-икрамлылық нызамлары бойынша жасаў;
— Әлемниң «Нени ексең, соны орарсаң» деген нызамын ядтан шығармаў;
— Шадлы ҳәм қайғылы күнлерде де қәтержам болыў, ўақыяның себеп ҳәм ақыбетлерин түсиниў;
— Билимли болыўға умтылыў, өйткени надан адам жақсылықты түсинбейди;
— Ҳәр бир тири жанзатқа муҳаббат пенен мүнәсибет етиў, ӨМИРдиң муҳаббат екенин түсиниў;
— Ой-пикирдиң тазалығына умтылыў, оның ҳәрқандай ис-ҳәрекеттиң басламасы екенин түсиниў.

П/С: Буның перзент тәрбиясы ушын әҳмийетли тәрепи ҳәр тәреплеме саламат перзентти тек ғана руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат ата-ана тәрбиялай алады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


❓Бала үлкенлер сөйлескенде қосылып сөйлегенде не қылыў керек?

Перзентлер ата-анасы, яки үйиндеги үлкенлер өз-ара сөйлесип атырғанда қосылып сөйлеў, сораў бериў сыяқлы жағдай көпшиликке таныс шығар.

Бундай жағдайларда көпшилигимиз ашыў менен “аўзыңды жумып тур”, “қосылып сөйлеме”, “тоқтап тур, сөйлесип атырмыз” деп балаға бақырамыз.

Бул жағдайда баланың ишинен нелер өтеди?

Бала үлкенлерге қосылып сөйлеп атырған болса, демек ол өзиниң бар екенлигин көрсетпекши болады, ол да үлкенлер менен сөйлесиўге, пикирин айтыўға, сораў бериўге мүтәжлиги бар екенлигин билдиргиси келеди.

Көбинесе буның себеби ата-ананың балалары менен жетерли дәрежеде сөйлеспей атырғанында болады.

Балалар ишеди, жейди, ойнайды, уйқлайды, телефон яки компьютер көреди - болды сөйтип өсебереди деп ойлайды айырым ата-аналар.

Бирақ балалар да басқа үлкенлер сыяқлы сөйлесиўге, оны басқалар тыңлаўына мүтәжлик сезеди. Жәмийетке араласыў мине соннан басланады.

Сонлықтан, ата-аналарға кеңесимиз - балаңыз сөйлегенде, сораў бергенде итибарыңызды аямаң, дыққат пенен тыңлап сораўына толық жуўап бериң, ислеген жумысын көрсетип атырған болса - мақтаң!

Балаңыз сөйлеп, пикирлеп атырған болса, шүкирлик етип қәдирине жетиң, айырым ата-аналар баласының бир сөз айытыўын жыллап күтип жүр!

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Көпшилик ата-аналарды қызықтыратуғын сораў:

“Мениң балам тәртипсиз, үйди жайратып таслайбереди, тәртипли болыўы ушын не қылыўым керек?”

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:

👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
☝️Қытайдағы бағша режими

П/с: Қарақалпақстанда усындай бағша ашылса ата-аналар балаларын бериўге гезекке туратуғын шығар

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
⚡️Мамасы “без настроения” келгенде… 😁

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:

👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
☝️Балаларға аяқ кийим алыўда пайдалы “лайф хак”

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:

👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
⚠️Бул ҳәрекетлери ислемең: бала травма алыўы мүмкин

Видеодағы ҳәрекетлерди баланы күлдириў яки кеўлин көтериў ушын ислеп үйренгенбиз.

Бирақ баланың буўынлары жүдә нәзик болғаны ушын бундай ҳәрекетлерден баланың ден саўлығына зыян тийиўи мүмкин.

Соның ушын жақсысы оған өзиңиз ойнап берип күлдириң 🕺🏻😊

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❓Неге балалар папасын яки мамасын көргенде жылап жибереди?

Психологтың түсиндириўинше, бала оның ең жақын адамлары папасы ҳәм мамасын өзиниң қорғаўшылары деп биледи, олардың қасында өзин қәўипсиз сезеди. Соның ушын бала ата-анасын көргенде өзин тыйып тура алмай жылап жибереди.

Ал бала бағшада ямаса мектепте яки ата-анасынан басқа жерде болғанда өзлерин тыйып күшли болыўға ҳәрекет етип, жыламай, тәрбияшының (муғаллимниң) айтқанын қылып жүреди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Баланың ақыллы болыўы анаға байланыслыма ямаса әкесинеме?

