Taхтакөпир таңы газетасы


Kanal geosi va tili: Qozog‘iston, Qozoqcha


Хызмет еткил удайына халық ушын!Тахтакөпир районының жәмийетлик-сиясий, әдебий газетасы @taxtakopir_tańı

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
Qozog‘iston, Qozoqcha
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Франция Президенти Эммануэль Макрон Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевты  өзбек тилинде қутлықлады.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Президент Шавкат Мирзиёев Францияның жоқары сыйлығы-Ҳүрметли легион ордени менен сыйлықланды.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Joqarǵi keńes.uz dan repost
️"Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-96-санлы, 07.03.2025-ж.) қабыл етилди.

️Ҳаял-қызларды исбилерменлик жумысына тартыў ҳәм олардың жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2025-жылда қосымша 200 миллион АҚШ доллары қаратылады. Бунда:

➡️ Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды еки ҳәпте мүддетте 7 жыл мүддетке жыллық Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында жәми 100 миллион АҚШ доллары эквивалентинде, соннан төмендеги банклерге кредит ресурслары ажыратылады:

🔴 «Халық банки»не 35 миллион АҚШ доллары;

🔴 «Бизнести раўажландырыў банки»не 35 миллион АҚШ доллары;

🔴 «Микрокредитбанк»ке 30 миллион АҚШ доллары муғдарында.


➡️ Коммерциялық банклер «Мәҳәлле жойбары» бағдарламасы шеңберинде жойбарларды қаржыландырыў ушын сыртқы финанс базарларынан 100 миллион АҚШ долларын тартады.

“Хотин-қизлар тадбиркорлигини ривожлантиришни қўллаб-қувватлашга оид қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида”ги Президент қарори (ПҚ-96-сон, 07.03.2025 й.)
қабул қилинди.

❗️ Хотин-қизларни тадбиркорлик фаолиятига жалб этиш ва уларнинг лойиҳаларини қўллаб-қувватлаш мақсадида 2025 йилда қўшимча 200 миллион АҚШ доллари йўналтирилади. Бунда:

➡️ Тикланиш ва тараққиёт жамғармаси икки ҳафта муддатда 7 йил муддатга йиллик Марказий банкнинг асосий ставкасида жами 100 миллион АҚШ доллари эквивалентида, шундан қуйидаги банкларга кредит ресурслари ажратилади:

🔴 "Халқ банки"га 35 миллион АҚШ доллари;

🔴 "Бизнесни ривожлантириш банки"га 35 миллион АҚШ доллари;

🔴 "Микрокредитбанк"га 30 миллион АҚШ доллари миқдорида.


➡️ Тижорат банклари "Маҳалла лойиҳаси" дастури доирасида лойиҳаларни молиялаштириш учун ташқи молия бозорларидан 100 миллион АҚШ доллари жалб қилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
💰Стажы 7 жылға жетпейтуғын пуқараларға ғаррылық напақасын тайынлаў тәртиби менен видео арқалы танысып алың

Нызамшылыққа муўапық, мийнет стажы 7 жылға жетпеген еркеклер 65 жаста, ҳаяллар 60 жаста жасқа байланыслы (ғаррылық) напақасын алыўы мүмкин.

Бул напақаны алыў ушын пуқара мәмлекетлик хызметлер орайы, “Инсан” орайы яки жасаў жериндеги пуқаралар жыйынындағы социаллық хызметкер арқалы арза береди.

Бүгинги күнде жасқа байланыслы напақаның муғдары 745000 сум.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


#Jeke_qabıllaw

Búgin Taxtakópir rayonı hákimi J.Adilov puqaralardıń múrájatlerin qabıl etiw, usınıs hám pikirlerin tıńlaw maqsetinde gezektegi jeke qabıllawın ótkerdi.

Qabıllaw dawamında puqaralardıń bántlik, turaq jayın ońlaw, materiallıq járdem, kadastr máselesi hám basqa da túrli turmıslıq mashqalaları boyınsha múrájatları tıńlandı.

Bildirilgen múrájatlardıń ayırımları sol orınnıń ózinde sheshimin tawıp, úyrenip shıǵılıwı ushın waqıt talap etetuǵın múrájatlar boyınsha juwapker qánigelerge tapsırmalar berildi.

Taxtakópir rayonı hákimliginiń málimlime xızmeti

Аǵza bolıń:
https://t.me/taxta_tani


⚡️Енди исбилерменлер ҳәм юридикалық шахслар «свет» ҳәм газды артықша пайдаланғаны ушын 2 есе емес, ал 20% көбирек пул төлейди

💰Исбилерменлик субъектлери ҳәм басқа юридикалық шахслар электр энергиясы ҳәм газ лимитинен 20% ке шекем артықша пайдаланса, тариф ставкасы бойынша төлей береди. Егер артықша пайдаланыў муғдары 20% тен артық болса, тариф ставкасы 20% ке қымбатлайды.

☝️Алдын исбилерменлер лимиттен 10% артық пайдаланса, тариф ставкасы еки есеге қымбатлар еди.

