«Адамлар мени емес,- сени сыйлады»
Бир күни Хожа Насыр кɵшеде кетип баратырса бир топар адамлардың мерекеге баратырғанын кɵрип оларға қосылып қонақ жайға киреди. Ишке кирсе жайда отырған қонақлар оның менен дурыслап сәлемлеспейди, ҳал-аҳўал сораспайды, жасы үлкен болсада тɵрле деп айтпайды. Хожа Насыр дәстүрханның аўыз тәрепинде отырып «Неге булар мениң менен дурыслап ҳал-аҳўал сораспады, неге тɵрле деп айтпады»- деп, ойланып қараса, қонақлардың бәршеси мерекеге таза, қымбат, модный кийимлерин кийип келген екен, Хожа Насырдың үстиндеги кийими әпиўайы, арзан, шырайсыз, тозыңқырап қалған екен.
Хожа Насыр буны түсинип дәрриў орнынан турып, тезде үйине барып сандықта турған ең қымбат зер шапанын кийип жаңағы қонақ жайға «Ассалаўма әлейкум»- деп, кирип барады. Отырған қонақлардың бәршеси орнынан ушып турып оның қолынан алып, ҳал-аўҳал сорасып, оны тɵрге отырғызады. Хожа Насыр тɵрде отырып басын шайқап отырады. Ашыў менен үйине келип үстиндеги зер шапанын шешип жерге таслап, дийўалда илдирилиўли турған қамшысын қолына алып, «Атаңа нәлет адамлар мени емес,- сени сыйлады»-деп, шапанын қамшы менен сабаған екен.
Бул рәўияттың мәниси негизинде жәмийет материаллық нәрселерге, пулға, модаға, сырты жылтыр нәрселерге, атаққа, абыройға, әмелге сыйынады. Себеби жәмийет ɵзлигин аңламайды, ɵзилигин усындай нәрселер менен байланыстырады, адамларды усы нәрселерине қарап баҳалайды, сыйлайды, сондай нәрселери бар адамды «ақыллы, билгиш, күшли, шаққан, әўметли, табыслы, бахытлы, бай адам»- деп есаплайды. Кɵпшилик жәмийеттиң пикири менен жасағанлықтан ɵзлигин усындай нәрселер менен байланыстырады, усындай нәрселерге қарап ɵзин баҳалайды.
Ɵзлигин шапаны (маскасы) менен байланыстырып жүрген адамлардың кɵпшилиги сол нәрселеринен айрылып қалса, атағынан, абыройынан, әмелинен айрылып қалса гейбиреўлери инсульт, инфаркт болса, гейбиреўлери басқа кеселликке шатылады. Негизинде олар буннан алдында кесел еди, бирақ шапаны оның кеселлигин, бахытсызлығын, қәте-кемшиликлерин жаўып кɵрсетпей турған еди. Бундай маскалар адамларға ɵзлигин аңламаў ушын, ɵзлигинен қашыў ушын, ɵзиниң бахытсызлығын, қәте-кемшиликлерин мойынламаў ушын, биреўлерден ɵзин үстем санаў ушын, биреўлерден озыў ушын, биреўлерге ҳүкимранлық қылыў ушын керек.
Сол себепли кɵпшилик жасы үлкейген соң, пенсияға шыққан соң, жаңағыдай нәрселеринен айырылған соң, абыройының күши қайытқан соң пыссыйып қалады. Аттан түсседе, ерден түскиси келмейтуғынлар жоқарыдағыдай кеселликлерге шатылады. Сол себепли ондай адамлардың саўалыўы қыйын болады. Кеселликлердиң тийкарғы себеби адамлардың нәпсинде болады. Нәпсин тәрбиялаўды, тыйыўды билмейтуғын адамлардың бахытлы болыўы, саламат болыўы қыйын болады. Адам дәслеп ɵзин бахытлы қылса биреўди бахытлы қыла алады, ɵзин саламат қылса биреўди саламат қыла алады, ɵзин тәрбияласа биреўди тәрбиялай алады, ɵзин, нәпсин басқара алса биреўди басқара алады.
@psixolog_nukus