Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓

Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Жетпейди жетпейди деп налыйтуғын хаялларға арналады

Ансатбай Каражанов✍️
Ансатбай Каражанов🎙

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Жәмийетимизде ҳәр түрли ҳаяллар ушырасады жеп ишиўи молшылық болсада күйеўине тапқан табысың (айлығың) ҳеш нәрсеге жетпейди деп налыйтуғынларда жоқ емес, усындай ҳаяллардың кеўлин табаман деп ер адам пул табыў ушын ҳарам (қыйсық жол) менен пул табыўға ҳәрекет етиўи мүмкин, сол ислериниң ақыбетинде жынаятқа қол урып өмирин зая қылыўы мүмкин. Кейин жетеме жетпейме көребересең.
Бирақ тилекке қарсы бундай ҳаялларда жоқ емес.
Шүкир етиўди умытпайық ҳүрметли усы тайпадағы ҳаяллар.


Ҳаял жетпей атыр десе тапқанды,
Қойғаны болады онда қақпанды.
Алла бергенине қанаат етип,
Қойыў керек қыйсық қәдем басқанды.

Шүкирлик жоқ жерден берекет кетер,
Жетпейди деп ердиң басына жетер.
Қатты нан жесеңде бес күн жылғанда,
Әйтеўир әмеллеп бир күниң өтер.

Жетпейди деп налыйберсе ҳәр күни,
Тыныш өтпес бундай адамның түни.
Еркектиң табысы азырақ болса,
Ҳаялдың болады бир қулаш тили.

Көп пул табыў мүмкин аңсат жол менен,
Бирақ жүрген жақсы туўры жол менен.
Қайтыңызлар жүрген болсаң еледе,
Ақшаны деп қыйсық ҳарам жол менен.

Базылар турсада қазаны қайнап,
Отырар налынып бәрҳә тал шайнап.
Жетпейди, жетпейди деп налыйтуғын,
Ҳаяллар сизлерге жаздым ал арнап.

Аңсатбай Каражанов
22.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Азия кубоги жеңимпазлары ишинде Қарақалпақстанлы жасларда бар.

Жеңисиңди көрип қуўанды көзим,
Ойнағандай болдым майданда өзим.
"Бек бол бала қалпағаңа" ҳәр қашан,
Қайталап айтаман бабамның сөзин.

Ансатбай Каражанов

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АНАЛАР ӨЛМЕЙДИ...

Олардың ҳаққына дуўа қылсаңлар,
Саўап иске бәрҳә қолды урсаңлар,
Жаман истен өзиңизди тыйсаңлар,
Аналар өлмейди мәңги жасайды.

Қыйсық жолдан емес, туўрыдан жүрсең,
Жыламай, налымай өмирде күлсең,
Анаңды умытпай жүректен сүйсең,
Аналар өлмейди мәңги жасайды.

Ҳеш кимге етпестен өмирде өкпе,
Көринсең қуўанар олар сен көкте,
Улги болсаң егер халыққа, көпке,
Аналар өлмейди мәңги жасайды.

Ул болып қонсаңлар егер уяға,
Қыз болып қонсаңлар егер қыяға,
Толы болсаң ақыл менен зыяға,
Аналар өлмейди мәңги жасайды.

Әмел етип жүрсең ақыл сөзине,
Кетпесең өзиңди дана сезине,
Алдамасаң, шөп салмасаң көзине,
Аналар өлмейди мәңги жасайды.

Аңсатбай Каражанов
21.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Аналар өлмейди

Ансатбай Каражанов✍️
Ансатбай Каражанов🎙

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ӘКЕМНИҢ АҚЫЛ СӨЗЛЕРИ

Жесең егер урлап халықтың нанын,
Ҳеш тыныш таппайды өмирде жаның.
Әкем айтар еди деп- бала гезде,
Буйырмас ҳарамнан жыйнаған малың.

Шықсаң дағы дүнья малдың шыңына,
Мақтанба ҳеш ўақта тапқан пулыңа.
Егер урлап жесең халықтың нанын,
Бир күн келип деди қайтар улыңа.

Кеўилге тиймекши емеспен зинҳар,
Ҳақыйқатты айтсам етпеңлер инкар.
Әкем алжаспайсаң деп айтар еди,
Туўры жолдан жүрсе егерде тулпар.

