Алланазар Абдиев творчествосы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


Қарақалпақстан Республикасы халық жазыушысы,
Дослық ордени ийеси,
Филология илимлериниң кандидаты,
Антик дүнья халықаралық академия академиги,
Алтын қәлем сыйлығы ийеси.

Связанные каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Адамлар қашан сондай бетсиз болып улгерди екен?
Дым арың келеди, бизиң халқымыздан сондай хаяллар шықса! Әсиресе шетте жургенлери қылық қылса , адамды жерге бир қарыс киргизеди..
Арың келеди, илаж жоқ!! Келе болмайтуғыны, келе болмайды!!!


Гулнараның талантлы,күшли шайыр екенлигин халық қашшан ақ жазған қосықларына ақ аңлап усы қыз нағыз ел сүйген, халқының ар-намысын қорғайтуғын жүдә ям күшли патриот,лирик шайыр деп өзлериниң қарақалпақшылық кеуиллери менен ақ билген ..
Гулнараға халық шайыры атағын алыуына тилеклес болып қаламыз.
Шайырға бәлент пәруаз, әжайып илхам - йош тилеймиз.


Турмыстан түйгенлерим

Мәссаған!!!

Швецияда секс спорт түри сыпатында есапланып, федерация дүзилген. 2023-жыл июньде секстен дәслепки Еврочемпионат өткерилди.

Әййемги халық

Қарақалпақ халқы жүдә ески халықлардан болғанлықтан Шежиресин Адам Атадан баслаўында жан барлығы анық.

Заманымды жазаман

Қайсы дәўирди сүўретлесемде бүгинги күн машқаласын көтеремен.

Жәмийет неге бузылмақта?!

Айырым ата-аналардың перзентлерине
—Тыныш жүр, татыў бол, өзиң тийме, тийсе де кеширимли бол, әззиниң тәрепин ал, урлық ислеме, ишпе, шекпе, өтирик сөйлеме,-деп емес,

-Тийсе оңдырма, үндемесең үстиңе минеди, сонлықтан өзиңниң жинлилик минезиңди көрсетип қой, әззиниң емес, жеңгенди қолла (жеңгенниң имкәнияты үлкен деген сөз, мәпленесең), ҳәр жағдайдан өтирик сөйлеп болса да қутыл, нәмәрт бол, саў бол, мәплениў ушын бай менен ҳәмеллиниң астын тазалаўды да ар көрме...- деп өсиргеннен кейин жәмийет азып, бузылып, жаўызласып бармақта.

Мусылманшылық

Намаз оқып, ҳажы, умраға барғанның бәри ҳақыйқый мусылман ба?!
Бес ўақ намаз оқығаны менен ҳажы ата-апаның аўзынан жақсы сөз емес, өтирик-өсек, бәләҳәтлеў, насақ, сөгис сөзлер шықса, кеўил сандығы дүзиў болмаса, жумыс бабы, саўда т.б. мәселелерде өз мәпи ушын басқаны алдаса, өтирик сөйлесе, ўәде берсе, жалатайлық етсе, адамларға мириўбети болмаса, өзиниң жүрис-турысы менен өзгелерге үлги бола алмаса, ул-қызына дурыс тәрбия бермесе, имкәнияты бола тура ғәрип-қәсерди жарылқамаса, қостарын сыйламаса, оның менен мәмилеге келип емес, мәтибийлик етип жасаса, дүньясын көз-көз етиў мақсетинде дүньясын жөнсиз ысырап етсе,... оны қалай жөнли, үлгили мусылман дерсиз?!

Еситпедим

Қонақ ушын таппаса астындағы атын, яки буўаз қойын сойып беретуғын Еркеклер ҳәм перзентлерине де бермей, тағамның, шийринликлердиң ең жақсы, мазалыларын гизнеп сақлайтуғын Ҳаяллар қарақалпақлардан басқа миллетлерде гезлесе ме екен-әй?!
Бар шығар-дә. Бирақ мен еситпеппен.

01.03.2024-жыл.

