АНАМА
Анажаным сени сағынсам,
Бул дүньяга сыймай кетемен,
Ойлы-қырлы өмир жолларын,
Сенсиз қалай жүрип өтемен.
Балаларыма қарап қуўанып,
Отырғанда ойнап-күлисип,
Қаламан мен бирден муңайып,
Анажаным ядыма түсип.
Ойласарым, жалғыз сырласым,
Ҳәм ана, ҳәм жақын дос едиң,
Өзиң едиң сүйенген таўым,
Мен қуўансам кеўилиң хош еди.
Қапа болып барсам алдыңа,
Жубатқандай енди кимим бар?!
Өз тәшўишин ысырып қойып
Мениң арызымды енди ким тыңлар?!
Ўақыт өткен сайын сағыныш,
Жанды қыйнап жүректи езер,
Үйге барағойсақ ериксиз,
Көзлеримиз тек сени излер.
Көргенше асығып барсақ басыңа,
Тас жай турар қаңырап сенсиз,
Муздай суўық топырақ астында,
Даўыс бермей жатасаң үнсиз.
Авторы; Гульнара Исмаилова.
📱
http://t.me/imamiyshanuz