❗️Бул өзгеристиң пуқараларға тәсири жоқ.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


#Күн_ҳикмети

Инсанларды жумыс ислеўге тек ғана еки нәрсе мәжбүр етеди: ис ҳақысын алыў ҳәм оны жоғалтыўдан қорқыў.

Генри Форд

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


#шайыр_поэзиясынан

*     *     *
Дәўир бизге аўыр жүгин артады,
Адам жүклеп, адам оны тартады.
Өмир деген азап па деп ойласақ,
Бир жағында қуўанышы бар тағы.

Дәўир бизге қуўанышты артады,
Биреў күлип, биреў қосық айтады.
Өмир деген ҳәзлик пе деп ойласақ,
Бир жағында машқаласы бар тағы.

Төлепберген МӘТМУРАТОВ

«Гөззаллық оянды» китабынан (1970)

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


⚡️Жасларға 100 млн сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи

📃 Президенттиң 14.02.2025-жылдағы ПҚ-62-санлы қарарына тийкарланып, 2025-2027-жылларда "Жаслар бизнеси" бағдарламасы әмелге асырылады:

💰Усы бағдарлама шеңберинде "Бизнеске биринши қәдем" жойбарына муўапық 18 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған социаллық салық төлеген өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға онлайн формада жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 100 млн сумға шекем кредитлер жеңиллетилген микроқарыз ретинде ажыратылады.

💸"Жаслар ушын жумыс орынлары" жойбары тийкарында ЖШЖ ретинде жумыс алып барыўшы жас пуқараларға, сондай-ақ, шөлкемлестириўшилери жас пуқаралар болған юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалда жумыс алып барыўшы киши исбилерменлердиң кеминде 20 жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутыўшы жойбарларына жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 5 млрд сумға шекем қаржылар ажыратылады.

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Пенсионерлерге мал-мүлк салығынан жеңиллик қандай тәртипте қолланылады

🔹Дурыс, мүлк салығынан пенсионерлердиң 60 м2 шеңбериндеги мүлки азат етиледи.

🔹Жер салығынан тек ғана жалғыз баслы пенсионерлер азат етилген.

️Жалғыз пенсионерлер - жалғыз ямаса ержетпеген балалары менен ямаса майыплығы болған баласы менен бирге өз алдына үйде жасайтуғын пенсионерлер.

Жеңилликлер пенсия гүўалығы тийкарында бериледи.

️Салық жеңилликлерине ийе болған шахслар салық жеңилликлерин алыў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин салық обекти жайласқан жердеги салық уйымларына еркин түрде усынады.

Пенсионерлерге жиберемиз!

Ағза болың:
https://t.me/taxta_tani




Assalawma áleykum, áziz hayallar!
Húrmetli analar, qádirli apa-sińliler!


Bárinen burın sizlerdi, sizlerdiń tımsalıńızda barlıq analarımız, apa-sińlilerimız, dilbar qızlarımızdı gózzallıq bayramı bolǵan 8-mart - Xalıqaralıq hayal-qızlar kúni menen rayonımız belsendileri, keń jámiyetshilik wákilleri atınan qızǵın qutlıqlayman!

Sizler - ómir bulaǵı, miyrim-shápáát hám gózzallıq tımsalısız! Jámiyetimizdiń rawajlanıwı, keleshek áwladtıń tárbiyası, abadan shańaraqlar hám jaqsılıq jolındaǵı baslamalardıń basında siz áziz hayallar turasız!

Húrmetli analar, mehriyban apa-sińliler!

Bársheńizdi jáne bir márte Xalıqaralıq hayal-qızlar bayramı menen shın kewlimnen qutlıqlap, sizlerge saw-salamatlıq, shańaraqlarıńızǵa amanlıq, mol ırısqı-nesiybe, dásturxanlarıńızǵa qut-bereket tilep qalaman.

————
Assalomu alaykum, aziz ayollar!
Muhtarama onalar, qadrli opa-singillar!

Avvalo sizlarni, sizlarning timsolingizda barcha onalarimiz, opa-singillarimiz, dilbar qizlarimizni go‘zallik bayrami bo‘lgan 8-mart - Xalqaro xotin-qizlar kuni bilan tumanimiz faollari, keng jamoatchilik vakillari nomidan samimiy tabriklayman!

Sizlar - hayot bulog‘i, mehr-oqibat va nafosat timsolisizlar! Jamiyatimiz taraqqiyoti, kelajak avlod tarbiyasi, farovon oilalar va ezgulik yo‘lidagi tashabbuslar avvalida siz, aziz ayollar turasiz!

Muhtarama onalar, mehribon opa-singillar!

Barchangizni yana bir bor Xalqaro xotin-qizlar bayrami bilan chin qalbimdan tabriklab, sizlarga sihat-salomatlik, xonadonlaringizga tinchlik-omonlik, dasturxonlaringizga fayzu baraka tilab qolaman.

