БИЙБИЖАН
1948-жыл. Мойнақ елатының балық консерва комбинаты қасында туратуғын Тәжбен атаның үйинде Бийбижан атлы нәресте дүньяға келди. Ол қыз күн емес, саат сайын, минут сайын өсе баслады. Ата-анасын қуўантып шүлдирлеп тили де шықты. Оның ҳәр бир сөзин үлкен әлемдеги бир жаңалық сыяқлы қызық көрип, сөйлете беретуғынды қәлейтуғын еди. Бийбижан бес жасқа толған гезде сиңлиси дүньяға келди. Оның қуўанышының шеги жоқ. Сиңлисин:
- Өзим бесикке саламан, тербетемен,- деп зыр жуўырып анасына пәрмана болды. «Болар бала бес жастан»-дегендей ол сондай шаққан қыз болды.
Анасының жәрдемшиси, деп әкеси еркелетип, маңлайынан сүйип, кызының шаққан, зейинли, ақыллы болып өсип атырғынан кеўли толатуғын еди. Шаңарақта изли-изинен перзентлер дүньяға келип, бул бахытлы шаңараққа ҳеш кимниң көзи тиймегей дегиң келер еди. Бийбижан он бес, он алты жасларына келип, анасы көзигип аўырыўлы болып қалды.
Анасы үй-руўзыгершилигине жарамай қалғанлығы себепли, үлкен үйдиң машқаласы, кишкене Бийбижанның мойнына түсти. Орта мектептиң сегизинши класын шалама-шекки питирген қыз, оқыўдың не екенлигинде умытты. Үкелерин жуўындырып, шайындырып, шай-аўқатларын берип, анасының кеўлин сорап келген ағайин-туўған, қоңсы-қобаларды күтиў менен бәнт еди.
Тәжбен ата кемпирин емлетиў ушын аўылда, қалада жайласқан емлеўханаларға алып барып, шыпакерлерге көрсетеди. Бармаған жери қалмайды. Бирақ ҳеш қандай нәтийже болмаған соң, үмитленгенди қойды.
Әкеси Тәжбен ата кеш қарайғанда балықшылардан сатып алған балықларын әкелип тазалай баслайды. Ал Бийбижан басын, қуйрығын сорпа етип, қалған кеспелерин қуўырып үкелерине жегизеди. Қамыр ийлеп, нан жаўады. Нәзик-жиңишке қоллары менен барлық жумысларды меңгереди. Қулласы анасы болып, үкелерин тәрбиялайды. Ана меҳрине тоймаған нәрестелер әжапасын, анасындай көреди. Қыстың боранлы суўығында Бийбижан әкеси жумыстан келемен дегенше, отын шаўып қояйын деген-ой менен балтасын қолына алып, далаға шықса, есигиниң алдынан Жумабай өтип баратырған еди.
- Бийбижан, әкел балтаңды өзим отын шаўып берейин-деп жақынлап келе берди. Қыз не ислерин билмей албырағанынан қолындағы балтасын жигитке берди. Жумабай күш ғайратқа толы, ири денели, қарыўлы жигит еди. Ҳәп заматта отынлардың барлығын шаўып, тақтайлап жыйнапта берди. Бийбижан уялғанынан үйине кирип кетти. Ал жигит болса, сол күннен баслап күнде усы үйдиң алдынан өтиўди үрдис етти. Оны сезген аўылдың қап-қара домалақ жигитлериде усы үйдиң есигине телмирип турыўды үйренди. Мурнына самал енген жигитлердиң барлығы Бийбижанға ашық еди. Ал әкеси Тәжбен ата кеўлинде ҳеш қандай жаман ойы жоқ:
- Бәрекәлла балларым! Келиң! Отын жарайық! Егисликке жәрдем бериң!-деп аўылдың жигитлерин жәрдемге шақыратуғын еди. Бийбижан оларға да аўқат асып, түслик аўқатларын берип, кеш қарайғанша усы үйдиң жумысларын ислеп берип жүрген жигитлерге рахметин айтып, миннетдаршылық билдиретуғын еди. Ал ол жигитлер тек ғана Бийбижанның ай жамалын көриў ушын ғана келетуғынлығын ҳеш ким сезбейди. Буны Жумабай ғана түсинип Бийбижанды ҳәммеден қызғанатуғын еди. Жаздың саратан ыссысында есигиниң алдына пешшехана қурып уйқылап атырған Бийбижанды алып қашып кетеди. Үйине алып барып, әке-шешесине:
- Мен қыз алып қашып келдим, үйленемен-деп турып алады. Әке-шешеси аң-таң:
- Ҳаў балам-аў сениң «Ушқышлар»-таярлайтуғын оқыўға кетемен дегениң қәне! Биреўдиң айдай қызын алып қашып, не қылайын-деп едиң балам, оқыўың не болады?-деп ҳаплығып атыр. Баласы болса:
- Мен әлбетте оқыўға кетемен, бирақ мына қызды үйге алып келип кетпесем болмайды. Мен оқыўды питирип келемен дегенше, аўылдың жигитлери оны қоймайды. Мен Бийбижансыз жасай алмайман. Оны жақсы көремен, сол ушын үйленбесем болмайды деди. Әке-шешеси не ислерин билмей ҳайран. Сол гезде үйинде жасы үлкен сексенге шыққан соқыр әжеси бар еди. Ол:
- Үйге келин алып келген болса, жүдә бәрекәлла! Қарсылық көрсетпең! Келинниң басына орамалды өзим салайын-деп, ақлық баласының үйленгенине ишлей қуўанып атыр. Әжениң бир аўыз сөзи менен Бийбижан сол үйде келин болып қалды.