Алланазар Әбдиев, халық жазыушысы


Гүлнара апамызға аман-есенлик, жақсы кейпиятта дем алып, дөретиушилик йошқа толып- тасып келиуин тилеймен.
Хаял-қызлардан келеси сапары Халық шайыры атағы тасқын дөретиушилик пенен ислеп атырған Гүлнара апаға берилсе, орынлы болады деп ойлайман.


Халқымыздвң талантлы шайыры


Репост из: ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
ТАЙЛАНД ХАЛҚЫНА ТИЛЕКЛЕСЛИК

Гәп бар; "Мийнет-бассаң аяқ астында",
Бенде билмес болажағын жыл,айлап.
Базы еллер дусласса суў тасқынға,
Жер силкиниў зарпын шекпекте Тайланд.

Суўық хабар тарар интернет бойлап,
Көп қабат жай қулады  дер Бангкокда.
Аўылдан көпшилик бизлерди ойлап,
Жазар;-Аман жүрсизбе?- деп,-Тайландта.

Саў болың, қәдирдан ағайинлерим,
Бунда жүрген биз ушын жан ашытқан.
Пхукет атаўы-жүрген жерлерим,
Аманшылық.Алыстамыз Бангкоктан.

Бирақ,жүрекгенем сызлар бул ҳалдан,
Қанша жанлар қалды деп жай астында.
Болса екен деймен бул хабар жалған,
Әттең,суўық хабар айланған шынға.

Көрдим тай халқының ашық кеўилин,
Бул ҳалға оларды көзиң қыярма?!
Ким билипти бул апаттың келиўин,
Жети уйқылап келмеген ҳеш қыялға.

Қайғыңызға шерикпен тай бирадар,
Елиң тыныш,болғай басыңыз аман.
Сөз таппай турыппан сизди жубатар,
Жәрдемлеским келер келгенше шамам.

Бирақ,сеннен узақ Пхукеттемен,
Қабырғам қайысқанынан не пайда?
Бүгин Тайландтаман,ертең кенттемен,
Өзиңди қоллағай жалғыз бир Алла.

Сизлерди тапсырдым жалғыз Аллаға,
Бәриң де өзимдей жансыз адамлар.
Бул тилегим жетип Тәңритаалаға,
Бангкокта қәтержам басланғай таңлар!

Апат ҳеш ўақытта келмейди айтып,
Ҳеш ўақ өткенлердиң орны толмайды.
Айтарым бул апат келмегей қайтып,
Апат болған жерде барлық болмайды.

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА

Тайланд.Пхукет дем алыў мәсканы.
  28 март,2025 жыл.

👉https://t.me/gulnara_nurlepesova


«НӘЗӘЛИМ»

Ҳәр нәрсениң де шеги бар. Ойнас-ойнас-тә. Жеңисбайдың жумысқа тек азанда бир көринип, ышқы-ләззет қуўып, мәскүнемшиликке берилип кетиўи, ақыр-ақыбетинде әнедей жумысынан кетиўи менен тамамланды. Бурынғыдай ғәрежети болмағаннан соң жеңилтек келиншек Сәлийма да оны жақтырмай үйине киргизбейтуғын болды. Енди Сәлийма сулыў басқа ғәрежетли ойнас излеў менен әўере.
Бир күни ерте азанда уйқымнан оянсам да, еринип турмай жатыр едим. Қатын сыртқы қапыны илмей сүтке кеткен. Усы пайытты пайлап жүрген бе, қоңсы квартирада туратуғын сол Сәлийма келип тур. Ишки кийимде.
—Қалай, мени күтип жатырсаң ба, жаным? — дейди. Қатар болғаннан соң, қоңсышылық ушын, өтирикке болса да ара-тура ҳәзиллесетуғын едик. — Қәне, өзим түргелтейин, — деп көтергенсип, көтере алмағансып, үстиме қуладыма дең. Көкирегин көкирегиме басып, аўзын-аўзыма туўрылап киятыр. Өзи де наятый сулыў нашар. Жутып жибергиң келеди. Наз бенен ишпеге-жемеге жаныңды қоймайды. Адамды полат болсаң-әм еритип-балқытып жибереди.
Бир қушақлап өзиме тартып, жумбаршақлап аўдарып урғанымды билмей қалдым. Лекин тез нәпсимди тыйдым. Билмеймен, бизики жигитшилик болмады ма, өзи емешеси қурып турған нәзәлимди разы етпегеним, бирақ негедур сол ўақытта жасын тезлигиндей менде оған деген жеккөриўшилик сезим оянды. Неге ондай? Бәлким, адамгершиликке жатпайтуғын, ҳайўанлар да ислемейтуғын ис-ҳәрекетлерди ислеп жүргенлигин көрип, бурыннан қәҳәрим келип жүргендики ме, дәрҳал түргелдим де шалбар, көйлегимди кийе басладым.
Аяғыма пышықтай сүйкенип, жабысқан оннан қашып:
—Бар, кет! — дедим.
Ол орнынан турды да «ҳәй, сен де» дегенсип, мойнын бир бурып қарап, наз жүрис пенен шығып кетти.
Қызып кетип оның менен ышқы шарабын ишпегениме еле қуўанаман. Нәпсини тыя алмай ондай ислегенимде ақыйры не менен тамам болатуғынын қудай билсин?

