Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓

Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


ӨЗИҢИЗДИ

Ойланыңлар, ашың енди көзиңизди,
Ойлап сөйлең сөйлейтуғын сөзиңизди.
Басқаларды өзиңизден төмен көрип,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Жақсы болып қалдырыңлар изиңизди,
Тығабермей өзгелерге бизиңизди.
Зорға көрип жүрип алып күниңизди,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Жас үлкенниң айтқанына қулақ салмай,
Жас кишини жутайын деп шайнап, жалмай.
Дана адам ақыл айтса оны алмай,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Бирге жүрген жораңызға дузақ қурып,
Билмейди деп тәрезиден ҳақын жырып.
Ишип алып аяғыңда зорға турып,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Умытып кешеги жүрген күниңди,
Сойлейсең таңлайға төсеп тилиңди,
Артпай турып кеўилдеги кириңди,
Дым ақыллы сезебермең өзиңизди.

Ансатбай Каражанов
26.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ҚАРАҚАЛПАҚПАН.

Тарийхын айтсам мен әўели бастан,
Ҳәр бир батырының өзи бир  дәстан,
Сабырлықта беккем ҳәттеки тастан,
Ар-намысқа қанық Қарақалпақпан.

Жолына қойғанда душпанлар қақпан,
Тек жәрдем сораған жаратқан ҳақтан,
Ҳадал мийнет етип ырысын тапқан,
Ар намысқа қанық Қарақалпақпан.

Бул журтқа жерленген Ҳәким Улықпан,
Ата бабам оның жолларын тутқан,
Ғам шексе билдирмей ишине жутқан,
Ар-намысқа қанық Қарақалпақпан.

(Өтирикти ырас етип айтпаған,)
Ҳақты айтып сөзинен ҳеш қайтпаған,
Намыс ушын туўған елин сатпаған,
Ар-намысқа қанық Қарақалпақпан.

Ансатбай Каражанов
Ташкент
Архивтен

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


МУҒАЛЛИМ

Муғаллим бақырса жүрмең шағынып,
Ашыўланып қабақ үйип, қағынып,
Келешек сизлерден оқыўшы жаслар,
Оқың бәрҳә муғаллимге бағынып.

Болсын дейди ол сизлерди билимли,
Туяна ҳәм оқымыслы, илимли,
Муғаллимниң қулақ салып гәпине,
Ең жақсысы оқығаның тийимли.

Билим алған пайдалы тек өзиңе,
Қулақ салың оқыўшылар сөзиме.
Тапсырманы орынламай берилген,
Шөп салмаңлар муғаллимниң көзине.

Муғаллим бул жол жарытқыш шырақдур,
Жаманлықтан анағурлым жырақдур,
Жаслайыңнан билим менен суўғарған,
Уллы, Әзийз, кәраматлы булақдур.

Муғаллим бул оқыўшының панасы,
Мийримли ҳақ кеўил ата-анасы,
Жасларға тәлим ҳәм тәрбия берген,
Адамлардың ақыллысы, данасы.

Ансатбай Каражанов
25.01.2024

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ТАРЛЫҚ ЕТКЕН ЖАРАСПАЙДЫ.


Берилмеңлер бул гәпиме ашшыға,
Сырттан емес жүзге айтқан жақсы-дә.
Билмесеңлер билип қойың яранлар,
Тарлық еткен жараспайды басшыға.

Асын қызғанғанды мийманнан келген,
Бундай жигитлерди деседи өлген.
Тарлық етсең бул өмирде яранлар,
Ҳеш қашан болмайды орының төрден.

Ўақыт өтип билинеди барлығы,
Кимниң кеўили кең яки тарлығы.
Жалатайдың шығаберер соңынан,
Шалалығы, шийкилиги, қамлығы.

Ашыўланып үйебермей қабақты,
Алған жақсы бул өмирден сабақты.
Ас пискенде созаберсең табақты,
Жақтырмайды ҳеш ким тегин тамақты.

