Нызамшылық


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Нызамшылыққа байланыслы жаңалықлар!

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Ҳаял-қызлардың үй жайын ремонтлаў ушын мәмлекет есабынан 18 млн 750 мың сум муғдарында қаржы бериледи

Бул жәрдем "Ҳаял-қызлар дәптери" қоры есабынан шәртнамаға муўапық төлеп бериледи.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Көпшиликте турақ-жайларды ремонтлаўға 120 млн сум жеңиллетилген кредит алыў ушын биринши гезекте кимге ушырасыў кереклиги бойынша сораўлар пайда болмақта

Бул кредитти алыўды қәлеўши пуқаралардың арзасы ҳәким жәрдемшиси тәрепинен "онлайн мәҳәлле" платформасына киргизиледи.

"Онлайн мәҳәлле" платформасында талабанлар скоринг системасы арқалы тексериледи.

Скоринг системасынан унамлы өткенлерге усыныснама ҳүжжети қәлиплестириледи ҳәм "мәҳәлле жетилиги"не қол қойыў ушын ҳәким жәрдемшиси тәрепинен киргизиледи.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Мектеп оқыўшыларын кәсип-өнерге оқытыўда исбилерменлерди тартыў тәртиби белгиленди

Ҳүкимет қарары (78-сан, 11.02.2025 ж.) менен "Оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

Реже оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўда улыўма орта билим бериў мәкемелери менен исбилерменлер ҳәм өнерментлердиң өз-ара бирге ислесиў тәртибин белгилейди.

Реже төмендегилерди нәзерде тутады:

▪️улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм исбилерменлер арасындағы бирге ислесиў бағдарлары;

▪️улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларды кәсип-өнерге оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби;

▪️исбилерменлер тәрепинен мектеплерде кәсип-өнер дөгереклерин шөлкемлестириў тийкарлары;

▪️улыўма орта билим бериў мәкемелериниң бос турған имаратларын исбилерменлерге ижараға бериўде улыўма орта билим бериў мәкемеси ҳәм исбилерменлердиң миннетлемелери.

➖ Кәсип дөгереклерине кәсипке қызығыўшылығы болған 7-11-класс оқыўшылары тартылады.

➖ 2025-жылдан 8-класс оқыўшылары ушын санаат, өндирис, хызмет көрсетиў, агротехнология тараўларындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге экскурсиялар шөлкемлестириледи.

➖ 2024/2025 оқыў жылы жуўмағына шекем мектеп питкериўшилерин ийелейтуғын кәсиби бойынша әмелий имтиханнан өткериў ҳәм оларға электрон сертификат бериў тәртиби енгизиледи.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Президент бүгин исбилермен жасларды қоллап-қуўатлаўшы 3 үлкен ҳүжжетке қол қойды

1⃣ Биринши ҳүжжетке муўапық, Жаслар агентлиги жанында Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў қоры шөлкемлестирилип, оған 100 миллион доллар қаржы ажыратылды.

Енди инталы жаслардың стартап жойбарларына 2 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.

2⃣ Екинши қарар менен жоқары оқыў орынлары питкериўшилери бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа система жаратылмақта. Буның ушын Миллий банкке 100 миллион доллар ресурс бериледи.

Банк Жоқары билимлендириў министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте жоқары оқыў орны питкериўшилериниң баслама ҳәм идеяларын жойбарға айландырыў бойынша жаңа банк хызметлери пакетлерин енгизеди.

3⃣ Үшинши ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаўшы таяныш "жаслар банки"не айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылды.

Банк өзин-өзи бәнт еткен жаслар жойбарлары ушын 100 миллион сумға шекем 7 жыл мүддетке жеңиллетилген микроқарыз ажыратылады.

"Алоқа венчур" фонды арқалы стартапларға 50 мыңнан 1 миллион долларға шекем қаржы киритилип, өним ҳәм хызметлерди ишки ҳәм халықаралық базарларда сатыў, бизнес кәсиплес табыў, қосымша инвестициялар ажыратыўға жәрдемлеседи.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


🚘 Автомобилге газ баллон орнатыў ушын рухсатнаманы енди онлайн алыў мүмкин

my.gov.uz арқалы автомобильге газ баллон орнатыў ушын рухсатнаманы алыў процеси және де қолайлы ҳәм тез болды.

️❌ Ҳеш қандай артықша ҳүжжетлер талап етилмейди!

️🖥️ Сиз тек ғана онлайн тәризде арза толтырып, оны Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине (ЖҲҚХ) жиберсеңиз жетерли. Қалғанын ЖПХ хызметкерлери орынлайды.

