Сахибжамал Сырғабаева


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Книги


📍АВТОРЛЫҚ ҚОСЫҚЛАР.
🚫Автор рухсатысыз қосықларды атқарыў қадаған.
🖇️2022-жыл Республикалық жас дөретиўшилер семинары қатнасыўшысы

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Репост из: ЛАБИРИНТ
Қарақалпақтың ерке қызы!
Назлы қызы!
Гөззал қызы!
Саҳиб қыз бир майданда
Гүлистан апасын излейди.
Қәлеген ўақта, туп-туўры барып,
Директордың есигин қақпай киреди.
Бахтияр ағасын излейди.
Ағасы атызынан өз қоллары менен әлпешлеп өсирген
қан-қызыл роза гүллеринен букет гүл инам етеди.
Сағынбай ағасын излейди.
Сағынбай ағасы қуўанып қалады.
Екеўиниң қызықлы әңгимеси
ҳеш бир түўесилмес сирә...
Ҳәммемиз алақанымызда
әлпешлеп, қәдирлеп,
баўырымызға басып,
дым ғана жақсы көретуғын
ерке ҳәм еркин қызымыз
Сайыпжамал,
СахибЖамал Ел басшысының нәзерине түсип,
Мәмлекетлик сыйлық ийеси болып отыр.
Қарақалпақтың
еки бирден қызы байрамды байрамға усатып, ели-халқын,
ықласбентлерин қуўандырып атыр.
СахибЖамал қызымызға
Гүлистан апасының жолын берсин.
Халқымызға байрамлар жарасады.
Қарақалпақта мәрт қызлар көп.
Оларға итибар, сый-ҳүрмет, алғыслар жарасар!
Сайыпжамал қызым,
Сыйлы сыйың қутлы болсын!
Даўамлы болсын.
Дөретиўшилигиңде табыслар болсын.
Бабалар руўхлары қолласын!

Гүлнара апаңнан хат

Утрехт қаласы
09.03.2025


Репост из: Жас дөретиўшилер
Жас шайыр Саҳибжамал Сырғабаева сыйлықланды

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Саҳибжамал Сырғабаева Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Саҳибжамал Түркменбаевнаны бир қатар қәлемкеш досларының атынан шын кеўилден қутлықлаймыз!

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler

1.7k 0 10 57 160

🔥 2018-жыл даўамында каналда жәрияланған қосықлардың дизими

▪️ Мен киммен, кимлигим, мениң көзимде...
▪️ ...ға
▪️ Өмир өзгерип, меҳир деген олжа...
▪️ Наданлардың изине ерген надан...
▪️ Кеўил дәптеринен...
▪️ Мен сени сағынғаным сағынған...
▪️ Шырылда, шырылда телефон
▪️ Сол ма муҳаббат, сол ма сезим?!
▪️ Жүрегимниң жыйрығы жазылмады...
▪️ Мен байғус ышқыңда жанаман тағы
▪️ Сүйип едим, саған қоса көклемди...
▪️ Өзимше сағынып қоярман сени
▪️ Қосық ядладым...
▪️ Жеңис Ермашевқа
▪️ Базы «дослар»ға
▪️ Түсин мени
▪️ Маған қымбат ўақытыңнан бөлип бер
▪️ «Сүйемен демедим, сүйдим демедиң»
▪️ Жыладым
▪️ Мақпал гүлим
▪️ Алишерге...
▪️ Даўысында әрман жылайды...
▪️ Мен сени сүйемен, сүйемен жаным!
▪️ Күлип жүриң
▪️ Қорқаман
▪️ Еркек
▪️ Ибрайым Юсуповқа
▪️ Сизге
▪️ Бир сөз бар саған жетпей жүрген...
▪️ Әдиўли устазлар, рахмет сизлерге!
▪️ Түсинбедим, дослар, жырыңызды...
▪️ Саатқа қарағым келмейди
▪️ Жақсы көрип жасағанға не жетсин?
▪️ Өмирде маған сендей ким бар еди...
▪️ Жан ишинде сүйип, сүйилмек болар...
▪️ Мама
▪️ «Қустар әни»
▪️ Хат
▪️ Анама
▪️ Мақтаншақ болыўды үйренген тили
▪️ Күшим жетпеди
▪️ Жақсылар қатарынан түспегейсиз
▪️ Әкеме
▪️ Сен маған жасаўды үйреттиң тағы
▪️ Жүрек шаншыды
▪️ Қосық ҳаққында қосық
▪️ Бизиң де жулдыз жайнайды
▪️ Билдим қәдириңди
▪️ Билмеди, мени биреў билмеди
▪️ Сораң...
▪️ Қыз бала
▪️ Шүкир ет
▪️ Күлип жеңдим

@SSirgabaeva


Китап хәм басқа сораўлар бойынша:
☎️ (88) 357-99-33

@bek_ilkhomovich


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Бизде Бәўке жоқпа сөзи мықлы,
Аға болар десем, өзи жықты.
Бойымды көтерсем көзи суқлы
-,Атып жүрмекен, сатып жүрмекен…?!