Мүтәж емес келген қонақ асыңа,
Бул гәплерди айтпадым мен асыра.
Қосық қылып төгип салдым қағазға,
Отыра алмастан ишке жасыра.

Ансатбай Каражанов
25.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АРАҚ ҲАҚҚЫНДА

Бул гәплерди қуйып алың қулаққа,
Бул өмирде барғың келсе узаққа,
Дус келгенде қыйынлыққа, сынаққа,
Қуштар болыў керек емес араққа.

Жеткиң келсе мақсетиңе муратқа,
Ишип алып сәўир ярды жылатпа.
Бар пулыңды ислетпестен тамаққа,
Қуштар болыў керек емес араққа.

Ишимликке жолдас болсаң жасыңнан,
Ғам-тәшўишлер үйиледи басыңнан.
Ишип келип түсиниксиз сөз сөйлеп,
Шаңарақтың берекетин қашырмаң.

Ишеберсең таўсылады қуўатта,
Ең соңында қаласаң тек уятқа,
Ишип тура алмағанша аяқта,
Қуштар болыў керек емес араққа.

Шаңараққа ишип келиў дурыспа?
Усындайдан болар кеўил суўыспа.
Билсеңизлер Арақ деген тек ғана,
Сыйып турар шийше деген ыдысқа.

Ансатбай Каражанов
23.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛАР АРТЫҢДА.

Байлық дүнья мал деп түспе салқынға,
Қунықпа ҳеш қашан зерге, алтынға.
Жаныңыз аманат бес күн жалғанда,
Тек ғана жақсылық қалар артыңда.

"Жаманнан дақ қалар, ал жақсыдан бағ"
Деген сөз бар қарақалпақ халқында.
Бир өмир минсеңде әмел деген ат,
Тек ғана жақсылық қалар артыңда.

Қуштар болсаң даў-жәнжелге, шаўқымға,
Шақаң түўе, бөртпей қалар нартыңда.
Ҳәмме қонақ бул бес күнлик жалғанда,
Тек ғана жақсылық қалар артыңда.

Дүнья мал қалады кетпейсең алып,
Алған жақсы бенде Алланы танып.
Баҳаңды бериўши Тәңир ҳәм халық,
Тек ғана жақсылық қалар артыңда.

Жүрген жаман мал-дүньяға таласып,
Жүрген жақсы мүсәпирге қарасып.
Жақсылық бул болсын бизге жарасық,
Тек ғана жақсылық қалар артыңда.

Ансатбай Каражанов
23.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ӨМИР БАҚЫЙ ҲЕШ БИР АДАМ ТУРМАЙДЫ.

Адамзат өмирге бес күнлик мийман,
Шайтан яңлы ҳасла өсек сөз жыймаң,
Жүреклерде болсын ҳүждан ҳәм ийман,
Өзгени жылатып ырысқын қыймаң.

Зикир етсең тилге алып қудайды,
Жаман адам өз-өзинен қулайды,
Адам деген барлығына шыдайды,
Өмир бақый ҳеш бир адам турмайды.

Тәғдир деген алып берип сынайды,
Сабырлылар тәңириме унайды,
Сабырсызлар тек налыйды, жылайды,
Өмир бақый ҳеш бир адам турмайды.

Базылар бар әмел тийсе қыйнайды,
Жақынларын ол қасына жыйнайды,
Бир өзиндей жер жәҳәнге сыймайды,
Өмир бақый ҳеш бир адам турмайды.

Ол ойлайды, көз жас деген урмайды,
Көз жас урса бириң еки болмайды,
Мөминлерди жалғыз Алла қоллайды,
Өмир бақый ҳеш бир адам турмайды.