Hurmat bilan,
Taxtako‘pir tumani hokimi
Adilov Jambul Agitaevich


Taxtakópir rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

Аǵza bolıń:
https://t.me/taxta_tani


Joqarǵi keńes.uz dan repost
Әдиўли аналар, қәдирли ҳаял-қызлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил ҳаял-қызларды бәҳәр паслының туңғыш байрамы, өзинде гөззал сезимлерди, жақсы нийет ҳәм ийгиликли мақсетлерди жәмлеген әжайып әйям – 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Сизлер биз ушын ең дәслеп қәдирли ана, әзиз Ўатан, шаңарақ тымсалы, шеги жоқ меҳир ҳәм жақсылық дерегисиз.

Бәршеңизге мәлим, халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды бәрҳәма қәстерлеп келген.

Бул жоқары қəдирият бүгинги күнде де улығланып, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик - сиясий турмыста белсендилигин арттырыў – мәмлекетлик сиясаттыӊ баслы бағдарларынан бирине айланып үлгерген.

Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Сизлерди бүгинги бәҳәр байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әйямы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман!

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, қут-берекет, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

Ана-Ўатанымыз, халқымыз, ел-журтымыз, бəршемиздиң бахтымызға ҳəмийше аман болғайсызлар.

Ҳурматли оналар, қадрли хотин-қизлар!

Сизларни, сизлар орқали барча хотин-қизларни баҳор фаслининг биринчи байрами, ўзида гўзал туйғуларни, эзгу ният ва олижаноб мақсадларни мужассам этган ажойиб айём - 8 март - Халқаро хотин-қизлар байрами билан чин қалбимдан табриклайман.

Сизлар биз учун аввало қадрли она, азиз Ватан, оила тимсоли, чексиз меҳр ва эзгулик манбаидирсиз.

Барчангизга маълум, халқимиз азалдан гўзаллик тимсоли бўлган мўътабар оналар ва дилбар қизларга алоҳида ҳурмат кўрсатиб, уларни доимо эъзозлаб келган.

Бу юксак қадрият бугунги кунда ҳам улуғланиб, ҳурматли Президентимизнинг бошчилигида юртимизда хотин-қизларга ғамхўрлик кўрсатиш, уларни ҳар томонлама қўллаб-қувватлаш, ижтимоий-сиёсий ҳаётда фаоллигини ошириш - давлат сиёсатининг устувор йўналишларидан бирига айланиб улгурган.

Ҳурматли хотин-қизлар!

Сизларни бугунги баҳор байрами, яшариш ва янгиланиш айёми билан яна бир бор самимий табриклайман!

Сизларга мустаҳкам соғлиқ, хонадонларингизга омонлик, файзу барака, ишларингизда улкан зафарлар тилайман.

Она-Ватанимиз, халқимиз, эл-юртимиз, барчамизнинг бахтимизга доимо омон бўлинглар.


Аманбай Орынбаев
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси



Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Joqarǵi keńes.uz dan repost
Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қосқан үлеслери ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўма инсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызларға:

«Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери,  Жоқарғы Кеңестиң «Ҳүрмет жарлығы», Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң «Мўътабар аёл» көкирек нышаны, Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.

Байрам салтанаты көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Шунингдек, юртимиз мустақиллигини мустаҳкамлаш, унинг ижтимоий-иқтисодий салоҳиятини юксалтиришга қўшган ҳиссалари ҳамда ёш авлодни Ватанга садоқат, умуминсоний қадриятлар руҳида тарбиялашдаги хизматлари учун бир гуруҳ хотин-қизларга:

«Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» кўкрак нишонлари, Жўқорғи Кенгеснинг "Фахрий ёрлиғи," Ўзбекистон Республикаси Оила ва хотин-қизлар қўмитасининг "Мўътабар аёл" кўкрак нишони, Вазирлар Кенгашининг "Фахрий ёрлиғи" топширилди.

Байрам тантанаси санъат ва маданият ходимлари ижросидаги концерт дастури билан давом этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Joqarǵi keńes.uz dan repost
Бүгин Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде "8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни" мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтпекте.

Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Буннан соң, бир топар ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен:

Даулетова Гулистан Отемисовна – «Қарақалпақстан Республикасы халық шайыры»;

Ходжаниязова Зулхумор Ибрагимовна – «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаулықты сақлаў хызметкери ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Бугун Нукус шаҳридаги Оқ қуш мажмуасида "8 март - Халқаро хотин-қизлар куни" муносабати билан байрам тантанаси бўлиб ўтмоқда.

Унда дастлаб Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, йиғилганларни байрам муносабати билан табриклади.

Бундан сўнг бир гуруҳ хотин-қизларни тақдирлаш маросими ўтказилди.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Президиуми қарори билан:

Даулетова Гулистан Отемисовна - «Қорақалпоғистон Республикаси халқ шоири»;

Ходжаниязова Зулхумор Ибрагимовна - «Қорақалпоғистон Республикасига хизмат кўрсатган соғлиқни сақлаш ходими» фахрий унвони билан тақдирланди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube

15 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.