️📩 Арзаңыз көрип шығылғаннан соң, нәтийжеси my.gov.uz дағы жеке кабинетинизге жибериледи.

️Хызмет көрсетилиўи ушын төлем - 112 500 сум (0,3 БЕМ)

📬 Арза бериўге силтеме

▶️ Арза бериў бойынша: видеоқолланба

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


❗️Пенсияға шығыў бойынша жеңилликлер

Нызамға бола, жасқа байланыслы пенсияға еркеклер 25 жыллық стажға ийе болса – 60 жаста, ҳаяллар 20 жыллық стажы болса – 55 жаста шығыўы мүмкин.

➖ Мийнет стажы кеминде 15 жыл болып, оның кеминде 7 жыл 6 айында жер астындағы жумысларда, мийнет шараяты жүдә зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумысларда толық жумыс күни даўамында ислеген пуқаралар 10 жыл алдын, яғный еркеклер 50 жаста, ҳаяллар – 45 жаста пенсияға шығыўы мүмкин.

➖ Мийнет шараяты жүдә зыянлы ҳәм жүдә аўыр жумысларда – еркеклер кеминде 5 жыл, ҳаяллар кеминде 3 жыл 9 ай ислеген хызметкерлерге пенсия жасы усындай жумысларда ислеген ҳәр бир жылына тең рәўиште қысқартырылады.

➖ Штатлар қысқарыўы ямаса кәрхананың жабылыўы себепли жумыстан босатылған ҳәм жумыссыз деп табылғанда:

🔹 еркеклер – 58 жасқа толғанда ҳәм стажы кеминде 25 жыл болғанда;
🔹 ҳаяллар – 53 жасқа толғанда ҳәм стажы кеминде 20 жыл болғанда пенсия алыў ҳуқықына ийе.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Нызамшылыққа бола, ҳәкимшилик қамаққа алыў шарасы төмендегилерге қолланылыўы мүмкин емес.

➖ ҳәмиледар ҳаялларға;
➖ 3 жасқа шекемги баласы болған ҳаялларға;
➖ 14 жасқа шекемги баласын жеке өзи тәрбиялап атырған шахсларға;
➖ 18 жасқа толмаған шахсларға;
➖ I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


❗️Түнги ўақытта шаўқым шығарғанларға жуўапкершилик бар!

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 192-статьясына тийкарланып,

➖ Түнги ўақытта саат 23:00 ден 06:00 ге шекем пуқаралардың тынышлығы ҳәм нормаль дем алыўын бузыў, яғный бәлент даўыс пенен қосық айтыў, музыка шертиў, даўыслы сигналлар бериў, шаңарақларда, турақ-жайлардың жоллары ҳәм есиклеринде, көшелерде даўысы бәлент қойылған телевизорлар, радиоприёмниклер, магнитофонлар ҳәм даўыс шығарыўшы басқа да аппаратлардан пайдаланыў, турақ жай имаратларында ҳәм олардан сыртта жүдә зәрүр болмаған жағдайда шаўқым шығаратуғын жумыслар ислеў, сондай-ақ, турмыслық шаўқымға қарсы гүресиў талапларын бузыўшы басқа да ҳәрекетлерди ислеў — пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги, лаўазымлы шахсларға болса — үштен бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


❗️️Автомашинаны жәрийма майданшасына жайластырыўдың да нызамда белгиленген өз тәртиби бар

1⃣ Жәрийма 60 күн ишинде төленбеген жағдайда да жәрийма төлеў ҳаққында қарар шығарған ўәкилликли уйым басшысының әйне Сизиң автомашыңызды услап турыў ҳаққындағы жазба көрсетпеси болыўы шәрт. Егер усы жазба көрсетпе болмаса ҳәм оған ўәкилликли баслық қол қоймаған болса, ЖҲҚБ хызметкери автомашинани бир минут та иркип турыўға ҳақысы жоқ.

2⃣ 60 күнлик мүддет Сизге байланыслы жәрийма қолланыў ҳаққындағы қарардан рәсмий хабардар болған ўақтыңыздан басланады. Сиз хабардар болмаган жағдайда өткен мүддет кеширимли есапланады.

3⃣ 60 күн – бул еки ай емес. Себеби, еки айда гейде 61 яки 62 күн болады.