Ансатбай Каражанов
Архивтен

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Балалығымнан әкем менен үйдеги малларға пишен орыў ушын бирге барар едим.
Бир күни әкем маған атамның судья (қазы) болғанлығын айтып берип отырып атамның бир ақыл сөзлерин айтып берген еди.
Атам әкеме былай деген екен егерде судья "қазы" болыўды қәлесең пара есесине болыўшы болма, егерде пара есесине қазы болсаң жаратқан ийем саған сондай бир машқала, басың шықпайтуғын даўға дуўшар етеди" сонлықтан туўры жолдан жүрип қазылық мәртебесине ерискениң мақул деген екен, егерде дурыс жолдан жүрип ҳадал пәк судья "қазы" болсаң жаратқан ийем ҳәр қандай бәле апатлардан асырайды деген екен.
Усы гәплерди еслеп отырып усы қатарларды тердим.


Пара есесине болсаңлар қазы,
Сизден бәрҳә Алла болар наразы.
Алла қәҳәрине ушырап бир күн,
Бири еки болмай кетти биразы.

Ҳадал пәк болсаңлар ҳәмме ыразы,
Жаңлайды сен ушын халықтың сазы.
Бул гәпти қулаққа қуйып алыңлар,
Пара есесине болмаңлар қазы.

Ҳүжданыңды сатып гүнәға батпа,
Инсанның тәғдири сен ушын затпа?
Айыпсыз адамға айыпты тақпа,
Егерде болсаңлар ҳүжданлы қазы.

Пара есесине болсаңлар қазы,
Сен ушын келмейди өмирдиң жазы.
Өмир ҳақыйқатын айтайын сизге,
Аламан ҳәм Аллаҳ болар наразы.

Дүзеў жолдан жүрип болсаңлар қазы,
Аллаҳ бәрҳә сизден болар ыразы,
Ҳадал ҳәм пәк болсаң бес күн жалғанда,
Кеўилдиң қулпырып жайнайды жазы.

Аңсатбай Каражанов
18.01.2025
Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АҚЫЛ ҲӘМ АХМАҚ ҲАҚҚЫНДА

Билсең ахмақ, өзин ақыл сезеди,
Дана болып ақыллыны езеди.
Ақыл алсаң ахмақлардан егерде,
Бирге жүрген жақыныңда безеди.

Адамзаттың таза болса өзеги,
Бир күни әлбетте өсип өнеди.
Деми питип келсе егер гезеги,
Бай болама кәмбағалма өледи.

Шаўып турса ер жигиттиң ешеги,
Машқаланы ҳә демей-ақ шешеди.
Шаппай қалса ал егерде ешеги,
Шыра киби ол жигитте өшеди.

Қәдириңди билсең егерде өзиң,
Дурыс ҳәмде дүзеў болады сөзиң.
Билесизбе бул өмирде ақылды,
Ахмақтан үйрендим ҳәттеки өзим.

Көп нәрсени билсе дағы даналар,
Еледе көп нәрсе үйренсем дейди.
Бир нәрсени билсе егер шалалар,
Өзинен өзгени билмесин дейди.

Ансатбай Каражанов
18.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai




ЕШЕК

Ешекти өмирде жиним сүймейди,
Кеўил хошым нәзириме илмейди.
Бул өмирде билип қойың яранлар,
Сыйлап сыйпағанды ешек билмейди.

Қамшыға үйренген бул ҳарам ешек,
Урып турмасаңлар кетер қаттыға.
Егерде берсеңлер ешекке кепек,
Ийесин танымай қалар жақтыда.

Ығыр ешек жақсы тартпас арбаны,
Бирақта ат болыў баслы әрманы.
Атқа усап жесем дейди жарманы,
Ханның шығып тез арада пәрманы.

Қанша күтим берсең дағы ешекке,
Ешек ешек болып қалабереди.
Ешек минез болғанлықтан базылар,
Әсте шетке шығып қалабереди.

Сыйлап сыйпап жем бергенди ешеклер,
Ойламайды ҳүрмет қылып атыр деп.
Ешек минез иши тарлар өсеклер,
Қылмаған исиңди қылып атыр деп.

