Суд, ҳуқык мәселелери бойынша мүрәжатлар үйренилди
Бүгин Кегейли районы Жаслар орайы имаратында ҳуқық қорғаў уйымлары басшыларының пуқаралардың суд, ҳуқық мәселелери бойынша мүрәжатларын үйренип шығыў бойынша көшпели қабыллаўы өткерилди. Оған, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғ суды, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Мәжбүрий орынлаў бюросы, Әдиллик министрлиги ҳәм ҚР ИИМ басшылары қатнасып, пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шықты. Көпшилик мүрәжатлар унамлы шешим тапқан болса, айырым мүрәжатларға ҳуқықый түсиниклер берилди. Сондай-ақ, ҚР ИИМ тәрепинен биринши мәрте пуқаралық паспортын алып атырған 2 жасқа пуқаралық паспортлары тапсырылды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial