#Поэзиядан_үзинди
Кимге дәркар руўҳы өлген
жансыз лашым, мусаллат?! –
Руўҳымнан жуда етти,
енди тәнди ал мейли!
* * *
Сизлер, сизле-ер – соқыр сезим,
шылғый руўҳый саллақы,
Сизлерсизлер мийрас еткен
бизге руўҳый өлимди!..
* * *
Өлди, өлди ашықлардың
жылўа билән назлары,
Өлди, өлди алынбастан
туңғыш шийрин посалар!
Өлди, өлди! Ғәззел өлди!
Тул қалды бул сазларым,
Сынды, сынды шериятқа
шимпилдеген касалар!
Сизлер буны сындырдыңыз
руўҳы геда, сезимсиз,
Ақ сарайдан сарпай кийген
жалған ,,яқшы" шайырлар!
Шайыр емес туйғы шәмензарын
женишкен өгизсиз,
Нәлет сизге даңқ, ҳәмелге
арын сатқан зайыллар!
* * *
Ел намысын хор әйледи
бул нәлетий интизам,
Тиллә үстем, ар-уятлар,
ҳүждан параға кетти!
* * *
Ўа-а, тилланың тажжаллары!
Сәўги бир тийин сизге! –
Сизге мың жыл ашықлықтан
арзан бир ләззет артық!
* * *
Мәзи мүрде кимге дәркар
жансыз , руўҳсыз, даңқсыз, –
Шыңғыт тири өликлерди,
дәртли сийнеңнен, Дүнья!!!
Шаўдырбай Сейитов
"Нәдийра бегим әпсанасы" 2-бөлиминен
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov
Кимге дәркар руўҳы өлген
жансыз лашым, мусаллат?! –
Руўҳымнан жуда етти,
енди тәнди ал мейли!
* * *
Сизлер, сизле-ер – соқыр сезим,
шылғый руўҳый саллақы,
Сизлерсизлер мийрас еткен
бизге руўҳый өлимди!..
* * *
Өлди, өлди ашықлардың
жылўа билән назлары,
Өлди, өлди алынбастан
туңғыш шийрин посалар!
Өлди, өлди! Ғәззел өлди!
Тул қалды бул сазларым,
Сынды, сынды шериятқа
шимпилдеген касалар!
Сизлер буны сындырдыңыз
руўҳы геда, сезимсиз,
Ақ сарайдан сарпай кийген
жалған ,,яқшы" шайырлар!
Шайыр емес туйғы шәмензарын
женишкен өгизсиз,
Нәлет сизге даңқ, ҳәмелге
арын сатқан зайыллар!
* * *
Ел намысын хор әйледи
бул нәлетий интизам,
Тиллә үстем, ар-уятлар,
ҳүждан параға кетти!
* * *
Ўа-а, тилланың тажжаллары!
Сәўги бир тийин сизге! –
Сизге мың жыл ашықлықтан
арзан бир ләззет артық!
* * *
Мәзи мүрде кимге дәркар
жансыз , руўҳсыз, даңқсыз, –
Шыңғыт тири өликлерди,
дәртли сийнеңнен, Дүнья!!!
Шаўдырбай Сейитов
"Нәдийра бегим әпсанасы" 2-бөлиминен
Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov