Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Рак болып аўырған бала менен әкеси арасындағы сәўбет


👉📖 Перзентлериниң машқалалары ата-аналардың толық бахытлы болыўына жол қоймайды. Өйткени, балалардың азап шегиўи ҳәм бахытлы мәўритлери ата-анасының азап шегиўи ҳәм бахытлы мәўритлери болып табылады. Булар тиккелей өз-ара байланыста. Ҳәм, егерде ата-аналар перзентлерине олар 5-15 жас аралығында дурыс, әдеп-икрамлылық тәрбиясын бере алса, онда келешекте перзентлериниң алдында турған азаплар әдеўир кемейеди ҳәм нәтийже унамлы болады.






Сорау: Улкен хожалык болып жасаган макул ма ямаса оз алдына баска шыккан ба?❓


Муҳаммед Баўетдинов dan repost
39-40-бетлеринде мысаллар Саза журналынан алыныпты.


Муҳаммед Баўетдинов dan repost
Саза журналындағы материаллар мектептиң оқыў сабақлықларынан орын алыпты 👏👏👏


Сүйеўбаева Қызлархан Есенгелдиевна dan repost
10-klass ana tili (2022) @kitapxana_2021.pdf
68.3Mb
#sabaqlıq

📚 Ana tili 10-klass ushın sabaqlıq (2022)

@kitapxana_2021


Және бир жаңалық 👇👇👇✊😁




👉📖 Ерте ертеди, жәмийеттиң әпиўайы адамлары (хызметкерлер) көрискенде қалай аманласқанын билесиз бе? Денсаўлық қалай, деп… Исбилерменлер қалай сорасысқан? Жумыслар (бизнес) қалай, деп… Басшылар, басқарыўшылар бир-бири менен – пуқараларың бахытлы ма, деп сорасады екен. Жәмийеттиң интеллектуаллары, руўхый-диний адамлар «Өлимге мүнәсибетиң қандай? Сен өлимди жеңдиң бе?» деп сорасатуғын болған.
Өлим – ең соңғы ҳәм ең әҳмийетли имтихан. Ол келген пайытта адам өзин қалай тутады – өлимнен кейин оның тәғдири усыған байланыслы.


Ҳәмме нәрсе өзиниң дәрегине умтылады. Нәресте анасына умтылады, таўдан таслар жерге домалайды. Усылайынша, жер жер менен араласады. Ең ақырында суў өзи шыққан океанға қуйылады. Жалын қаяққа умтылады? Жоқарыға, Қуяшқа. Тап усындай, жан Қудайға умтылады.👉📖


Ассалаўма алейкум заманласлар!

Ҳәммеңизди жаңа жыл менен қутлықлайман! Ҳәммеңизге саламатлық, бахыт, әўмет, мол табыс тилеймен. Әтирапыңызда бар жақынларыңызға дыққатлы болың, оларды жақсы көриң, жақсы көретуғыныңызды оларға айтың, сонда олар да сизди жақсы көреди. Өйткени, бул дүньяда ең әҳмийетли – жақсы көриў ҳәм жақсы көрилиў!
Байрамлар менен!
🎄⛄️


Меҳир көп гүналардан пәклейди. Әдетте, басқа адамның надурыс ис-ҳәрекетин көргенимизде биз оны қаралаймыз. Дуўа еткенде болса, адам өз жақынларын қаралаўдың орнына оны аяйды, оның айып ҳәм кемшиликлерин кеширеди, өзи ҳәм ол ушын Қудайдан кеширим сорайды.
Сондай-ақ, аўырғанда ҳәм әтираптағылардың итибарсызлығы, олардың суўыққанлығы ҳ.т.б.ларға шыдап турғанда налынбаў керек, оның орнына шын жүректен: «Бул нәрселер өзим себепли болып атыр ҳәм мен усыларды қабыл етемен» деп ойлап, Қудайдан және кеширим сораймыз.


📖👉 Бизлердиң ҳәр биримиздиң ата-аналарымыз ҳәрқыйлы. Не ушын? Аллатаала «Мынаған оқымыслы, раўажланған ата-ана, ал мыналарға болса – ҳешнәрсе түсинбейтуғын, урыса беретуғын ата-ана берейин» демейди. Ағайин-туўысқанлар, бала-шаға менен де тап усындай. Бизлердиң ҳәммемиз бир-биримизге ылайықпыз. Мениң өзим сондайман ҳәм сонлықтан маған усындай ата-ана, бала-шаға, ағайин-туўысқан… берилген.
Айыпты басқалардан излейтуғын адам еле көп нәрселерди билмейди. Қәлеген жағдайда болып атырған қубылысларға Алладан миннетдар адам – өмирди түсинген адамдур.


"Папам елеге шекем маманы сөгип урысып қырылысып келеди. Қандай жол тутыўға болады❓


Турмыслық кеңеслерди турмыста табысларға ерискен адамлардан алыў керек. Мысалы, пул табыў бойынша кеңеслерди жыллар даўамында әўметли бизнес шөлкемлестире алған исбилерменнен, шаңарақ тәшўишлери бойынша 10 жылдан артық шаңарақлық тәжирийбеге ийе ҳәм ҳәзир зайыбы менен унамлы мүнәсибет орната алған адамнан алыў керек… Усы шәртке жуўап бере алмайтуғын жораңнан, қоңсыңнан, әжапаңнан, мерекеде бирге отырып қалғанлардан, дипломлы қәнигеден… емес


Өмирлик парызларын атқарып жүрген адамлар ҳәр тәреплеме күшли болады. Сонлықтан Саза журналында «Әдеп-икрамлылық – жеңилмес күш» деген рубрика болатуғын еди. Әдеп-икрамлылық – өмирлик парызлардың ишиндеги ең әҳмийетлиси. Ҳәм соның ушын, парызларыңызды орынлап баслаң ҳәм күшли болың 😜🎄⛄️


Руўхый-диний раўажланыў әўметли болыўға алып келеди🎄⛄️😁


Ассалаўма алейкум заманласлар!
Аллатаала ушын тутқан аскезаларыңыз қабыл болсын🤲, ҳәммеңизге жақсы кейпиятлар ҳәм басқа унамлы сезимлер😁👍

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.