Қарым-қатнасық
- ɵзиңе қандай мүнәсибетте болсаң басқаларда саған сондай мүнәсибетте болады. Ɵзиңди ҳүрмет етсең сени басқалар ҳүрмет етеди, ɵзиңди қәдирлесең сени биреў қәдирлейди,
- ҳәммеге унаўға, жағыныўға ҳәрекет етсең, ҳәммениң қолында қуўыршақ боласаң. Ҳәммеге жағыныўдың иләжы жоқ, ҳәмме саған жағыныў ушын жасамайдығо, буған ҳәрекет етпейди, сенде ҳәммеге жағыныў ушын жасамайсаңғо,
- ҳәр күни сɵйлесетуғын, қатнасатуғын адамларың кɵп ɵсек айтатуғын болса, демек сенде сондай адамсаң,
- ағайин-туўысқан, жора-жолдас, қурыбы-қурдас пенен қатнасықты үзиўдиң аңсат жолы, оларға материаллық жақтан жәрдем бере-бересең ҳәм бир күни жәрдем бериўди тоқтатып қойсаң қатнасық сол күни тоқтайды,
- кɵпшилик ɵзине уқсап ойлайтуғын, ɵзиниң нәпси нени қәлесе соны қәлейтуғын адам менен қатнасқысы келеди. Биреў ушын пул, атақ, абырой биринши орында турса ол сондай адамлар менен досласады- бир күни ол адам пулынан, абыройынан айырылса сол дослары оннан ўаз кешип кетеди. Фанатик намазханлар ɵзине уқсаған фанатиклер менен қатнасады, ɵзине уқсап намаз оқымайтуғын бурынғы досларынан ўаз кешеди, сол қасындағы досты бир күни намаз оқығанды қойса оның мененде қатнасықты қояды,
- ɵзине ҳәм жақынларына зыяны тийип жүрген адам менен қатнассаң оның зыяны сағанда тийеди,
- егер қатнасығың тийкарынан пулға, абыройға, материаллық буйымларға, нәпсиңниң мәпине байланыслы болса, сол қатнасатуғын адамлар менен кɵп гәп-сɵзлер, ɵсеклер, ɵкпе-гийнелер, наразылықлар, кɵреалмаўшылықлар, қызғанышлар, тоңқылдылар, даўласыўлар, урыс-қағыслар болады,
- қарыз алыў ҳәм қарыз бериў қатнасықты бузады. Биринши гезекте туўысқан менен, достың менен бундай қатнасық орнатпаған мақул, кейин ɵкинип жүрмеў ушын, кейин ɵзиңди яки биреўди айыплап кесел болып жүрмеў ушын,
- бүгинги күнде адамларда материаллық дүньяқара-сана, материаллық қәдириятлар-буйымлар үстем болғанлықтан қарым-қатнасықларда пул, абырой, жумыс, материаллық буйымлар үстем болып қалды. Сол себепли адамлардың ɵз-ара қарым-қатнасықларында кɵплеген машқалалар пайда болып атыр.
@psixolog_nukus