Алланазар Әбдиев


“...өз диссертациясында А.Әбдиев улыўма мийнеттиң ишки композициясын еки бапқа бөлип көрсетип, ең дәслеп: «Қарақалпақ илимий фантастикасының пайда болыў дәреклери» деп атап, екинши: «Қарақалпақ әдебиятында илимий фантастикалық жанрдың раўажланыўы» деген бабында тийкарынан XX әсирдеги қарақалпақ поэзиясы ҳәм прозасы тийкарында бул мәселениң жағдайын әдебий илимий бағытта жетерли теориялық ҳәм текстлик материаллар менен ашып береди.”
Ж.Есенов, сыншы. (« Талант илим жолында» мақаласынан))


“Бул пикирди басқа да халықлар әдебиятында усы жанрдың изертлеўши алымлары Е.И.Черная, В.Л.Гаков, Ю.Кагарлицкий, Р.Ибрагимова, Ф.Салаев ҳәм тағы басқалар айтып өткен ҳәм булардың барлығын жас илимпаз сыпатында А.Әбдиев толық үйренип, өз мийнетинде оларды келтирип, өз көзқарасларын билдирип өткенлиги мийнеттиң илимий теориялық дәрежесин келтирип шығарады.”
Ж.Есенов, сыншы. (Сонда)

“Балаларға да дыққат бөлген жазыўшымыздың, әсиресе, гүрриңлериндеги унамлы ортақ қәсийетлердиң бири- бүгинги жас өспиримлеримиздиң ишки психологиясын жетерли аңлап биледи, оларды тереңнен сәўлелендириўде табысларға ериседи.”
Ж.Есенов, сыншы. (« Балаллардың да сүйикли жазыўшысы» мақаласынан)

“...балалардың жүреги ақ дәптер сыяқлы пәк, сезимлери де өткир ҳәм егер дурыс тәрбия берилсе (Омардың атасы сыяқлы) олардың ишки сезимлери сол тәлим-тәрбияны дурыс қабыл етеди, ҳәттеки ол үлкенлерге де жуғады, қонады деген идея келип шығады. Демек, бул балалар жазыўшысы да болып есапланған А.Әбдиевтиң дөретпелериниң идеялық-эстетикалық қунын арттырып турады.”
Ж.Есенов, сыншы. (Сонда)

“Ҳақыйқатында да бул сөзлердиң үлкен этика-психологиялық, педагогикалық ғана емес, ал айрықша философиялық әҳмийетке ийе екенлиги ҳәм сол арқалы балаларды жеке меншиклик психологияға орынсыз берилмеў кереклиги, көрсеқызарлыққа жол қоймаў зәрүрлиги терең уқтырылады.”
Ж.Есенов, сыншы. (Сонда)


Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем өнер тараўлары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында"ғы Пәрманы менен бир қатар қарақалпақстанлылар сыйлықланды

«Ўзбекистон Республикасида хизмат кўрсатган ёшлар мураббийси» ҳүрметли атағы менен:

Ансатбаев Нажиматдин - Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы режиссёрлық ҳәм актёрлық шеберлиги кафедрасы профессоры.

