ТANISAMIZ.


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa: Siyosat



Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Toifa
Siyosat
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


Əўелемен-дүўелемен

Ойын Қарақалпақстан телерадиоканалы тәрепинен Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқалалар жыйынында сүўретке алынған.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


❗️Рәсмий: 4 күн избе-из дем алыс күни болады

Президент пәрманына бола, Ораза ҳайыты мүнәсибети менен төмендеги 4 күн дем алыс күни болады:

21-апрель, жума — Ҳайыт байрамы;

22-апрель, шемби — 6 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;

23-апрель, екшемби — әдеттеги дем алыс күни;

24-апрель, дүйшемби — 6 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни, 5 күнлик жумыс ҳәптесиндегилер ушын көширилген (29-апрель шембиден) дем алыс күни


РАМАЗАНДАҒЫ САДАҚА – ЕҢ УЛЛЫ САДАҚА


Аллаҳ таала Өз ғǝзийнесинен бенделерине қанша неъмат берсе де, оннан ҳеш нәрсе кемеймейди. Рәббимиз биз бенделерин де Ѳзиниң сыпатларынан ѳрнек алып, мудамы сақаўатлы болыўға ҳǝм садақа бериўге буйырады. Келиң усы орында тийкарынан “садақа” ѳзи не екенлиги ҳаққында билип алсақ.
“Садақа” дегенде биреўге қандайда материаллық ҳǝм руўхый жǝрдем кѳрсетиў түсиниледи. Бирақ “садақа” сѳзи сѳзликте “жақсылық етиў, жақсы ис кѳрсетиў” мǝнислерин де аңлатады.
Аллаҳ таала Өзиниң уллы кәламы Қураны кǝриймниң бир неше аятларында садақа ҳǝм жақсылық етиўге буйырған. Ибраҳим сүресиниң 31-аятында: “(Ҳәй Муҳаммад!) Сен ийман келтирген бенделериме айт, намазын кәмил оқысын. Саўда-сатық, таныс-билис болмайтуғын Күн (қыямет) келместен алдын оларға Биз ырысқы етип берген нәрселеримизден жасырын ҳәм ашықтан-ашық садақа қылсын!”, деп айтады.
Рамазан бул - меҳир-мүриўбет, сақаўат айы. Усы ай мүнǝсибети менен бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов Республикалық онкология ҳǝм радиология илимий ǝмелий медицина орайы Қарақалпакстан филиалында емленип атырған 12 жас ѳспиримлерге ойыншықлары ҳǝм азық-аўқат ѳнимлерин берди, олардың ҳалынан хабар алды ҳǝм Аллаҳ тааладан наўқаслардың денсаўлығына шыпа сорап дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
📹 Америкалы 38 жаслы ҳаял қарақалпақ тилин үйренбекте

Америкада жасайтуғын 38 жаслы Эрнестин өзиниң «YouTube» каналына қарақалпақ тилин үйренип атырғаны ҳаққындағы видеоны жайластырды.

«Бүгинги видео тек қарақалпақ тилинде. Видеодағы басланғыш билимлеримди көриўиңиз мүмкин», дейди ол.

Бүгинги күнде оның YouTube каналында ағзалар саны 1 мың 840 тан аслам. Видеоны көргенлер болса өзлериниң жыллы пикирлерин билдирмекте.


"ХАЛҚАБАД"тың 105 жыллығы белгиленеди

📖Қаллы Айымбетовтың "Халық даналығы" китабынан

"Халқабад 1917-1918-жыллары баспашылардан сақланыў ушын қамал болып қалада базар пайда болған екен. "Жаўдан аман қалдық елимиз абад болды" деп қаланың атын "Халқабад" қойған екен.

✍️Әне усы тарийхқа нәзер таслап қарайтуғын болсақ, мине быйыл "Халқабад" елатының дүзилгенлигине саррас 105 жыл толады.

Кегейли районында бул уллы сәнени көтериңки руўхта белгилеў илажлары усы жылдың ноябрь айында өткерилиўи бойынша Халық депутатлары районлық Кеңестиң шешими қабыл етилди.

Гүллан район халқын Халқабадтың әсирден асқан 105 жыллық тойына мүнәсип жетискенликлер менен қатнасыўға шақырып қаламыз!

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Астанада қар жаўыўда даўам етпекте!

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


"Қараўымбет" дуз кәни

Қарақалпақстанның Үстирт жазықлығындағы «Қараўымбет» дуз кәни - елимиздиң тийкарғы тәбийғый байлықларының бири.