Балалардың интеллекти кимнен өтеди?

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Бала не ушын ата-анасының айтқанын қылмайды?

Неге бала айтқанды қылмайды? Бул жағдайды келтирип шығарыўшы ең көп ушырасатуғын 5 себеп ҳаққында тоқталып өтемиз.

1. Сиз сораған нәрсени ислеўди қәлемейди. Бала да басқа үлкен адамлар сыяқлы сезимлерге, пикирлерге, мүтәжликлерге, қәлеўлерге ийе. Ол робот ҳәм солдат емес ҳәр дайым сизиң айтқаныңызды қылаберетуғын. Қәлемейди – болғаны. Буның оған қызық емес, зериктиретуғын, түсинбейтуғын, еринип кететуғын яки басқа себеплери болыўы мүмкин.

2. Сораған нәрсеге емес ал гәпиңиздиң тонына қарсылық көрсетеди. Арасында биз өзимиз сезбеген ҳалда балаларымыздан буйрық ҳәм «яқ» деген жуўапты қабыл етпейтуғын тонында бир нәрсени ислеўди сораймыз. Олар буған жуўап ретинде протест билдирип, өзлерин бундай қатнасықтан қорағайды.

3. Балаңыз бенен араңызда жыллылық ҳәм түсинисиў сезимлери жетиспейди. Егер араңызда жақсы эмоционаллық қатнасық болса, бала айтқанларыңызды булжытпай ислейди, ҳәттеки өзине унамаса да. Алдын жақсы қатнасық кейин айтқанды ислеў.

4. Баланың тапсырманы еле сиз күткендей етип орынлаўға ҳәм нәтийжени көрсетиўге уқыбы жоқ. Баланың еле айырым көнликпелери ҳәм билими жеткиликли болмағаны ушын оған тапсырманы түсиниў, оны орынлаў қыйын болыўы, сизиң күткениңиз еле реал жағдай менен сәйкес келмеўи мүмкин.

5. Бала не қәлесе сол болыўына үйренген. Ата-анаға балаға үйретиўге, қызықтырыўға тәжирийбе, төзим, қатаң пикир ҳәм избе излик жетиспейди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🤱🏻Бала ушын Ананың сүти ең жақсы тәбийий иммунитетти беккемлеўши ҳәм микробларға қарсы гүресиўши азық

Видеода ананың сүти зыянлы микробларды 10 минуттың ишинде жоқ қылғаны көрсетилген.

Соның ушын нәресте илажы барынша көбирек ана сүти менен азықланғаны дурыс.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Әжапа Мама емес 😆

Көпшилик шаңарақларда усындай қатнасықты ушыратыў мүмкин. Буның тийкарғы себеби киши бала үлкениниң орнын ийелеп алғанында.

Яғный үлкен перзент үкесиниң мамасына еркелегенин қызғанады 😊

Соның ушын үлкен перзентлерден де итибарыңызды аямаң, илажы барынша ҳәммесине бирдей мехир ҳәм итибар бериң 😇

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Баланы ғәрезсизликке үйретиў ең керекли тәрбия

❓Сиз де перзентиңизди усыған уқсаған усыллар менен өз бетинше қарар қабыллаўға үйретип атырсыз ба?

👇Жақсы тәжирийбелериңиз болса комментарийде бөлисиң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


❗️Перзентиңиздиң сүўретлерин Интернетке жайластырмаң!

👤Батыс қәнигелериниң пикиринше, “шерентинг” ҳәдийсеси, яғный ата-аналар өзлериниң перзентлериниң сүўретлерин ҳәм видеоларын Интернетке тез-тезден жайластырып барыўы балаларға үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.

▫️Бириншиден, оның қәўипли тәреплериниң бири балалардың фото яки видеолары келешекте олардың өзлерине қарсы қолланылыўы мүмкин.

Мысал ушын, перзентиңиз үлкейип сиясий лаўазымларға көтерилгенде оның күлкили фотолары яки видеолары күтилмегенде социаллық тармақларда пайда болып қалыўы мүмкин.

▫️Екиншиден, перзентлериңиздиң бахытлы ҳәм қуўанышлы демлери түсирилген сүўретдер жынаятшылардың итибарын тартыўы мүмкин.