С.Сырғабаева

*Бәуке
Баўыржан Момыш улы

@SSirgabaeva

4.4k 0 12 14 66

«ТАЛАНТЛЫЛАР МЕКТЕБИНЕ» КЕЛИҢ!

Әдиўли жас дөретиўшилер!

Сизлерди Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы биргеликте өткерип киятырған «Талантлылар мектеби» семинарына мирәт етемиз.

Семинарда белгили шайыр-жазыўшылар тәрепинен шеберлик сабақлары өтиледи. Жас қәлем ийелериниң дөретпелери тыңланып, жол-жоба бериледи.

Семинар 11-февраль күни саат 11:00де басланады.

Еслетпе: Әдебий семинар ҳәр айда бир мәрте Жаслар орайында болады.

@QRJas_doretiwshiler


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ассалаўма әлейкум жақсыларым. Сизлер менен көптен сөйлесе алмаған , жазылмай қалған сөзлер айтылды.

https://youtu.be/p59I1xcoBOk?si=l5r2kweq1WR-1FVN

Усы силтеме арқалы көрип бахалы пикирлериңизди қалдырсаңыз деймен.
Жақсылықта көрискенше🙌

@Ssirgabaeva

3.5k 1 25 18 62

«Талантлылар мектеби»не мәрҳамат!

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы биргеликте жаңа «Талантлылар мектеби» жойбарын жолға қоймақта.

Жойбар шеңберинде белгили шайыр-жазыўшылар тәрепинен шеберлик сабақлары өтиледи. Жас қәлем ийелериниң дөретпелери тыңланып, жол-жоба бериледи.

Жойбар шеңбериндеги бундай семинарлар ҳәр ай сайын бир мәрте болып өтиўи режелестирилген.

Жойбардың дәслепки семинары 9-январь күни саат 11:00де болып өтеди.

Әдебиятқа ықлас қойған бәршени «Талантлылар мектеби»нде күтип қаламыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Жаслар орайы.


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қарақалпақстан халық художниги
Барлықбай Айтмуратов дүньядан өтти…


Ҳәр көргенде қолымнан қысып “Бабам-аў” деп туратуғын , аз санлы жақсылар ишинде исенетуғын ҳақыйқый Қарақалпақ ,ҳақыйқый Аға едиң…
Тулғаларды әўладларға таныстырып кеткениң ушын рахмет. Бизден разы бол, терең қайғыдаман Аға.

***
Жер бетине жараспай жақты,
Таң думанлы ,гүманлы атты…
Әжел таңлап биймезгил ўақты
Бир талантты алды да кетти…

Бояўы сиңбеген сүўрет,
Қыйнайды руўҳымды тергеп.
Батырлар майданы хүўлеп
Қарақалпағың қалды да кетти…

С.Сырғабаева

3.2k 0 22 15 80

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#поэзия

Сахыбжамал Сырғабаеваға жуўап

Таўға алаңлап, кесекке сүриндик...
Ҳаққа ақ, наҳаққа жаман көриндик.
"Әй" дейтуғын әжелерден әрман жоқ..,
"Қой" дейтуғын хожа таппай бүлиндик..!

Азаны той, мәжилисти байрам қылдық..,
Бир саналы жыласа, ҳайран күлдик.
Шайырлардың еки өмири бар болса,
Көп аманат өмирди ўайран қылдық..!!

Ким байлаған?! Суў келмейди сағадан!
Маңлайымыз ашылмай жүр ағадан!!!
Ийтлер жаман қаўып турған етектен,
Жаўлар ҳеш гәп алып турған жағадан.

Әзелден де биз булай ахмақпедик?!
"Шай үсти" поэзияны "Тақмақ" дедик...
Қара жерин жай "Қара" демесек де,
Таўып алып, ақ жерин "Аппақ" дедик.

Қашан келеди бул ислер оңынан!?
Бағып көрермиз соқырдың соңынан!