«Эл-юрт ҳурмати» ордени менен:

Мадреимов Полат Шамшетович -«Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли бас балетмейстери.

«Дўстлик» ордени менен:

Абдиев Алланазар Идирейсович - Өзбекстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы.

Назаримбетов Базарбай Матжанович - Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры вокал артисти.

Утепбергенова Бибирабиға - Қарақалпақстан Республикасы Халық сазлары оркестри ветеран артисти

«Шуҳрат» медали менен:

Жиемуратова Гоззал Даулетияровна - «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли аяқ ойыншысы


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter


2023-жылы жоқары награда алған инсанлар Жоқарғы Кеңестиң Мәжилислер сарайында




Хаслы берунийли


Илим докторы, өзбек тилшиси Бахтияр аға Каримов.
Орта түрк тилин пайда етиу, дүзиу басламашыларының бири, изертлеушиси.
1992-жылы Орта түрк тилине қарақалпақ тили көбирек сәйкес келеди деген еди, пикирлескенимизде




Жазыушылықтағы дәслепки устазым Сайлаубай аға Жумағулов пенен. 2022-жыл.Самарқанд.




МЕН ПАХТАМАН ОТТАН
           ҚУДАЙ САҚЛАҒАН

Мен билмеспен журтты алдап-арбаўды,
Жолын таўып қараңғыда қармаўды.
Себил тартып желип-жортып келемен,
Бир газитте хызметкермен арнаўлы.

Гейбиреўлер сыйлап сәлем береди,
Гей аналар өз қызындай көреди.
Мениң ушын шексиз бахыт көринер,
Халқыма бир сөз унатсам төрели.

Бул жолларда ғайры тутым жат маған,
Халық тәрези адымыңды бақлаған.
Ҳақ болсаңыз сынбас ҳасла ҳақыйқат,
Мен пахтаман оттан қудай сақлаған.

Мен пахтаман оттан қудай сақлаған,
Күйип-писип әдалатты жақлаған.
Сол себепли қалып талай үлестен,
Тәғдир палын тутып турып баплаған.

Жеңис келсе келер маған қыйыннан,
Бир анаман Бийпатпаға сыйынған.
Еплей алмай жағыныўды, жалғанды,
Ийним түсип қайттым талай жыйыннан.

Ҳақ жолында таярман жан бермеге,
Тикензардан сулыў гүллер термеге.
Сүттей аппақ, шықтай таза жүрегим,
Талпынады тек жақсылық көрмеге.

Мен билмеспен журтты алдап-арбаўды,
Жолын таўып қараңғыда қармаўды.
Алыс жолдан сегбир тартып келемен,
Тулпар яңлы төрт туяғы қайраўлы.

Тулпар яңлы төрт туяғы қайраўлы,
Шаба-шаба дойнақларым қайралды.
Ығбал берсе оттан сақлап тәңирим,
Айланарман еле талай айлаўды.

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
14-апрель, 1998-жыл

https://t.me/gulnara_nurlepesova


МАМА-МАМАЎ

Жуматай келиўди қойды. Солай етип Сәлима менен Жеңисбай айшы-әширетин қурып жүре берди. Балалары мектептен, бақшадан келсе болды (квартирасы бир бөлмели болғанлықтан балалар мечайть береди дейме), ишке киргизип ярым саат аўқатландыра сала, қолларына пул, нан берип далаға айдап салады. Соннан қараңғы түсе киргизеди. Бир күни кеште балалары есикти қаға баслады.
Иштен Сәлийманың:
—Барың, Зыяданың үйинде телевизор көрип отыра турың,—деген даўысы шықты.
Тып-тып-тып: лестница бойлап балалар қараңғыда екинши қабатқа түсип кетти. Бир ўақытлары, саат енди оннан асып кетти, және балалары есикти қаға баслады.
Ашпай атыр. Сонда балларының:
—Мама, мамаў, ашса, уйқымыз келди,—деген жалынышлы даўыслары жүректи езип жиберерликтей еди.


