Дүнья жүзи китапқумарлары сүйип оқыйтуғын "Кишкене шаҳзада", ("Маленький принц") - шығармасы бизиң ана тилимиз - Қарақалпақ тилинде мениң аўдармамда өз алдына китап болып, баспадан шықты.
"Өмирдиң мәнисин көз бенен көрип түсине алмайсаң, оны жүрек пенен түсинесең" - деп гүрриң ететуғын "Кишкене шаҳзада" шығармасы бизиң балларымыздың - үй китапханамыздағы ең сүйикли, жақсы көрип оқыйтуғын, ҳәмме ўақыт ис столының бир мушында туратуғын китабы болды.
Өзим бул шығарманы рус тилинде оқыдым.
Усы ертек-повестьтен, оның философиялық мазмунынан тәсирленгеним соншелли, қарақалпақ оқыўшылары да усы китапты оқыса екен деп ойладым.
Бул, жасларды өмирге итибарлы, серли көз-қарас пенен қараўға шақыратуғын шығарма.
"Мен бул китабымды үлкен адамға бағышлағаным ушын балалардан кеширим сорайман.
Барлық, ересек адамлар бир ўақлары бала болған. Тек олардың азы ғана бул туўралы еслейди" - деп жазды автор
Антуан де Сент-Экзюпери (1900-1944).
Антуан де Сент-Экзюпери - жазыўшы, шайыр, эссеист.
Бирақ, тийкарғы қәнигелиги - ушыўшы болып табылады.
1923-жылғы авиакатастрофадан кейин жазыўшылық пенен шуғылланады.
"Кишкене шаҳзада" - 1943-жылы жазылып, китап болып шығады.
Соннан берли бул шығарма усы күнге дейин 200 млн.нан аслам нусқада ҳәм дүньяның 300 ден аслам тиллеринде басылып, өз оқыўшыларына жетип барды.
Мине, енди бул уллы шығарманы бизиң перзентлеримиз де өз ана тили - қарақалпақ тилинде оқыў бахтына мияссар болды.
Өз планетасын таслап кетип, Әлем бойлап саяхат еткен Кишкене шаҳзада өмирдиң мазмуны не екенлигин түсинеди - ол туўылған планетасында өз гүлин сүйиўи, оның қәдирин билиўди үйрениўи керек екен.
"Кишкене шаҳзада" ертегин - мен муҳаббат ҳәм адамлардың өзара нәзик мүнәсибетлери туўралы сөз бенен жаратылған Симфония деп есаплайман!
Соның ушын баспадан кирилл алфавитинде шығарыўын өтиниш еттим, себеби "Кишкене шаҳзада" шығармасы жас өспиримлер ҳәм үлкенлер ушын бирдей қызықлы ҳәм мәнили!
Халқыма усындай саўға ислегениме қуўанышлыман ҳәм бахытлыман!
Гүлнара ИБРАГИМОВА