Сөз маржаны


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Цитаты


Бул дүньяның көрки - адам баласы.
(Әжинияз)
Дүнья талантлары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Цитаты
Статистика
Фильтр публикаций


Мен  ол үйге Келин болып тускенимде
Ол қыз мени "ана" деп шақырама?  Келешекте мениң балларым сол жетим кыз бенен  бирге  турама?
Мен тойды тоқтатаман.
Сен айттырылып қойғансаң.
Сен Жахангирдей жаксы жигит табалмайсаң. Ойланып көр кызым, - деди  Дилбархан. Ертеңине  Лазиза Жахангир менен ушырасты. Қыз бир шәртим бар, - деди.
Ядгораны  балалар үйине бересиз ямаса ағайинлериниң  үйине апарып тастайсыз. Сол уақытта Сизге турмысқа шығаман.   Жахангир хайран қалып, мен өзиме исенгендей  исенип едим саған. Мине  енди сырың ашылды. Мийримсиз екенсең.  Ядгора мениң бауырым. Ол хешқайда бармайды..
Лазиза артына қарамастан кетип қалды. Жахангирдиң анасы қыздың үйине барып хабар алайын дегенде хешкайда бармайсыз, қоңырауда қылмайсыз анажаным, - деди хәм Лазизаның өзине айткан сөзин айтып берди. Улыума қопал мийримсиз қыз екен. Ол қыз маған өмирлик қостар бола алмайды. Анасы ойланып қалды. Ертеңине Жахангир жумыста отырған уакытта Лазиза кирип келди. Бармағындағы жүзикти шешип столдың үстине қойды. Жигит бул соңғы шешимиң бе?, - деди. Сол уақытта жумысындағы жорасы Ядгора менен бирге кирип келди. Ядгора болса анажаным деп Лазизаны қушақлап алды. Жахангир таң қалып недерин билмей қалды. Лазиза болса мен кетиуим керек, деди. Ядгора-анажаным
Мен енди сизди хешқайда жибермеймен. Әкем болса
сүуретиңизге күнде тигилип қарап отырады. Анам мениң, акыры келдиңиз бе? Енди мени таслап, хешқайда кетпейсизғо я деди. Лазиза не ислерин билмей биресе жигитке, биресе бийгүнә нәрестеге қарады. Кейин төмен ийилип, Ядгораны бауырына басып, жаным қызым, - деди.

Өзбек тилинен аударған:
Гүлбахар Қарабаева.
Шымбай. 2024- жыл.

https://t.me/Soz_marjani


Соның арасында қапыны кимдур қатты - катты кақты.
Ким екен? Анасы өзим ашаман деп, есикти ашты.
Жахангир каяқта? Сен не ушын мениң гүлдей кызымды алдап журсең? Уйленгениңди бизлерден жасырыпсанғо.
Қызыңда бар екен.
Лазиза қате түсинген деди.
Сонда қызым өтирик сөйлейме?. Жахангир индемеди
Мухаддас ана, мына жерде отырың. Мен Сизге хәммесин түсиндирип беремен.
Буннан бирнеше жыл бурын мениң Мархабо деген қызым күйеуи менен тууыу үйине баратырғанда жол апатына ушырайды. Қызым туыу үйине үлгерип келеди хәм қызын дүньяға келтиреди. Соң көз жумады.
Ал күйеу бала сол уақытта кайтыс болады. Кейин бизлер жылап, сықлап тәғдирге тән берип, нәрестени үйге әкелип
бағып алдық. Қызы Мархобадан естелик деп, атын Ядгора қойдық. Ядгора Жахангирдиң тууысқан жийени. Мениң ақлығым. Туылып, тили шыққалы бери
Жахангирди әкеси деп биледи хәм аға деп шақырады. Анасын сорайма? - деди. Лазизаның анасы. Анаң узак сапарға кетти. Жақында келеди деп қойыппыз.
Лазизаның анасы Дилбархан
бул уакыяны еситип индемей шығып кетеди. Үйине барып, қызына бәрин айтып берди.
Қызым жүр дүканға барып саған мебель көрейик деп еди, Дилбархан. Жоқ хеш қайда барыу шәрт емес.


Ядгора оқыудан келип, мен келдим деди.Келеғой қызым Қәне бүгин неше сабақтан "5"алдың? Мен бүгин еки сабақтан " 5 ' алдым
Қандай сабаклардан алдың?
Оқыу менен математикадан, - деди қуанып.Жүдә жақсы кызым, ендигиде хәмме сабаклардан " 5" бахасын алыуға хәрекет ет кызым.
Якшы аға деп, күле шырай менен шығып кетти.
Ертеңине Мухаддас ана баласына күн салкын,
Ядгораға шарф алып бер деди. Дүканга бирге барып, шарф көре баслады.Ядгора шарф таңлайман дегенше
Жахангир шетте бақлап турды. Сол уакытта тосаттан
дүканга Лазиза кирип келди.
Жахангирди көрип қасына келди. Жахангир недерин билмей, қызға не қылып жүрсиз деди. Жийенимниң туылған күни еди. Соған көйлек алайын деп кирдим.
Өзиңиз ше? Не алмақшысыз деп атыр еди. Ядгора жууырып келип, аға мына шарфты таңладым, деп еди.
Лазиза таң калып, бул кыз Ким? Сизди не ушын аға деп атыр. Жигит Ядгораға баска затларды көрип тур деди. Сиз уйленгенсиз бе? Қызыңызда бар екенғо. Үйленген болсаңыз неге мениң менен ушырасып жүрсиз? Мен хәзир саған бәрин түсиндирип беремен
Жүр машинаға, бизлер дүканның ишинде турыппыз.
Әстерек сөйлеңиз , деди
Жахангир. Қыз тыңламай кетип калды. Кыз қапа болып, жылап келди үйине.
Анасы қызын көрип, не болды қызым, неге жыладың деди. Ол мени алдады. Ол үйленген екен. Оның қызы 6ар екен. Ол Ким? - деди Лазизаның анасы түсинбей.
Жахангир деди кыз.
Қой ол мүмкин емес.Ол жақсы әдепли жигитгой.
Маған исенбейсизбе? Мен өз көзим менен көрдим. Дүкан аралап жүр екен. Кишкене қыз "аға" деп жууырып келди. Лазизаның анасы ол неге бизлерди алдайды? Хәзир үйине барып сөйлесемен деп қызыу пәт пенен сыртка атлыгып шықты. Жахангир болса болған уакыяны анасына айтып берди. Мухаддас ана болса, балам мен саған айтып едим, ертерек айтыуың керек еди, деди. Изи не болады айттырып койып едик.