«Қараўымбет» дузындай болсын дуз болса,
«Барса келмес»тиң көп сыры ашылсын.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды.

Қарақалпақстан Республикасы Архив иси басқармасы

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN




Жоқарғы Кеңес Баслығы Жаслық ППЖ пуқаралары ушын жеке қабыллаўын ѳткерди

Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен республикамыздың алыс, ең шетки аймақларынан есапланған Қоңырат районының Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлка пуқаралар жыйынлары, Бостан аўыллық пункти пуқаралары ушын жеке қабыллаўын ѳткериў режелестирилген еди.

Күнниң екинши ярымында Жоқарғы Кеңес Баслығы Жаслық ППЖ турғынларының мүрәжатларын тыңлаў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде аймақта болды.

Қабыллаў даўамында бир қатар мәселелер, соннан, коммуналлық хызмет кѳрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, медициналық жәрдем бериў, бәнтлигин тәмийинлеў, турақ жайларын оңлаў, контракт пулларын тѳлеп бериў ҳәм басқа да күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Өз нәўбетинде, барлық билдирилген мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының қадағалаўына алынып, басым кѳпшилиги орнында шешимин тапты.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы"Жаслық" посёлкасына да 450 мың доллар муғдарындағы Социаллық орай қурылысы ушын жойбар тастыйықланды. Социаллық орайда пуқаралар ушын сапалы медициналық хызметлер көрсетиў менен бирге халыққа хызмет көрсетиў орынларын шөлкемлестириў белгиленген. Мәселен, тигиў цехы, оқыў орайы менен кәсипке таярлаў орайлары усылар қатарынан.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев өз сөзинде “Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның ҳуқықы бар” деп атап өткен еди. Өткерилген қабыллаў арқалы бул сөз өз тастыйығын таўып, олардың ҳуқықлары тийкарында мүрәжатларының шешимин табыў бойынша зәрүрли илажлар көрилди.

Бундай ийгиликли ислер республикамыз бойлап буннан-былайда даўам еттириледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети




Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
⚡️Ҳаял-қызларымыз барлық тараўда белсенди!

Елимизде ҳаял-қызларымыз көбирек социаллық салаларда жумыс алып барыўына көнлигип қалғанбыз. Бирақ, арамызда ер адамлар менен теңдей мийнет етип атырған ҳаял-қызларымыз да баршылық. Бул видеодағы апамыз тракторды бойсындырған ҳаяллардан.

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ассалаўма әлейкум ҳүрметли канал ағзалары. Басланған күниңиз сәтли ɵтсин.

@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


ҚӘДИР ТҮНИ

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Қәдир түнин Рамазанның ақырғы он күнлигиниң тақ түнлеринен излең...»

❗️Ақырғы он күнлик тақ түнлери

🗓 21-түн – 11-апрельден 12-апрельге өтер түн .

🗓 23-түн – 13-апрельден 14-апрельге өтер түн .

🗓 25-түн – 15-апрельден 16-апрельге өтер түн .

🗓 27-түн – 17-апрельден 18-апрельге өтер түн .

🗓 29-түн – 19-апрельден 20-апрельге өтер түн .

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
@QARAQALPAQMILETARIUSHIN


❗️Ең таза ишимлик суўына ийе мәмлекетлер

🇦🇹 Австрия
🇫🇮 Финляндия
🇬🇷 Греция
🇮🇸 Исландия
🇮🇪 Ирландия
🇲🇹 Мальта
🇳🇱 Нидерландия
🇳🇴 Норвегия
🇨🇭 Швейцария
🇬🇧 Уллы Британия

@QARAQALPAQMILETARIUSHIN


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Замира Хожаназарова....
(1961-1990)


@QARAQALPAQMILETARIUSHIN


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
@QARAQALPAQMIILLETARIUSHIN


13-апрель күни Қарақалпақстанда ҳаўаның температурасы кескин көтерилиўи прогноз етилди

Прогнозларға бола, Түркменистанның Лебап ҳәм де Мары ўәлаятларында ҳаўаның температурасы +42°C қа шекем кескин көтерилиўи себепли Қарақалпақстан аймақларында да +36...+38°C ыссы болыўы күтиледи.

14-апрельден баслап ҳаўаның температурасы тағы кескин төменлеп, жаўын-шашын болыўы мүмкин.

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

188

obunachilar
Kanal statistikasi