Аңсатбай Каражанов
12.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ТУРК ТИЛИН ҮЙРЕНБЕКШИ БОЛҒАНЛАР УШЫН
ТӨМЕНДЕГИ СИЛТЕМЕ АРҚАЛЫ КАНАЛҒА ӨТСЕ БОЛАДЫ.
СОЛ ЖЕРДЕН ТОЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ АЛСА БОЛАДЫ.👇
@turk_tili_kungrad


ТӨРТЛИКЛЕР

Парасат ҳәм пәм болмаса адамда,
Айланады бундай адам наданға.
Ақыл айтып ис үйретпең ҳеш қашан,
Өз кәсибин сүйген нағыз маманға.
****

Жаслайынан қыйсық өскен ағашты,
Дүзетип болмайды зинҳар деседи.
Ҳәй әкелер қыйсық болмаң өзлериң,
Себеп перзент саған қарап өседи.
****
Қылған исиң сай болмаса сөзиңе,
Гәп келтирер билгил бала өзиңе.
Қаншама бийикке шықсаңда егер,
Май питпесин маңлайдағы көзиңе.
****
Кимге не берилсе Алладан бәри,
Бендеси ҳәлсиздур Алла алдында.
Енди әпиўайы мысал айтайын,
Негизи суў болар аппақ қардыңда.
****
Мийнетте, ҳүрметте Алла тәрептен,
Бериледи екен инсан затына.
Мениң айтқанларым болмай қалды деп,
Ҳасла минегөрмең гәзеп атына.
****
Жақсы болсын десең егерде бала,
Өзиңниң исиңде болмасын шала.
Қылған исиң менен сөзиң бир болса,
Перзентиң болады, ақыллы, дана.
***
Аңсатбай Каражанов
11.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


МӘРТ ПЕНЕН НӘМӘРТ ҲАҚҚЫНДА.

Нәмәрт адам ҳәр күни бир өледи,
Ар намысын қара жерге көмеди,
Көкте жулдыз парламай-ақ сөнеди,
Мәрт адамды Алла жақсы көреди.

Билсең нәмәрт ҳәр муқамға дөнеди,
Қорққанынан ҳәр нәрсеге көнеди,
Ең кеминде күнине бир өледи,
Мәрт адамды Алла жақсы көреди.

Нәмәрт адам шуғыл сөзди тереди,
Әмел берсең көкирегин кереди,
Нәмәрттиң изине нәмәрт ереди,
Мәрт адамды Алла жақсы көреди.

Нәмәрт адам өзгелерге күледи,
Ал мәрт болса өзге ушын күйеди,
Нәмәртке сан тийсе ийттей үреди,
Мәрт адамда Алла жақсы көреди.

Мәртлер түпирмейди ишкен асына,
Ҳеш кимниң салмайды ғаўға басына,
Бул гәпти айтпадым ҳасла асыра,
Мәрт адамды Алла жақсы көреди.

Мәрт пенен нәмәрттиң көп болар парқы,
Мәртлер пүтин болса ал нәмәрт жарты,
Өткен өмиримимиз муғаллим екен,
Бул гәптиң ҳеш бири емесдур қалпы.

Аңсатбай Каражанов
11.01.2024

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ШАҢАРАҚ

"Үйлениў аңсат, үй болыў қыйын"

Жалтақлатпаң нәрестени ортада,
Егерде болсаңлар ҳақыйқый еркек.
Шаңарақ қурылмас ҳасла жортаға,
Дурыс жолға түсиң болмаңлар тентек.

Шайқалса шаңарақ берекет қашар,
Жақсы болсаң ҳәмме қушағын ашар.
Саған буйым емес ойлама нашар,
Хақыйқый ер жигит бахытлы жасар.

Нәресте бийшара ортада жалтақ,
Киргендей кеўлине тикенек, жантақ.
Ҳаялдың қәдирин билиўши еди,
Ҳақыйқый азамат, мәрт қарақалпақ.

