«Шыпакер» газетасы


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Медицина


ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы «Шыпакер» газетасының телеграм социал тармағындағы рәсмий каналы
Мүрәжат ушын: @shipaker_bot
Facebook: https://www.facebook.com/shipaker.gazetasi
Instagram: https://www.instagram.com/shipaker_gazetasi/

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Медицина
Статистика
Фильтр публикаций


Нервиңиз беккем бе?

Соңғы ўақытларда «сиркеси суў көтермейтуғын», тырысқақ адамға айланып баратырғаныңызды сезип атырсыз ба? Мүмкин, нервиңиз шаршаған шығар? Төмендеги берилген сораўларға АЎА ямаса ЖОҚ деп жуўап бере отырып, машқалаларыңыз нерв пенен байланыслы ма ямаса жоқ па, соны билип алыўыңыз мүмкин. Ҳәр бир АЎА ушын 1 балл, ал ЖОҚ ушын 0 баллдан есаплап бара бериң.



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/267


МИРОВЫЕ МЕДИЦИНСКИЕ НОВОСТИ



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/266


Тоғызыншы стол: Қантлы диабет

Қантлы диабетте дурыс аўқатланыў – кеселликтиң зорайып кетпеўиниң алдын алады.



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/265


СТРЕССТИҢ АЛДЫН АЛЫЎ УСЫЛЛАРЫ

Қорқыныш бүйреклерди, қәўетерлениў асқазанды, ғəзеп-ашыў – баўырды, сабырсызлық асқазан асты безин, уўайым-қайғы қанды жарақатлайды ҳәм усы ағзаларға тийисли кеселликлер жүзеге келеди.



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/264


Сораған едиңиз...

«Мениң 8 жасар қызыма «қантлы диабет» диагнозы қойылды. Қызым қәўип-қәтерсиз ҳәм қатарынан кем болмай өсиўи ушын оны қалай тәрбиялаўым керек? Бул кеселликке жолыққан балалардың турмыс тәрзи қандай?»



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/263


Күлкитерапия


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/262


ВИТАМИНЛЕРИ ТОЛЫҚ САҚЛАНСЫН ДЕСЕҢИЗ...

... Егер палызлар дузлы суўда писирилсе, қурамындағы витаминлердиң 70 пайызы жоғалады. Соның ушын да писейин деп турғанында дуз себилиўи тийис…


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/261


Сораңыз, жуўап беремиз



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/260


Жылаған баланың «тилин» түсин

ЖЫЛАСА ЖУБАТЫЎ КЕРЕК ПЕ?


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/259


БАЎЫР ЦИРРОЗЫ БЕЛГИЛЕРИ
«Маған «баўыр циррозы» деп диагноз қойылды. Кеселликтиң характерли белгилери нелерден ибарат? Емлеўде нелерге итибар бериў керек?»


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/257


ҚАНТТЫ ҚАДАҒАЛАҢ

Саламат инсанның қанында глюкоза муғдары 3,3-5 ммоль/л әтирапында болады.


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/255


МИРОВЫЕ МЕДИЦИНСКИЕ НОВОСТИ


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/254


Дәрилер ҳаққындағы рекламаларға исениўге бола ма?

Медицина тараўы қәнигелери дәрилик рекламалар менен көбинесе «келисе бермейди». Шыпакерлер наўқаслардың рекламаларға инанып, өз бетинше емлениўин намақул әдет санайды.


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/253


Баўыр ҳаққында МЫШ-МЫШЛАР

№1. Баўыр үлкен дозадағы күшли ишимликлердиң тәсирин ҳәлсиретеди



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/252


Организмниң қорғаўшылары

Баўыр — қүдиретли дезинтоксикациялық ағза


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/251


Сораңыз, жуўап беремиз


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/250


МИРОВЫЕ НОВОСТИ МЕДИЦИНЫ


👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/249


Күлкитерапия

Сапёр (бомбаны зыянсызландырыўшы) өзиниң өмиринде бир мәрте алжасады. Хирург болса сизиң өмириңизде...



👉 Толық оқыў: https://shipaker.uz/articles/248


Репост из: Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Ҳүрметли медицина хызметкерлери ҳәм тараў нураныйлары!

Халқымыз саламатлығы ҳәм ийгилиги жолында тынбай хызмет етип атырған Сиз әзийз медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамыңыз бенен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги атынан шын жүректен қутлықлаймыз.

Өзбекстан Республикасының 2006-жыл 12-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы медицина хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, ноябрь айының екинши екшембиси Өзбекстан Республикасы Медицина хызметкерлери күни деп белгиленди. Рәсмий түрде тастыйықланған кәсиплик байрамымыздың ҳәр жылы салтанатлы түрде белгилениўи қәлбимизди қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерине толтырады. Себеби, бул ҳүкиметимиздиң ҳәм ел басшымыздың халық саламатлығын сақлаў тараўында хызмет көрсетип атырған ҳәр бир медицина хызметкерлериниң машақатлы ҳәм жуўапкерли мийнетине болған үлкен ғамқорлығының белгиси.

Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын ҳәм ылайықлы турмыс кешириўин тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, халыққа қыстаўлы ҳәм тез жәрдем хызметиниң шөлкемлестирилиўи, қәнигелестирилген орайлардың ашылыўы, аўыллық шыпакерлик пунктлердиң қайта дүзилиўи ҳәм хызмет көрсетиў сапасының жақсыланыўы, медициналық хызметтиң мәмлекетлик емес тараўының жолға қойылыўы, социаллық әҳмийетке ийе кеселликлерди емлеўде қолайлы шараятлар жаратыў, жуқпалы кеселликлерди азайтыў ҳәм оларға қарсы илажларды күшейтиў, халықтың медициналық мәдениятын ҳәм билимин асырыў, физикалық жақтан саламат ҳәм руўхый бәркамал әўладты камал таптырыў, елимизде бәсекилесликке шыдамлы фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, емлеў мәкемелерин жоқары технологиялық медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылды.

Кең көлемли реформалардың турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў системасында медициналық хызмет көрсетиўдиң алдыңғы форма ҳәм усыллары қәлиплесип, бул инсан саламатлығын беккемлеў, оның орташа өмир көриўин узайтыў ҳәм турмысының сапасын жақсылаўға қаратылды.

Әсиресе, соңғы ўақытта бул тараў раўажы ушын исленип атырған ислер, инсанлардың бийбаҳа байлығы болған денсаўлығын асыраў жолындағы ҳәрекетлер медицинада әҳмийетли өзгерислер басланғанлығынан дәрек береди. Денсаўлықты сақлаў тараўының жаңа басқышқа көтерилиўине, тараўдың материаллық-техникалық базасының еледе беккемленип, хызмет көрсетиў сапасының жақсыланыўына ерисилди.

Денсаўлықты сақлаў системасын түпкиликли реформалаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында еле көп айтыў мүмкин.

Жәмийетимиз ушын зәрүр болған усындай әҳмийетли бир тараўды жетилистириў, заман талабына сай илгери адымлаў биз медицина хызметкерлериниң жуўапкершилигинде екен, өзлериңиздиң барлық билимиңизди ҳәм тәжирийбеңизди жумсап, бизлерге билдирилген исеним ҳәм итибарды ақлайтуғыныңызға исенемиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!
Алдымыздағы баслы ўазыйпалардың бири — медициналық хызметти жаңа сапаға көтериў, оны халыққа жақынлатыў, усы хызметтен пайдаланыўды әпиўайыластырыў ҳәм жетилистириў болып табылады.

Сизлерди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен қутлықлаймыз. Халық саламатлығы жолындағы ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймиз. Қәлбиңиз ҳәмийше үстиңиздеги ақ халат киби гирбиңсиз болып, қәсте кеўиллерге қуўаныш бағышлаўда шыпа берген қолларыңыз ҳасла дәрт көрмесин!

Мурат Исмаилович Қурбанов,
Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министри


@qrdssm


Репост из: Шайыр Крамов Абатбай Телеграм каналы ✍
ҲӘМШИЙРАЛАР ҚОСЫҒЫ


Халқымызға хызмет етип бәримиз,
Саламатлық сақшылары өзимиз.
Тилек тилеп саў болсын деп дениңиз,
Кишипейил, муләйимдур сөзимиз.

Қәстелерди даўалаймыз бир тынбай,
Ақ халатлы жақсы нийет исимиз.
Нәзеринен халқымыздың ҳеш қалмай,
Арналады билимимиз, күшимиз.

Әмел етип жақсы қатнас, жақсы сөз,
Наўқаслардың кеўиллерин аламыз.
Үмит пенен тигиледи қанша көз,
Даўалаймыз, бизлер шыпа боламыз.

Пидайымыз жәрдемге тақ турамыз,
Аралаймыз ел ишинде жүремиз.
Ақ халаттай аппақ бизиң санамыз,
Бул кәсипти муқәддес деп билемиз.

Наўқасланып қалса егер бир инсан,
Қыйланаман оның ушын күйемен.
Ақ халатта аппақ болып мен турсам,
Жүрегимнен кәсибимди сүйемен.

Ел мақтаса, халқым мени ардақлап,
Аппақ халат ҳүжданымның иреңи.
Ел нәзери топланады мысқаллап,
Ҳәмшийраға алғыс сөз-ғой кереги.

Ақ халатым турса егер жарасып,
Жас жүрегим кетер мениң дүбирлеп.
Үй аралап шықсам турар қарасып,
Кеўиллерге жол табамыз шеберлеп.

Шаршамаймыз, ис қыламыз ҳәр дайым,
Желкемизге елдиң дәртин жүклеймиз.
Ҳеш бир адам аўырмағай илайым,
Биз ҳәмийше ден-саўлықты тиклеймиз.


Абат Крамов.

Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya

Показано 20 последних публикаций.