Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
- Өйтип сен бала болма. Аға өлсе, жеңге қәйниники, деген бурыннан гәп бар. Сәлийма сениң жеңгең емес. Басы бос қыз. Солай болса да есигиме түссе, үлкен баламның қайғысын азмаз умытқандай болар едим.
Балалық па, жигитлик пе, билмеймен, мен сегизинши класстан баслап Сәлиймаға көп хатлар жазғанман. Ол да маған өз ўақтында жуўап қайтарып турған. Бир күнлери Алпысбай әжағам Ростовта армияда жүрип Сәлиймаға хатлар жаза баслады. Буннан кейин мен Сәлиймадан пүткиллей өзимди алып қашқан едим.
Сол жағдайларды есиме түсирдим де, ақыры, оның менен тиллестим.
- Тәғдир шығар, - деди ол. - Маған сениң көп тәреплериң унайды. Мен саған турмысқа шығыўға разыман.
Солай етип, оған үйлендим де еки күн даўамында той бердик. Өзи шаппаттай аўыл болғаны ушын қызы менен жигитлериниң бәри белгили. Еки жас та бир-бирине минәсип екен, деп есапсыз тилеклер айтылды.
Өзи шетки бир аўыл болғаны ушын, жас жигитлерге жумыс көп. Бир жылға шамалас аўылда табелши болып иследим. Бирақ өз жумысыма кеўлим толыңқырамай жүр. Бердибай деген бир бригадиримиз бар. Баратқанның балтасын, киятырғанның кетпенин алып қалады. Шопанның баласы мал минезли болады, деп мени сөйлетпейди.
Ал, оныншы классты бирге питкерген жораларым болса ҳәр жаққа таздың шашындай болып шашырады кетти. Қарасам тек жалғыз өзим ғана атыздың басында сопайып қалыппан.
Солай етип Ташкент қурылыс техникумына кеттим де қалдым. Қолына қырық күнлик баласын услап Сәлийма қалды шырлап. Бирақ оқыўға кетиўди ойлап, басым қатты ислеген екен. Көпти көрип, ананы-мынаны үйренип, өзим де әдеўир қатайдым. Төрт жыл бир майданның өзинде-ақ өтип кетти. Соның арасынша үш балалы да болдым. Ҳаялым мийнетте шыныққан аўылдың қызы емес пе? Маған соншама перзент инам етиў менен бирликте өзимди де бақты. Фермадағы алдынғы қатардағы саўыншы болып иследи.
Соңынан диплом қолыма тийди де, кеўлим бирден әл-аспанда болып кетти. "Аға! Мен бүгин қурылысшы инженермен. Саған ең жаңа фермалар қурып беремен қурып беремен!" - деп бақырғым келер еди.
Ақыры, дипломымды алып, Нөкиске қайтатуғын күн жетип келди. Бир жола сол күни аўылға да жетип барыў ушын азанғы рейслердиң биреўине билет алдым.
Ҳәкисине сол күни самолет ушпады. Диктор: "Нөкиске ушыў еки саатқа кешиктириледи" деп дағазалай берип-ақ диңкемизди қуртты. Айтыўларына қарағанда, ол жақта жамғыр жаўып турған усайды.
Қулласы, самолетти әри күтип, бери күтип тақатым шыдамады. Аш болып баратырғанымды сездим де "буфетке барып, бир нәрсе ишсем бе екен?" деген қыял ойыма келди.
Көп ойланып турмастан екинши қабаттағы буфетке көтерилдим. Қолыма пирожка салынған тарелка менен стаканды услап, залдың ең шетиндеги бос турған, түргелип турып аўқат жейтуғын "минутқа" деген столға келип орналаластым.
Мениң қасыма келип орналасып алған адамның екеўи де негизинен бизиң жақтың адамлары екенлиги сезилип турар еди.
Узын бойлы жигит, өзи асығыслымекен билмедим, бирден асықты. Ал, келте бойлы киси ҳешқандай асықпас еди.
Ол тап иси еригип қалған адамдай мениң менен сөйлесиўди қәлер еди.
- Нөкиске ушажақ ба, балам?
- Аўа.
- Нөкисте кимниң баласысаң? - деди бир ўақытлары.
- Бизлер Шымбай районында турамыз, аға.
- Шымбайдан болғанда қай жеринен?
- Қамысарықтан! - дедим.
- Қамысарықта кимниң баласысаң?
- Ой-буў, аға. Сизге жақынласып кететуғын жери жоқ. Өмиринше мал баққан Қыдырбай шопан деген бар, тап соның баласы Төребайман.
- Әне, айтпадым ба, иним, сораса келип қойныңдағы ҳаялың бөлең болып шығады деген. Сен болсаң мениң ең жақын жийеним болып шықтың.
- Қалай?
- Қарындасым Нағыйма меннен төрт жас киши еди. Ол бийшараның да бахты жүриспей жүрип, сениң әкеңе түсти.
Мен анамды жүдә жақсы көретуғын болғаным ушын да, енди бул адам маған жүдә ысық ҳәм меҳрийбан болып көрине баслады.
Дайымның аты Дәлибай болып, айтыўына қарағанда анаў-мынаў емес, Нөкиске де бағынбайтуғын, тиккесине Ташкентке қарайтуғын бир үлкен қурылыс мәкемесиниң баслығы болып шықты.
- Мени нөкисли десе де болады, ташкентли десе де болады. Еки жақта да үйим бар. Өмирим усы еки жолдың арасында өтип атыр, - деп мақтанды бир ўақытлары.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
20. 11