Нәресте ырысқын далаға таслап,
Жүргеннен пайда жоқ кейин көз жаслап.
Бири-бирин уқпас базы жуплықты,
Тәрбиялаў керек өзинен баслап.

Жәнжел тоқтамаса шаңарақ үйде,
Келмейди шаңарақ жақсы бир күйге.
Турмыс тәшўишине батып қаласаң,
Арбаны тартпасаң ер менен бирге.

Ансатбай Каражанов
08.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ДОС ҲАҚҚЫНДА

Шыраң жанып турғанда,
Достым көп деп мақтанба.
Дос болып сол жүргенлер,
Түсирмесин қақпанға.

Иси түссе ҳәмме дос,
Танысын танымасын.
Достыңман деп келгенлер,
Ийт киби қаўымасын.

Дәўлетиң турса тасып,
Көбейеди жолдасың.
Дослыққа қәдем басып,
Жүргенлерди қолласын.

Үйиңнен асты ишип,
Түпирген нағыз күшик.
Күшиктен абыйлы бол,
Жүрмесин жоба пишип.

Ийтиңниң дос болғаны,
Оғада қуўанышлы,
Достыңның ийт болғаны,
Оғада аянышлы.

Ансатбай Каражанов
05.01.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ӨМИР САБАҒЫ

Жақынынан пайдаланып,
тас атқанлар артынан,
Бир күн келип илинеди,
өзи мүйиз шақынан.
Жаманлықтың қуўып жүриў,
керек емес артынан,
Қорқыў керек бул өмирде,                     өзгелердиң ҳақынан.

Жаманлықты қастан қылып,
жүргенлерге айтарым,
Билип қойың бул жаманлық,
өзиңизге қайтарын.
Дәўрән сүрип турғанында,
көплер бирақ билмейди,
Ҳақ адамды бийкар қыйнап,
гүнә иске батарын.

Жөн деп ойлар гей биреўлер,
өзиникин өмирде,
Жақсы әмел, жақсы әдет,
болады тек кеўилде.
Сабыр, төзим болмас ҳасла,
минез хулқы жеңилде,
Жақсылықты келеди деп,
күтиң ҳасла еринбе.

Исенгеним Алла десең,
ашар Алла жолыңды,
Соның ушын дуўаға аш,
барлық ўақыт қолыңды.
Жақсылықтан жаманлыққа,
бузсаң егер ойыңды,
Қасқыр шаўып ўайран қылар,
қораңдағы қойыңды.

Сабыр етсең жеңиў аңсат,
ҳәр қандайда қыйынды,
Сабырсызлық түсиреди,
адамыйлық қуныңды.
Жаман иске қолды урып,
бес күнлик бул өмирде,
Қыйнамаңлар артта қалар,
қызың ҳәмде улыңды.

Қорқыў керек, қорқыў керек,
өзгелердиң ҳақынан,
Керек емес билмей турып,
гәп сөз етиў артынан.
Қосығымның жуўмағында,
болмас буны айтпасам,
Жигит емес тайса егер,
жигит берген антынан.

Бирде қатал, бирде жеңил,
бул өмирдиң сабағы,
Базылардың алтын болар,
асын қуяр табағы.
Өмир деген теңдей емес,
ҳәр кимдики ҳәр түрли,
Базылардың жеп ишиўге,
жоқдур ҳәтте шабағы.


Ансатбай Каражанов
30.12.2024
Жиззах

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни қабыл етилгенине 31 жыл толды!

1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН  РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ

Сөзи: И. Юсупов
Намасы: Н.Муҳаммеддинов

Жайҳун жағасында өскен байтерек,
Түби бир шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

Нақыраты:

Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм меҳрибан,
Еркин жайнап-жасна, мәңги бол аман.

Нақыраты:

Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жубатқым келди

Ансатбай Каражанов✍
Гулчехра Аблакимова🎙


Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai

Показано 20 последних публикаций.