Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Орыс патшалығынан болажақ шабыўылға қарсы нөкер таярлаў ушын жигитлерди жыйнатып атыр.
- Бир өзи ме?
- Хийўадан енапат нөкерлер ертип келипти.
- Сен де оған нөкер боласаң ба?
- Билмесем.
- Шоңқы, бир нәсият берейин, мудамы есиңде сақла. Батыр жығылса сүйейди, қорқақ жығылса ҳәмме басып кетеди.
- "Аға бий"диң көп жигитлери нөкер болыўға таярланып атыр.
Ана оның менен көп сөйлеспей, қорадағы яўмытыны ийеги менен нусқады.
- Мен кийингенше ертлеп бер.
- Хийўаға кетесең бе?
- Асқар бийдиң аўылына. - Ол үйине кире сала қайта кийинип атырып, - Гүлзийба қызым, - деди жүдә жайпарахатшылық пенен. - Сержанбай ўәдесине опадар киси. Көлик пенен хызметкери барғанша күт.
Гүлзийба бул үйге келгели көз алдында жүз берген ҳәр қыйлы ҳәдийселерге, ҳәр қыйлы адамларға, анаға, Рабийбиге ҳайран болыў менен уяңлаў түргелди.
* * *
Аўылдың шаңлағына қарашор адам топланып, олардың алдында, пәкене бойлы Асқар бий бийик атының ери үстинде тикейип, қызғын сөйлеп тур:
- Биз қарақалпақлар, исламның жер бетиндеги ҳәўирли ошағы Хорезмди, уллы Хийўа ханын жаўдан қорғап қалыўымыз керек. Бул биз ушын ҳүрмет, биз ушын бейиший ис. Ким де ким кәпирлерге қарсы урыста оқтан ушса, оған дозақ оты ҳарам, жаны жәннетте болады... Ким қәлемесе, әне анаўлардай болып байланып, Хийўа зинданына айдалады.
Қумар аналық үнсизликте олардан көзин алмай адым-адым киятыр. Бир шетте, аранға қамалған малдай бир топар адам үйирилген. Олардың көпшилиги кемпирлер, ғаррылар, арасында жигитлер де бар. Бәриниң де қоллары артына қайырылып байланған. Оларды бағып онлаған хийўалы атлы турыпты. Бул ҳәдийсе Қумар аналықты ҳәм таңландырды, ҳәм қорқытып жүрегин суўлатып атының жүўенин сәл тартыңқырап келе берди. Қызғын сөйлеген Асқар бий Қумар аналықтың арттан келип араласқанын аңғармады. Гүллән дыққатлар, көзлер тек Асқар бийде болғаны ушын басқалар да ескермеди.
- Аға бийимиз - Ерназар қайда? - деди көпшиликтен бир даўыс.
- Халайық, - деп Ерназарды әкеткен хийўалы гәпке араласты. - Уллы ханымыздың сизлерден жасыратуғын сыры жоқ. Қолдаўлы Ерназар усы урысқа барса, уллы ханымыз оған әскербасылық лаўазымын бермекши еди. Ол кесгеллем қарсы турғаны ушын аяқ-қолына кисен урылып, зинданға гирипдар етилди...
"Урыс" деген сөзден-ақ басларына аўыр мусаллат түскен бай балаларының көпшилигиниң үскини қуйылып, енди урысқа бармай қалыў мүмкин емеслигин түсинип жерге қарасты.
- Уллы хан жасаўылы, Асқар бий, - деп "аға бий" жасаўылларынан бири Артық атын алдарырақ айдады. - Орыс найзасына көкирек тутыўды "аға бий"диң мәсләҳәти буйырса бир қуп еди...
Асқар бийге жақын турған Фазыл қамшысын көтерди:
- Әй Артық қытай, аға бийдиң өзи жоқта, ҳәтте, барда да буйрық беретуғын қазысы мен! Мени тыңлаңлар! Биз, аға бийшилер, ислам күшиклери, ислам дининдеги аз санлы елимизди өзге диндегилердиң қул қылыўына жол қоймаймыз. Бизиң сүйенишимиз, ғамхорымыз уллы Хийўа ханын қорғаўға бәршемиз атланамыз!
- Ерназар аға бий бул урысқа қарсы болған ғой.
- Ерназар елдиң тили, гиндиги емес, - деди Фазыл пәтленип. - Оның орысларға қарсы урыстан бас тартыўы пүткил елге қаслығы, елди қуллыққа түсирейин дегени. Түсиниңлер, биз ҳәр қайсымыз өз алдымызға адамбыз. Ҳәр адам өз дининиң, өз ханының хызметкери.
Ерназар аға бийдиң ығын алып сөйлеп, оң қолы болып жүрген қазысының гәпи жыйналған "аға бийшилерди" сарсаң қылып ойланыўға мәжбүрледи. Пайыттан пайдаланып Фазыл және пәтленди:
- Елин сүйген жигитлер ойланбасын!
Пиядалардың арасынан орта бойлы, сулыўшық жигит малақайын көтерип, қасындағы бир атлының артына секирип минди де, тышқанның қуйрығындай муртларын бармақлары менен шыйырып турып сөйледи:
- Мен атсызбан. Асқар бий ат таўып берсе, ислам ушын урысқа барыўға таярман!
- Ғам жемеңиз, ат таптырамыз! - деди хийўалы.
Пиядалардың биразында урысқа барыў ыңғайы анық көринди.
Қумар аналық улы Ерназарды ашық қуўатлаўшыларды таппай ҳайраны шығып тур еди, бир шеттен Зарлықтың даўысы еситилди:
- Халайық, орысларға қарсы урысқа нөкер болсақ, ақылсызлықтың, жөнсизликтиң қурбаны боламыз!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 01