2.БАССЫНЫЎ

Бир қабатта туратуғын қоңсы жас ерли-зайыплы бар еди. Еки баласы бар: биреўи бес жасар, биреўи жети жасар. Сәлийма менен Жуматай күнде урысады. Дийўалдан еситиледи. Еле де анығырақ еситкиң келсе, дийўалға кесе, тарелканы басып қулағыңды тутсаң болды. Урысының баслы себеби Жуматай қатынына «сен бузықсаң, пәленшелер менен жүресең», дейди. Ол «яқ» дейди. Болады қырғын.
Жуматайдың жумысы «смен» менен еди, яғный күн-түн турады. Ҳақыйқатында сол күнлери бир шикарный кийинген жигиттиң келетуғынлығын көрип қалатуғын едик. Дийўананың жети үйге барса бети ашылады, дегендей Сәлийма менен ойнасы (бир жерде кишигирим, лекин түсиримли мәкемениң баслығы болып шықты. Аты умытпасам Жеңисбай) бара-бара ашықтан-ашық ушырасатуғын, екеўи базарлап та қайта беретуғын болды. Ойнас жигитәкең де Жуматай сменде күни азан менен келеди де ертеси азанда жумысына туўры усы жерден барады. Жуматай да урысып шаршады ма, көрмейин де, күймейин де дейме, бийшара, сменда көп турып қалар еди. Гезеклеслериниң орнына да тура береди екен. Қашшан айырылысар едим, лекин балларды қыймайман деп жүретуғын еди. Баллары болса бири бақшаға, бири мектепке қатнайды.
Қудай сақласын, бир күни Жуматай биймезгил (сменде еди, неге келгенин. Яки Сәлийманың ойнасы менен болып атырғанының үстинен шығып, бетин шыжықтай қызартайын (қызара қойса) деди ме? Ким билсин? Яки бир нәрселери умыт қалып келди ме?) үйине келип қапысын қақты. Иште Сәлийма, баллары (олар да мамасының екинши байына үйренискен еди, үйрениспегенде не қылады) ҳәм Жеңисбай бар еди. Қапыны дүкилдетип урыўдан, «Сәлийма, аш» деген қатты даўыстан оянып кетип: «Ал енди не болады? Қызық болды-аў», деп жатырмыз, қулақты түрип.
Көпке шекем Сәлиймалар дыбыс бермеди. Қапы сырттан емес, иштен илиўли болғанлықтан Жуматай да кетпей қаға берди. Бир ўақлары Сәлийма:
—Болды, кет, жоқ болсаң-ә! Ашпайман, кет!—деп қышқырды иштен.
Жуматай өз үйине кире алмағанынан арланған болса керек, қапыны рәсс турып ширенип тебиўге қарады (қапы ишке қарап ашылады).
Енди ашпаса есик қулайды. Сонлықтан ба, қапы шыңғасын гилтлер шатырлатып ашты.
Тап усы мәҳәли баса-бас төбелес бола кетти. Сөгинисиў, шешелери де, әкелери де қалмады, мушласыў, тебисиў, ўай-ўай.
Соннан зытып шықтық. Айырамыз дегеншелли болмады: Жеңисбай (Жуматайға қарағанда денели) Жуматайды бир урып, лестница темирине керилип турып қосаяқлап турып теўип жибердиме де, бийшара ол индийский кинолардағыдай лестница басқышлары бойлап төменге аўнайы менен кетти.
Қоңсылардың биразы Жеңисбайға тәп берип жуўырып еди, ишке кирди де тәмбини басты, биразы Жуматайға барып көтерип, жәрдем берди. Аўыз-баслары қан-қан. Жуўындырып атыр. Милиция шақырайық па десек, керек емес, деди де Жуматай өз үйине кире алмай лестница бойлап төмен түсип кете берди.