Егер жоқарыдағы тийкарлар болмастан, ЖПХ хызметкери Сизиң автомашинаңызды тартып алса, Сиз оның ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына ийесиз. Суд Сизиң пайдаңызға қарар шығарғаннан кейин болса Сизде стоянка төлемлери ҳәм руўхый зыянларды өндирип алыў ҳуқықы пайда болады.

Тийкар: ӨзР Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 291-статьясы. Дерек

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Президент Пәрманына тийкар:

2025-жыл 1-январьдан баслап:

➖ ️меҳрийбанлық үйлери ҳәм балалар үйлерине кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерин ўақтынша қабыл етиў тәртиби бийкар етиледи;

➖ жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға билим алыў, бәнтлигин тәмийинлеў, емлениў ҳәм де турақ жай шараятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи;

➖ тутынған ата-аналарды таярлаў курсларына жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды перзентликке алыў тилегин билдирген талабанлар да қамтып алынады;

➖ ️"Меҳир дәптери" қорлары жабылады.

2025-жыл 1-февральдан баслап перзентин тәрбиялаўдан бас тартпақшы болған аналар, соның ишинде, ҳәмиледар ҳаяллар ушын балалар үйлеринде "Аналар мәканы" хызмети жолға қойылады.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


2025-жылда медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме төленеди

Президент пәрманына бола, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, олардың мийнет өнимдарлығын баҳалаў көрсеткишлерин ислеп шығып, нәтийжелиликке ерискен хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме төлеў енгизиледи.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


️I ҲӘМ II ТОПАР МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ХЫЗМЕТКЕРЛЕР УШЫН ЖУМЫС ЎАҚТЫ ҲӘПТЕСИНЕ 36 СААТТАН АСПАЎЫ КЕРЕК

Мийнет кодексиниң 427-статьясына тийкарланып,

I ҳәм II топар майыплығы болған хызметкерлер ушын жумыс ўақтының даўамыйлығы ҳәптесине 36 сааттан аспайтуғын етип;

✅ Сондай-ақ, олар ушын күнлик жумыстың (сменаның) даўамыйлығы медициналық-социаллық эксперт комиссиясының усынысларына муўапық белгиленеди, бирақ 6 күнлик жумыс ҳәптесинде — 6 сааттан, 5 күнлик жумыс ҳәптесинде — 7 саат 30 минуттан артып кетпеўи керек.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Ендигиден былай мийнет шәртнамалары электрон тәртипте дүзиледи

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 891-санлы қарарына муўапық, жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы мийнет шәртнамалары "Бирден-бир миллий мийнет системасы" мәкемелераралық программалық-аппарат комплекси арқалы электрон тәртипте дүзиледи.

Мийнет шәртнамалары жумыс бериўши тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм тәреплер арасындағы келисимге бола электрон санлы қолтаңба (ЭСҚ) жәрдеминде қол қойылады.

Қол қойылған электрон мийнет шәртнамасын хызметкер өзиниң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы (my.gov.uz) жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.

Мийнет шәртнамаларының электрон рәсмийлестирилиўи нәтийжесинде:

▪️жумыс бериўшилерге қолайлық жаратылады;
▪️процесс әпиўайыласады ҳәм рәсмий емес бәнтлик азайтылады;
▪️мийнет шәртнамаларының нызамлылығын қадағалаў имканияты пайда болады ҳәм хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары бузылыўының алды алынады.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


ЛАЎАЗЫМЛЫ ШАХСЛАР ТӘРЕПИНЕН ПУҚАРАЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТЛАРЫН ҚАБЫЛ ЕТПЕЎ ЖУЎАПКЕРШИЛИККЕ СЕБЕП БОЛАДЫ

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола;

Физикалық ҳәм юридикалық шаҳарлардың мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм көрип шығыўды нызамға қайшы түрде бийкар етиў, оларды көрип шығыў мүддетлерин кеширимли себеплерсиз бузыў, жазба ямаса электрон формада жуўап жибермеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы нызамшылыққа қайшы қарар қабыл етиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықларының тиклениўин, мүрәжат мүнәсибети менен қабыл етилген қарардың орынланыўын тәмийинлемегенлик — ️лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының бир есесинен үш есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


❗️️Ысырапгершилик ҳәм нызамбузыўшылықты көрсеңиз хабар бериң

1255 – ишимлик суўы бийкарға ағып атырғанын көрсеңиз, мүрәжат етиў ушын қысқа номер;

@ecogovuz_bot – тәбиятқа зыян жеткериў жағдайлары ҳаққында хабар бериў ушын;

@EnergonazoratBot – "свет" ямаса газ урлаў жағдайлары ҳаққында мүрәжат етиў ушын;

1354 – санитария, экология қағыйдабузарлығы ҳаққында хабар бериў ушын қысқа номер;

dyhxx.ejarima.uz — жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары ҳаққында хабар бериў ушын;

@stop_kriminal_bot – Информация мәканында нызамға қайшы контентлер ҳаққында шағым етиў ушын (порнография, фейк ҳәм басқалар)

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


🚗 Ҳəзирги күнде айдаўшылық гүўалығын алыў қанша турады?