▫️Үшиншиден, перзентлериңиздиң сүўретлери “урланып” жаман нийетли адамлар (педофиллар) ушын арналған каналларға жайластырылыўы мүмкин, бул болса оларды сондай адамлардың потенциал “жәбирлениўшисине” айландырыўы мүмкин.

▫️Төртиншиден, перзентлериңиз ҳаққындағы қосымша жеке мағлыўматлар алдаўшылар ушын жақсы “дузақ” ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

▫️Бесиншиден, бала балалығынан басқалардың итибарын қаратыў ушын сүўретке түсип үйренсе, келешекте ол бәрқулла басқалардың итибары ҳәм тән алыўына мүтәж болып өседи.

☝️Соны ядыңызда сақлаң, ҳәттеки жеке аккаунт (профил) де толық қәўипсиз емес, оны да бузып кириўге болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


⚡️Баладағы қәбилетти жоғалтыўшы нәрселер ҳаққында билесиз бе?

1. Бетине урыў. Баланың бетине яки басына урыў мийдеги 300-400 клетканы өлтиреди екен. Басты сыйпаў болса мийде таза клеткаларды пайда етеди;

2. Электрон ойынлар социаллық интеллектти, сөзлик зийреклигин (сөз байлығын, тапқырлығын) жоқ етеди. Ҳәдден зыят итибар қаратылғанынан мийге қан қуйылыўына, мий клеткаларының ертерек набыт болыўына себепши болады. Жасы үлкейгенде онда шеберлик, тәжирийбе жетиспеўшилиги бақланыўы мүмкин;

3. Ананы оның баласының алдында ақыретлеў баланы қорқақ, уялшақ етип қояды, саламат пикирлеўи төменлейди. Себеби изертлеўлерге қарағанда бала қабилетин анасынан алады;

4. Баланың пикирлер үстинен күлиў, ол ислеген ислерин хошаметлемеў нәтийжесинде ондағы мотивация, умтылыў сезимлери төменлеп кетеди;

5. Бала менен турақлы сөйлесип, ҳал-аўҳалын сорамаў. Бала менен контакт есиклериниң жабық болыўы ондағы сөз байлығын, жәмийетке араласыў қәбилетин (адаптация) ҳәм зийреклигин төменлетип жибереди. Баланың гәпине әҳмийет бермеў, оны тыныш турыўға шақырыў, айырым жағдайларда оған улыўма итибар қаратпаў оның өзине исеними төменлеўине, ишиндеги гәплерин ҳәр дайым жасырып, анық мәселе бойынша пикир айтпайтуғын болып қалыўына алып келиўи мүмкин.

6. Суў ишиўге итибарсызлық. Айырым ата-аналар балаларының суў ишиўине итибар берместен, чай, газлы ишимлик ямаса басқа суйықлықларды ишиўи жеткиликли деп ойлайды. Бирақ, мийдиң 85% суўдан ибират болғаны ушын ҳеш бир суйықлық суўдың орнын баса алмайды. Соның ушын күн даўамында бала суў ишип турыў керек. Оқыўда сабақ ўақтында да ҳәр 45 минуттан 1 стакан суў ишип турыў баладаға қолайсызлықлардың (жөтел, түшкириў, стулды қыймылдатыў, столды ысырыў сыяқлы) алдын алыўға хызмет етеди.

7. Азанғы ҳалқасты жемегени бала ушын зыянлы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Изертлеўлерге қарағанда, халқасты жемейтуғын адамларда қандағы шекердиң муғдары төменлеп кетеди екен. Бул болса мий клеткаларына жетерли дәрежеде азықлық жетип бармаўына алып келеди ҳәм клеткалар бөлекленип кетеди.

8. Фаст-футларды илажы барынша балаға алып бермең, себеби олардың қурамында жасалма майлар ҳәм тәбийий емес элементлер бар болып, баланың раўажланыўына кери тәсир етеди. Соның ушын да фаст-сут Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен ең зыянлы аўқатлардың бири деп тән алынған.

9. Баланың қәбилетин ҳәм қызығыўшылықларын есапқа алмастан оны қандайда таярлық курсларына яки дөгереклерге бериў күтилген нәтийжени бермейди;

10. Балаларға балалардай болып жасаўына имкан берместен, көп жуўапкершилик жүклеў ҳәм оқыўды қатты талап етиў керек емес. Жуўапкершиликли жумыслар ҳәм сабақларын таярлаў ушын белгили ўақыт ажыратып, қалған ўақтын өз қәлегендей етип өткериўге руқсат берген мақсетке муўапық. Сонда оларда креатив пикирлеў, ғәрезсиз шешим қабыл етиў қәбилетлери жақсы раўажланады.