Алланазар Әбдиев


(Дауамы)
—Сөйтип қыз жеңгелери менен ҳәммемиз шықтық.
Үйге кирип телевизорды қойып та үлгермедик.
—Ўай-ўай, қурып қалдық. Қыз жоқ!—деген ҳаяллардың шаўқымынан жаңалыққа жаны қумар биз де подъездге атлығып шықтық.
—Ийт ширкин, Гүлжан менен Жәнибек пиянщик қызды зорлап әкелгеннен кейин бизлерди алып кетеди, деп басқа жаққа жоқ еткен. Оңбағырлар, сениң! Қашанғы жасырып қояр екен?! Оннанша, сондай-сондай, тасалаў жерге бир түнеп шыққанша бала менен жибердик, десе түсинемиз ғой. «Жоқ, жоқ, бизлер де билмеймиз. Ушты-күйди жоқ болып кетти», деп өтирикке өзлери де ар-сар болып атыр. Жоғалып кететуғын ийне ме өйтип, бизиң қызымыз? Ҳәзир көресең, сен, Гүлжан саллақы. Мәрзия шешем олсыз да пәтке минип отырыпты, —Қыз жеңгелери усылайынша пүткил жайды басларына көтерип Мәрзияның квартирасына кирип кетти. Бизлер де бардық.
Ҳәмме барып, енди Мәрзияға қыз жеңгелери жағдайды айтайын деп атырғанда бөлмениң балкон бетки есиги ашылып, қашып кеткен қызымыз Розахан кирип келип турыпты. Ҳеш нәрсе билмегендей, ҳәмме менен бир бас ийзеп сәлемлести де төрги бөлмеге өтип кетти. Барлығымыз лалмыз. Бираздан соң Мәрзия кемпир:
—Қоңсыларым, рахмет, сизлерге. Бара бериңлер. Мен өзим қыз бенен жеке сөйлесип көрейин, — деп ҳәммемизди шығарып жиберди.
Бул ўақыядан кейин ертеңи-ақ қыз алып қашыўдың сырын билип алдық. Бизиң «дом»лардың ҳаялларын билесиз ғой, ЦРУ дың агентлеринен де тәжирийбели: жер астындағы жыланның жылжығанын биледи. Ўақыя былай болған екен: Розахан түсте сәл ертерек жумысынан киятырса усы қызды алыўды кеўлине түйип жүрген Жәнибектиң баласы өтип баратырған оны подъезде услап алып, үйине сүйрелеклеп киргизеди: сөйлеседи, аймалайды. Қыздан онда да қарсылық болмағаннан соң жигит бийшара: бул — қыздың мениң менен турмыс қурыўға келискени, деп ойлап ағасы-апасына «келин әкелдим» деп айтып салады. Бул гәпти қулағы шалған Розахан жигитке:
—Мен сени бирге отырыўға еки-үш саатқа киргизген шығар, деп ойлап едим. Сениң менен турмыс қурыўға разы емеспен. Сеннен не рәҳәт көремен? Я машының, я бөлек жайың, я жумысың жоқ. Арақтан түскен бес жүз, мың сомың менен мени баға алмайсаң. Өзимниң мошный, ғәрежети көп ойнасым бар: «Нексия» менен күнде келип турады. Жақсылап көзине түсип, кеўлин аўлап, басын айландырып, соның екиншиси болып отыражақпан, — деген. Сонда да бала пақыр айдай Розаханды қолдан шығарғысы келмей, әри-бери жалынған, бөлмеден шығармаған. Сонда сумлық етип, басым аўырып кетти, деп балконға шығып, жасында азы-кем спорт пенен шуғылланған Розахан ап-аңсат ғана жоқарыдағы өзиниң балконына көтерилип кеткен екен.

Алланазар Әбдиев, халық жазыушысы

Показано 20 последних публикаций.