#Поэзиядан_үзинди
,, – Дүнья – саҳна, адамлар – актёр ҳәр ким өз ролин ҳалының келгенинше ойнап баратырған...
– Дүнья – мийманхана, адамлар – қонақ. Кимди көрсең, қонып кетип баратырған. Театрдан шыққан Бердақ қонақлардың изинен қарап қала, бережақ...
– Мәңгиликке айнал, сен де сөйтесең..."
(Монумент тусындағы гәплерден)
* * *
Саҳна бүгин саҳра түўе,
Дүньяны,
Бир ,,уртында" сыйдырыўға жарайды:
* * *
Сыйып атыр өтмишиң де, жаңаңда,
Рейган да, Напалеон да, Маман да!..
Келип атыр, кетип атыр барлығы,
Дүнья – сахна –
Жатырқамас адамды.
* * *
Сахна ғой бул! – Сыйқырлы ғой! – Өнер ғой! –
Мың қыялға, мың муқамға дөнер ой:
Асанды да, Гитлерди де ойнайды,
Актёр халқы қубылыўға шебер ғой!
* * *
Дана да ол – болжап айтқан алысты!..
Сол сахнада-ақ қайра басар Марсты!..
Журт көзинше-ақ пара алып,
Султанлар,
Заңды женшип, қоллап атыр танысты!..
* * *
Сол сахнада-ақ Айдос елден жыйнаған,
Салықларды алып кетти Хийўаға!..
Ерназардың жаўтаңлаған көзлери,
Сол сахнаны қыймағаны қыймаған!..
Хийўа ханы түйе берип өлеси
Күнхожаға кийдирди, әне, гөнесин!..
Жерин алып,
Суўын алып,
Нөкерлер,
Тинтсе тинтсин Қолдаўлының төлесин!
* * *
Түңилме қой, төл шайыры даланың!
Сахна ғой бул!..
Билмейсең бул қаланы! –
Мунарланған мешит емес, – қонақ жай!
Аўна-қуўна, сенде ләззет ала бил!
* * *
Айбынба, қой! – дин Ҳәзиретиң жоқ онда!
Люкске бар! Қонақ ханнан тоқ онда!
Ҳәўлиң – ,,Нөкис" *
Зәўлим – ,,Ташкент" – жүз пайыз!
Қытықлассаң қудашаң да көп онда!..
* * *
Кирмейсең бе?!
– ......!!!
– Сыймайсаң ба?!
– ......!!!
– Сыймайсаң!
Жақты күнди, көк аспанды қыймайсаң!
Цыганлардың дәрханлығын,
Шайырдың, –
Ҳәтте гөрге сыймаслығын сыйлайсаң!
20-август 1984-жыл. Нөкис.
Шаўдырбай Сейитов
"Бердақ шайыр ҳәм оның монументи ҳаққында еки аўыз сөз" қосығынан, екинши сөз.
Канал: 👉 @shawdirbay_seyitov
,, – Дүнья – саҳна, адамлар – актёр ҳәр ким өз ролин ҳалының келгенинше ойнап баратырған...
– Дүнья – мийманхана, адамлар – қонақ. Кимди көрсең, қонып кетип баратырған. Театрдан шыққан Бердақ қонақлардың изинен қарап қала, бережақ...
– Мәңгиликке айнал, сен де сөйтесең..."
(Монумент тусындағы гәплерден)
* * *
Саҳна бүгин саҳра түўе,
Дүньяны,
Бир ,,уртында" сыйдырыўға жарайды:
* * *
Сыйып атыр өтмишиң де, жаңаңда,
Рейган да, Напалеон да, Маман да!..
Келип атыр, кетип атыр барлығы,
Дүнья – сахна –
Жатырқамас адамды.
* * *
Сахна ғой бул! – Сыйқырлы ғой! – Өнер ғой! –
Мың қыялға, мың муқамға дөнер ой:
Асанды да, Гитлерди де ойнайды,
Актёр халқы қубылыўға шебер ғой!
* * *
Дана да ол – болжап айтқан алысты!..
Сол сахнада-ақ қайра басар Марсты!..
Журт көзинше-ақ пара алып,
Султанлар,
Заңды женшип, қоллап атыр танысты!..
* * *
Сол сахнада-ақ Айдос елден жыйнаған,
Салықларды алып кетти Хийўаға!..
Ерназардың жаўтаңлаған көзлери,
Сол сахнаны қыймағаны қыймаған!..
Хийўа ханы түйе берип өлеси
Күнхожаға кийдирди, әне, гөнесин!..
Жерин алып,
Суўын алып,
Нөкерлер,
Тинтсе тинтсин Қолдаўлының төлесин!
* * *
Түңилме қой, төл шайыры даланың!
Сахна ғой бул!..
Билмейсең бул қаланы! –
Мунарланған мешит емес, – қонақ жай!
Аўна-қуўна, сенде ләззет ала бил!
* * *
Айбынба, қой! – дин Ҳәзиретиң жоқ онда!
Люкске бар! Қонақ ханнан тоқ онда!
Ҳәўлиң – ,,Нөкис" *
Зәўлим – ,,Ташкент" – жүз пайыз!
Қытықлассаң қудашаң да көп онда!..
* * *
Кирмейсең бе?!
– ......!!!
– Сыймайсаң ба?!
– ......!!!
– Сыймайсаң!
Жақты күнди, көк аспанды қыймайсаң!
Цыганлардың дәрханлығын,
Шайырдың, –
Ҳәтте гөрге сыймаслығын сыйлайсаң!
20-август 1984-жыл. Нөкис.
Шаўдырбай Сейитов
"Бердақ шайыр ҳәм оның монументи ҳаққында еки аўыз сөз" қосығынан, екинши сөз.
Канал: 👉 @shawdirbay_seyitov