Әкем отын шапты, қыйнады жанды,
Ҳадал ырысқыдан жегизди нанды.
Бизде пишен орып әкемиз бенен,
Күтип алар едик бозарған таңды.

Сонда айтар еди бизлерге қарап,
Балам қапаланбаң булда бир талап.
Бул нәрсе сындырар жигитти деди,
Некесиз ҳаяллар ҳәм арақ шарап.

Әкем айтқан екен гәптиң дурысын,
Арақ-шарап деген аты қурысын.
Ишип алып бул шайтанның суўынан,
Шаңарақтың алып жүрмең тынышын.

Ансатбай Каражанов
19.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


ЕТПЕҢЛЕР ОЙЫН

Бенделер бендениң жүр тосып жолын,
Гүнаға батырып билектен қолын.
Сизлерден илтимас заманласларым,
Инсан тәғдирине етпеңлер ойын.

Бузыўға қызықпаң биреўдиң тойын,
Ҳеш кимге созбаңлар илтимас мойын.
Бир кем дүнья, бул бес күнлик жалғанда,
Инсан тәғдирире етпеңлер ойын.

Жала дөҳмет, шуғыл тасларды атып,
Не азап сизлерге гүнаға батып,
Ҳүжданды намысты ақшаға сатып,
Инсан тәғдирине етпеңлер ойын.

Бендеге бенделер қақпанды қойып,
Жүрипти шүкирлик етпестен тойып.
Жүректен ҳүждан ҳәм меҳирди жойып,
Инсан тәғдирине етпеңлер ойын.

Базылар биразға барсада жасы,
Бала екенлигин сездим ырасы.
Инсан тәғдирине етпеңлер ойын,
Жансын өзгениңде өмир шырасы.

Жақсылық келмесе, жаманлық қылмаң,
Ҳеш қашан жетимниң ырысқын қыймаң.
Инсан тәғдирине етпестен ойын,
Жүреклерге ҳүждан ийманды жыйнаң.

Мәңгиге қоным жоқ аспан астында,
Жуўабы болады дөҳмет тастыңда.
Инсан тәғдирине етпеңлер ойын,
Ҳәмел ат турғанға бүгин астыңда.

Аңсатбай Каражанов
19.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


АЯҒЫ ҮЗИЛСЕ....

Аяғы үзилсе адамның жерден,
Өзин өзгелерден үстем қояды.
Көзине май питип қатты кеткенди,
Тәңирим жайына салып қояды.

Аяғы үзилсе адамның жерден,
Умытып кетеди кешеги күнин.
Өзин дана сезип, алыслап елден,
Өзгеге жағады өзиниң кирин.

Аяғы үзилсе адамның жерден,
Кетеди екен-ғой шығып ол шеннен.
Жаман ҳәмел атын мәңги деп ойлап,
Аттан түссе дағы түспейди ерден.

Аяғы үзилсе адамның жерден.
Өзин дана сезер, пайғамбар сезер.
Ғәремет, шуғыл сөз өсекке ерип,
Айыпсыз, бийгүна мөминди езер.

Аяғы үзилсе адамның жерден,
Өзин уллы көрер халықтан елден.
Бундай адамларға айтқым келеди,
Ақырғы мәнзилиң билип қой жерден.

Кемең қырда жүрип, ушқанда кетпен,
Дәўран меники деп пысқырып кетпең.
Ҳәмел атын мингеннен соң яранлар,
Ўатанға ҳеш қашан қыянет етпең.

Аңсатбай Каражанов
18.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Аяғы үзилсе

Ансатбай Каражанов✍️
Ансатбай Каражанов🎙

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ӘМЕЛ

Ансатбай Каражанов✍️
Ансатбай Каражанов🎙

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ӘМЕЛ

Әмел барда кирге былғап тазаны,
Жазықсыз айыплап берип жазаны.
Ҳәр есикти қағып жүрме бирадар,
Бир күн Алла қашырғанда мазаны.

Дос яран көп атың шаўып турғанда,
Бирақта ҳәммеси ҳақыйқый емес.
Бир күн келип әўмет басын бурғанда,
Көп достың биреўи қасыңа келмес.