11. Баланы биринши жазыўды үйренип атырғанда ҳәриплерди майдарақ етип жазыўға мәжбүрлемең. Себеби үлкен ҳәриплер менен жазыў балада өзине исеним ҳәм еркинликтиң белгиси болып есапланады. Егер жазыў майда болса, бул баланың өзине исеними ҳәм еркин пикирлеўиниң төменлигинен дәрек береди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


❓НӘРЕСТЕНИҢ ҚАРНЫ НЕГЕ ДЕМЛЕСЕДИ?

«1 айлық нәрестемниң қарны демлесип кете береди. Соның ушын болса керек, көп жылайды. 3-4 күнде зорға ҳәжет шығарады. Бул жағдайдан мен де, балам да қатты қыйналып кеттик. Маған не мәсләҳәт бересиз?»

— Бириншиден, баланы емизип болған соң кеминде ярым саат қарнын қарныңызға басып көтерип жүриң. Себеби, бала емип атырғанда оның мурнынан қарнына ҳаўа кирип қалады. Әне, сол ҳаўа шығып кетиўи ушын баланы вертикал ҳалатта көтериў шәрт. Оны емизип бола сала жатқызып қойыў надурыс.

Егер мине усы әпиўайы қағыйданы сақласаңыз, перзентиңиз сол заматта-ақ кекире баслайды, қарнына жыйналып қалған жел де дәрриў шығып кетеди. Аўырыў ҳәм шаншыўлар да жоғалады.

Баланың иши жүрмей атырғанына және неврологик машқалалар себепши болыўы мүмкин. Себеби, мийде қан айланыўы бузылса, бул өз гезегинде асқазан ҳәм ишеклерге тәсир қылады. Нәтийжеде нәрестениң иши жүрмейди. Ҳәм ол тынымсыз иш қаталаўына бейим болып қалыўы мүмкин. Сонлықтан, егер зәрүрлик болса, баланы невропатолог көригине алып барыў мәсләҳәт етиледи. Қәниге оны зәрүр тексериўлерден өткизип, анық бир жуўмақты айтады.

Сондай-ақ, өзиңиздиң де жеў-ишиўиңизге шынтлап әҳмийет қаратыўыңыз шәрт. Себеби, бәршемизге мәлим, ана тутынатуғын ҳәр қандай азық, әлбетте, балаға тәсир етпестен қалмайды.

Және мына нәрсени айрықша айтып өтиўди қәлер едим: ананың иш қаталаўға бейимлилиги ўақты келип балада да қайталаныўы мүмкин. Демек, бул машқала өзиңизде де болса, оны сапластырыўға кирисиң. Балаңыз күшке толғанға дейин имканы барынша диета сақлаң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Балаларды чеснок жеўге үйретиң!

☝️Бул видео арқалы чесноктың қаншелли дәрежеде пайдалы екенлигин өз көзиңиз бенен көрип билип алыўыңыз мүмкин.

🧄Чеснок адам организминдеги ҳәр түрли паразитлерге қарсы гүресиўши ең жақсы тәбийий қурал.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
☘️Инсан таўсылмайтуғын турмыс тәшўишлери менен бир өмир гүреседи.

Бир күн келеди хәмме тәшўишлери таўсылып өзи қәлегендей жасайман деп ойлайды.

Бирақ сол күн келмеўи ҳәм мүмкин. Келген тәғдирде де сол күнниңде өзине жарасықлы тәшўишлери болады.

Сол себепли менимше жасаўды бүгиннен баслаў керек.

Шыйрын турмысыңызды өзиңиз ушын теңи жоқ деп билиң ҳәм бир минутын да зая кеткизбең.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi


🧠Пайдалы лабиринтлер!

Балаңыздың өз бетинше қарар қабыл етиў қәбилетин раўажландырыўшы лабиринтлер.

Лабиринтлер және баланың көзлериниң қатар ҳәм бетлер бойлап әсте ҳәрекетлениўине жуўап бериўши көриў системасының моторлы функциясын раўажаландырады.

Яғный бала дистанциядан турып алжаспай қатар бойлап оқыўды хәм көз бенен “жүриўди” жақсы үйренеди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли канал:
👉 @bala_psixologiyasi

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.