Исмайылов Абдирашид
Жазылған сәне: 14.XII.2024

@Poeziya_Abdirashit

3.9k 0 41 16 91

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Байрамың мүбәрек Қарақалпағым.

3.3k 0 25 7 107

Әбдурашид Исмайылов пенен сырласыў


Урыс майданында жаўынгер соңғы,
Арын сақлаў ушын жан берип тынды.
Бизлер жаназаға қатнасып жүрмиз,
Қаңыраған майдан мәртлерсиз енди…
Қайтып шықпас болып жулдызлар сөнди,
Ҳәмме көрмегендей көзлерин жумды.
Арнаў қосықларға ыққан поэзия
Қашшан Ибрайымды шырлатып көмди.
Бар еди, барлығын жоқ етип болды,
Ертең тулға тутар әўладлар кимди?!
Қызық, өлтиргенлер сотланбаймекен?!
Кеше Рахманов, бүгин Төлек өлди…


Өзиң айт, Қарақум ийшанның төли
Қалай басып жүриппиз қара жерди?!

С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

3.6k 0 22 14 75

***
Айбаты жоқ не көринген таўларға,
Сана кемис , ақыл еси саўларға…
Сөз демей-ақ сырын берген жаўларға,
Арысланның ақырғандай үни жоқ.

Сыбырласып сығалайды көзлери,
Ата душпан өзлерине өзлери,
Марапаттан исип кеткен жүзлери,
Батырлардың жүрегиниң түги жоқ…

Шайыры бар… дәўири жоқ көз илген
Шайыры бар… хәўири көп сөзинен
Талантсыздың көкрегине дизилген
Ялғаншы-ай, бирин тапсаң бири жоқ…!

С.Сырғабаева

@Ssirgabaeva

#сөзбәндиргиси

5.2k 0 48 16 163

Ҳәси кетпе!

Мәнгилик жоқ!- мына аспан астында,
Қәбириңе қойып қайтар достыңда.
Ҳеш кимге ийилмеген кербаз басың,
Ширип кетер қара жердиң астында…

Сен өлесең, өзгермейди дүньялар,
Туўысқаның журт көзинше қыйналар,
Ҳеш ким саған жолдас болып бармайды,
Топрағыңды сырт бетинен сыйпалар.

Әжел келсе алып қалар дейсеңбе?!
Қалып кетер, жаннан артық сүйсеңде.
Ақ таўарға оранып-ақ кетерсең,
Тириликте ең қымбатын кийсеңде.

Ҳәси кетпе!

С.Сырғабаева

@SSirgabaeva

7.2k 1 121 32 192

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Кеширесизлер 🤦🏼‍♀️

5k 0 35 29 24

Репост из: Исмайылов Абдурашид
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#мүнәсибет

Әжиниязды Жуманияз дегенде үндемеп едим, сөгинип қоятуғынымды билип.

1) "Plat books" емес "Plato books"
2) "Экзюпер" емес "Экзюпери"
3) "Қара шаҳзада"ға улыўма гәп жоқ. Еле де "Қара рицар" демегени

Китап оқың, берекет тапқырлар, китап. "Кишкене шаҳзада" өзи кип-киттай китап, бир отырыста жутып жибересең.

@Poeziya_Abdirashit

4.5k 0 33 24 66

Менде бир бийқайғы заман болмады
Әжинияз Қосыбай улы

“Ағам барда, арқам тамда” деген-ем,
Жаздырмады тобығымды шегеден.
Талант емес “блогер”лерди шақырған,
Кешир шайыр! Қутлы болсын мерекең.

С.Сырғабаева

11.8k 2 77 25 184

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Сен сағыныш нелигин билесеңбе?
Жүрегим шыдамай жүр гүресиўге.
Өзим жерде үнсиз турғаным менен,
Бир әрман бар руўхымның еңсесинде.
Ишимдеги қызғаныш от есиўде,
Өзимди де қыйнайман есесине.
Жас қызға тәғдир де салғанба қастын
Барлық жолым кетип жүр кесесине.
Мәйли, шырмалып турмыс тәшўишине
-,Сүйгениңнен тансаңда ел ишинде,
Сенсиз мухаббет сөз болған жерде,
Бахыт бола алмайман мен хешкимге.
Ешейин сезим берип елесиңе,
Бәрин салдым ўақыттың кемесине.
Өзиңнен өзгеге жибермей қойған,
Сол сағыныш нелигин билесеңбе?!

С.Сырғабаева
#сөзбәндиргиси

5.8k 1 50 25 125

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram

6.3k 0 45 24 87
Показано 20 последних публикаций.