Әмел аттың таймайды деп аяғы,
Ойлағанлар қатты қәте қылады.
Саған ҳәзир заман емес баяғы,
Тыйылмасаң өзлери-ақ тыйады.

Дузсыз гәптиң болмағандай ширеси,
Әмелдиңде болмас мәңги ийеси.
Бурқасынлап ағып турған дәрьяны,
Кесип өтпес болса ақыл ҳәм еси.

Бүгин сен отырсаң ертең басқасы,
Әмел атын минип шаўабереди,
Асықпасаң жаман бир күни келип,
Өзи қудайымнан таўабереди.

Әмелиң уақтынша, жаның аманат,
Сонлықтан өмирде алмаң жаман ат.
Бес күнлик жалғанда жолдасың болсын,
Ҳүждан, ийман ҳәмде сабыр қанаат.

Аңсатбай Каражанов
10.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Қырғыз Республикасының “Шахтёр жолы” газетасының 2025-жыл март айының 3 саны
8- бетинде мениң қәлемиме тийисли "Рамазан артық мың айдан" атлы қосығымды қырғыз тилине аудармалап жәриялапты.

Бул ушын Қырғыз халқына өз миннетдаршылығымды билдиремен, дослығымыз мәңги болсын Ҳүрмет пенен Аңсатбай Каражанов

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Қырғыз Республикасының “Шахтёр жолы” газетасының 2025-жыл март айының 3-саны 6-бетинде мениң қәлемиме тийисли "Наўрыз келди" атлы қосығымды қырғыз тилине аударма етип жәриялапты.

Бул ушын Қырғыз халқына өз миннетдаршылығымды билдиремен, дослығымыз мәңги болсын Ҳүрмет пенен Аңсатбай Каражанов

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


Хақыйқатқа шақырық

Ансатбай Каражанов✍️
Ансатбай Каражанов🎙

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


ҲАҚЫЙҚАТҚА ШАҚЫРЫҚ

Ақыл менен алыў мүмкин әлемди,
Ақылсызлық шақырар тек мәлелди.
Илҳам йошым турғанында бурқурап,
Қолға алдым және бүгин қәлемди.

Шайыр жазды қыйсық сөзди дизбестен,
Келешектен бар үмитин үзбестен.
Аңсатбайдың бәрҳә айтар ақылы,
Жаман демең ҳеш биреўди билместен.

Базыларға жақса мениң қосығым,
Базыларға жақпаслығын билемен.
Ҳәмме қонақ бул бес күнлик жалғанда,
Жаман емес жақсыларды сүйемен.

Умытпайман ҳеш кешеги күнимди,
Ойнап өскен шаңлағымды үйимди.
Таңлар едим өмир маған усынса,
Ески досты ҳәмде тыныш түнимди.

Есеғойса егер ызғырық самал,
Өсек сөз дегени пысқып кетеди.
Бундайдан кешиўге етиңлер қарар,
Кешпесең басыңа бир күн жетеди.

Биреўге исенип ушқанлар желдей,
Болады соңында жер менен бирдей.
Бул өмирде мениң жеке пикирим,
Адам жасаў керек көкирек кермей.

Болсалар адамның пикири сайыз,
Болмайды үйинде берекет пайыз.
Ҳүжданлы, инсаплы, ийманлы болыў,
Ҳәр бир мусулманның мойнында парыз.

Қыйсық жолдан жүрсең басып аяқты,
Тәғдирден аяўсыз жейсең таяқты.
Көпшиликке айтар мениң ақылым,
Пайда жоқ, ишпеңлер енди арақты.

Ибырайым киби болалмасамда,
Өмир ҳақыйқатын дизеберемен,
Аспанда ай яңлы болалмасамда,
Илҳам умманында жүзеберемен.

Жуўмақ қылып жаздым гәптиң қысқасын,
Қатты кетпей ҳәр ким өзин усласын.
Қулақ салмай шайырдың бул гәпине,
Жегенлерин күни келип қуспасын.

Бул сөзлерим ҳақыйқатқа шақырық,
Айталмасам не қылайын бақырып.
Оқырманлар мине бүгин сизлерге,
Сабақ болсын мине усы тақырып.


