Ҳүрметли медицина хызметкерлери ҳәм тараў нураныйлары!
Халқымыз саламатлығы ҳәм ийгилиги жолында тынбай хызмет етип атырған Сиз әзийз медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамыңыз бенен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги атынан шын жүректен қутлықлаймыз.
Өзбекстан Республикасының 2006-жыл 12-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы медицина хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, ноябрь айының екинши екшембиси Өзбекстан Республикасы Медицина хызметкерлери күни деп белгиленди. Рәсмий түрде тастыйықланған кәсиплик байрамымыздың ҳәр жылы салтанатлы түрде белгилениўи қәлбимизди қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерине толтырады. Себеби, бул ҳүкиметимиздиң ҳәм ел басшымыздың халық саламатлығын сақлаў тараўында хызмет көрсетип атырған ҳәр бир медицина хызметкерлериниң машақатлы ҳәм жуўапкерли мийнетине болған үлкен ғамқорлығының белгиси.
Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын ҳәм ылайықлы турмыс кешириўин тәмийинлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, халыққа қыстаўлы ҳәм тез жәрдем хызметиниң шөлкемлестирилиўи, қәнигелестирилген орайлардың ашылыўы, аўыллық шыпакерлик пунктлердиң қайта дүзилиўи ҳәм хызмет көрсетиў сапасының жақсыланыўы, медициналық хызметтиң мәмлекетлик емес тараўының жолға қойылыўы, социаллық әҳмийетке ийе кеселликлерди емлеўде қолайлы шараятлар жаратыў, жуқпалы кеселликлерди азайтыў ҳәм оларға қарсы илажларды күшейтиў, халықтың медициналық мәдениятын ҳәм билимин асырыў, физикалық жақтан саламат ҳәм руўхый бәркамал әўладты камал таптырыў, елимизде бәсекилесликке шыдамлы фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, емлеў мәкемелерин жоқары технологиялық медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылды.
Кең көлемли реформалардың турмысқа енгизилиўи нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў системасында медициналық хызмет көрсетиўдиң алдыңғы форма ҳәм усыллары қәлиплесип, бул инсан саламатлығын беккемлеў, оның орташа өмир көриўин узайтыў ҳәм турмысының сапасын жақсылаўға қаратылды.
Әсиресе, соңғы ўақытта бул тараў раўажы ушын исленип атырған ислер, инсанлардың бийбаҳа байлығы болған денсаўлығын асыраў жолындағы ҳәрекетлер медицинада әҳмийетли өзгерислер басланғанлығынан дәрек береди. Денсаўлықты сақлаў тараўының жаңа басқышқа көтерилиўине, тараўдың материаллық-техникалық базасының еледе беккемленип, хызмет көрсетиў сапасының жақсыланыўына ерисилди.
Денсаўлықты сақлаў системасын түпкиликли реформалаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында еле көп айтыў мүмкин.
Жәмийетимиз ушын зәрүр болған усындай әҳмийетли бир тараўды жетилистириў, заман талабына сай илгери адымлаў биз медицина хызметкерлериниң жуўапкершилигинде екен, өзлериңиздиң барлық билимиңизди ҳәм тәжирийбеңизди жумсап, бизлерге билдирилген исеним ҳәм итибарды ақлайтуғыныңызға исенемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Алдымыздағы баслы ўазыйпалардың бири — медициналық хызметти жаңа сапаға көтериў, оны халыққа жақынлатыў, усы хызметтен пайдаланыўды әпиўайыластырыў ҳәм жетилистириў болып табылады.
Сизлерди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен қутлықлаймыз. Халық саламатлығы жолындағы ийгиликли ислериңизде табыслар тилеймиз. Қәлбиңиз ҳәмийше үстиңиздеги ақ халат киби гирбиңсиз болып, қәсте кеўиллерге қуўаныш бағышлаўда шыпа берген қолларыңыз ҳасла дәрт көрмесин!
Мурат Исмаилович Қурбанов,
Қарақалпақстан Республикасы
Денсаўлықты сақлаў министри
✅ @qrdssm