Егер барлық имтиханларды биринши урыныўда тапсырған ҳалда есапласак, айдаўшылық гүўалығын алыў баҳасы төмендегише:

Медициналық мағлыўматнама (0. 83 форма ) – 300 мың сум;
Автомектепте оқыў – 7 млн сум;
Имтиҳан тапсырыў – 2 млн сум;
Айдаўшылық гүўалығын алыў – 330 мың сум.

🔹Жəми: 9,6 миллион сум.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Сабақ ўақтында оқыўшы телефоннан пайдаланса не қылыў керек? Нызамшылық буған не дейди?

Әмелдеги тәртипке көре оқыўшы сабақ ўақтында яки мектеп аймағында мобил телефоннан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўин бәрше педагоглар, солар қатарынан класс басшылары жеке бақлайды.

Оқытыўшы тәрепинен ескертилиўине қарамастан сабақ процесинде телефоннан пайдаланыў жағдайлары даўам еткенде пән оқытыўшысы, класс басшысы, директор орынбасары, психолог (инспектор-психолог) қатнасыўында оқыўшының телефоны (смартфон, планшет ҳәм басқа қурылмалар) алып қойылады ҳәм жағдай жүзесинен мектеп директоры ҳәмде оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллери ескертиледи.

Мектептиң "Шаңарақ-мәҳалле-билимлендириў мәкемеси" бирге ислесиўи Жәмәәт кеңеси ҳәм бақлаў кеңеси ағзалары қатнасында жағдай додаланып, тийисли түсиндириўлер алып барылғаннан соң мобил байланыс қурылмалары оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллерине қайтарып бериледи.

Сондай ҳалат оқыў жылы даўамында бир оқыўшы тәрепинен еки ҳәм оннан артық мәрте тәкирарланғанда оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллери Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьясы тийкарында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады, оқыўшы ишки ислер органларының профилактик дизимине алынады.

Тийкар: Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2023 жыл 31 августтағы 282-санлы буйрығы.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


2025-жыл 1-февральдан баслап:

➖ шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестириў ушын шаңарақтың ер ҳәм ҳаялдан ибарат толық шаңарақ болыў талабы бийкар етиледи;

30 жасқа толған пуқараларға шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестириўге рухсат етиледи;

➖ социаллық қорғаўға мүтәж балалар шаңараққа тәрбияға (патронат) тек ғана олардың туўысқанларына бериледи;

➖ жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылган балалардың жасаў қәрежетлери, шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестирген пуқараларға баланы тәрбиялаўы ушын ажыратылатуғын қаржылар тәрбияланыўшылар улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм басланғыш кәсип-өнер билимлендириў мәкемелерин тамамлағанға шекем бериледи.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Студентлер 3-курстан баслап нызамлы түрде жумыс ислеўи мүмкин

Ҳүкиметтиң "Билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплерге маман муғәллим-педагогларды тартыў иләжлары ҳаққында"ғы қарарына бола (15.10.2021 646-санлы) педагогика бағдарларында күндизги кешки, сыртқы бөлимлериниң 3-курсында билим алып атырған студентлерге мектеплерде сабақ бериў ҳуқықы берилген.

Бул тәртип мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ЖОО студентлери ушын бирдей әмел етеди.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар


Айдаўшылар енди, техпаспорт, айдаўшылық гүўалығы ямаса ID-карта алып жүриўи шәрт емес

2025-жыл 1-июннан баслап ЖПХ хызметкерине ID-картаның электрон версиясын смартфонында көрсетиў жеткиликли болады.

Сондай-ақ, банклерде, нотариусларда, темир жол станцияларында ямаса аэропортларда сиз ID-картаңызды телефоныңыз арқалы көрсетиўиңиз мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 27.12.2024-ж. 897-санлы "Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўда "социаллық карта" системасын енгизиў иләжлары ҳаққында"ғы Қарары.

@NizamshiliqНызамшылыққа байланыслы жаңалықлар

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.