Аңсатбай Каражанов
06.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


КЕҢ БОЛЫҢ, ТЕҢ БОЛЫҢ,

Өзгениң жолына дузақты қурмай,
Өзиңе жақпаса жүзиңди бурмай,
Ҳеш кими жоқ-ғой деп басына урмай,
Кең болың, тең болың, бес күн жалғанда.

Өзиңниң жүгиңди өзгеге артпай,
Өсип баратырса аяқтан тартпай,
Биреўдиң сыртынан өсек сөз айтпай,
Кең болың, тең болың, бес күн жалғанда.

Мүсәпир инсанға кириңди жақпай,
Айыпсыз инсанға айыпты тақпай,
Барыңды сатсаңда, арыңды сатпай,
Кең болың, тең болың, бес күн жалғанда.

Келме гезек ҳәтте сүриў дәўранда,
Адамыйлық инсап пенен, ийманда,
Қалмайын десеңлер ертең әрманда,
Кең болың, тең болың, бес күн жалғанда.

Мәп ушын жақсыға жаман ат тақпай,
Өзгени жаманлап гүнаға батпай,
Соңында жәбирин өзиңиз тартпай,
Кең болың, тең болың, бес күн жалғанда.

Ансатбай Каражанов
06.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жиззах ўәлаяты, Жиззах қаласында перзентлерим оқыған мектептен көринис


ШЫҒЫМСЫЗ, ШЫҒЫН ШЫҚСА ЖАНЫ ШЫҒЫП КЕТЕТУҒЫНЛАРҒА АРНАЛАДЫ.

Алла бергенине қанаат етпей,
Оннан сайын болсам дейди базылар.
Өзи жеп отырған нанына теппей.
Жүрсе жақсы болар еди тазылар.

Шығын шықса жаны шығып кетеди,
Буншама сықымар болып нетеди.
Өзи қәте қылып қоймастан және,
Өзгениңде саў басына жетеди.

Өзинен төменге жеткен соң күши,
Ап-аңсат питеди екен-ғой иси.
Бай жыласа питир сорап гедейден,
Күледи көрген ҳәм еситкен киси.

Ырысқыңды берсе Алла молынан,
Гедейди жетелеп жүргил қолынан.
Көзи барда көзи жоқтай жыласа,
Жүргени болады шайтан жолынан.

Атқа миниў, аттан түсиў бир демде,
Бирақта билмейди көпшилик бенде.
Инсап ийман ҳүждан берилер екен,
Пес емес, тар емес, кеўили кеңге.

Ҳүрмет етсе дәслеп ҳәр бенде өзин.
Дурыслап өзгеге сөйледи сөзин.
Шығын шығармайды екен бирақта,
Адамзат май басса маңлайда көзин.

Өзинен өзгени жоқ деп ақылы,
Ойлайды шығымсыз майда адамлар.
Қаракеңниң барғой мына нақылы,
"Аяғын шалады өзи наданлар".

Аңсатбай Каражанов
05.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai


Шығымсыз

Ансатбай Каражанов✍️
Ансатбай Каражанов🎙

Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai


МӘҢГИ ТУРМАЙДЫ.

Ҳәлсиз көрип сени бәрҳә урсада,
Жаман дейип сеннен жүзин бурсада.
Жасаў ушын зәўлим сарай қурсада,
Мен билемен ҳеш ким мәңги турмайды

Мал дүньяға ыйығынан батсада,
Дәрья киби бурқасынлап ақсада,
Бир өмирге әўмет күлип бақсада,
Мен билемен ҳеш ким мәңги турмайды.

Ҳәзир турғанына қазаны қайнап,
Барды келди қылса адамды  сайлап,
Өмир бағы турса бәрҳә гүл жайнап,
Мен билемен ҳеш ким мәңги турмайды.

Аңсатбайжан жазар көргенин көзи,
Ақыл нәсиятқа толыдур сөзи.
Адам кетсе егер өзинен-өзи,
Мен билемен ҳеш ким мәңги турмайды.

Әмел атын минип қаттыға кетип,
Биреўди жаман деп сырттан сөз етип,
Қуўанбаң биреўдиң басына жетип,
Мен билемен ҳеш ким мәңги турмайды.

Аңсатбай Каражанов
02.04.2025

Каналға ағза болыў ушын:

http://t.me/Ansatbai

Показано 20 последних публикаций.