" ЖАСЫРЫНҒАН ХАҚЫЙҚАТ"

Мухаддас ана уйықлап атырып бирден шоршып оянып кетти. Себеби қайтыс болған кызы түсине енген еди. Ол тура сала сүуретин
алып, Мархабо қызым не ушын тынышсызланып атырсаң, саған не болды?- деп сөйленип отырды.
Орнынан турып сыртқа шыққан уақытта, баласы Жахангир, апа ертерек оятсаңыз болады ғой бұгин жумысқа ертелеу баратуғын едим, - деди. Түнде айтпапсаңда балам. Күндегиге қарап сәл кешлеу турыппан. Шай ишип отырып анасы баласына: Сен Ядгора хаккында Лазизаға айттыңба? Мен әжапаңды түсимде көрип жүрмен. Ядгора деп шақырып тынышсызланып атыр. Яқ айтпадым. Рети болмай атыр. Анасы, ертелеу айтыуың керек. Кейин кеш болады, - деди. Жахангир жумысына барып ишке кирип отырған уақытта жорасы қапа көринесеңғо достым, - деди.
Өткен уакыяларды Ядгора хаккында Лазизаға неге айтпадың деп атыр анам.
Достысы да айтыуың керек.
Бәрин билиу керек деди.
Жахангир өзиниң унаткан қызы Лазиза менен ушырасып хәммесин айтпақшы болды. Саған бир сөз айтпақшыман. Қапа болмайсыз ба? Маған исенесизғо. Ашыуыма тийетуғын сөз айтсаңыз, әлбетте қапа боламан, хәзиллестим. Сизге исенемен
айтабериң. Жигит кызға көзиңди жум деп, бармағына жүзик тақты. Хау ақыры бул неке жүзигиғо,- деди қуанып.Қандай сулыу.
Жахангир тағы айтатуғын сөзин айталмады.


Басқаларға бахыт үлесиўден қорықпаң, ол әлбетте өзиңизге қайтады.☺️💐💐

Түслигиңиз татлы болсын!

https://t.me/Sóz_marjanı


🍃🌹🍃Әжайып қосықты тыңлап дем алыңыз.

"Аӊлаттыӊ маған"
Ә. Темирбаев намасы

Әкем асқар таӯлар үлгиси болды,
Анам меҳри- өмирим уллысы болды,
Перзентлерим менен қушағым толды,
Тәӊрим, өмир жибин байлаттыӊ маған.

Усындыӊ опадар өмирлик жолдас,
Олсыз күнлеримниӊ мазмуны болмас,
Ығбалым ҳәм бахтым, жолларым тутас,
Өмир бағларынан сайлаттыӊ маған.

Жай бердиӊ халқымныӊ кеӯил бағынан,
Шағладым, шарладым келсем ҳағынан,
Йош берип, бүлбүллер пәрӯазларынан,
Қанатлы қосықлар сайраттыӊ маған.

Ҳақыйқат бар жерде, жалғанныӊ барын,
Досларым бар жерде душпанныӊ барын,
Арзыӯлар бар жерде әрманныӊ барын,
Өмирим, сен бәршесин аӊлаттыӊ маған.

Алтынгул Утениязова

https://t.me/Sóz_marjanı


ЫРЫМ.

Анам айдарымды сыйпап отырып,
Үш орайың бар деп күлгени есте,
Ол ойлаған;балам дәўранды сүрип,
Қатара үш отаў тигер деп өссе.

Ырымлар да бизге тиккендей қастын,
Не дерсең тәғдирдиң ғалма-ғалына,
Шүкир,олсыз да бул ғаўғалы бастың,
Төрт орайы болмағанына....

✍И Юсупов.
Апрель 2000ж


https://t.me/Sóz_marjanı


#күн_ҳикмети

🙄 Өзлигиңди еки нәрсе белгилеп береди:

– Ҳеш нәрсең жоқ болғандағы сабырың.
– Ҳәмме нәрсең бар болғандағы
(олардан) пайдаланыўың.

https://t.me/Sóz_marjanı


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
https://t.me/Sóz_marjanı


Ўәдеге ўапа

    Бул Иранның Занджан қаласында дүканшы Ҳажы Ҳасанның ҳүрметине қойылған естелик. Бир күни оның дүканына биреў кирип, Ҳажы Ҳасанға аманат ретинде велосипедин қалдырып, бир себеплер менен қайтып келмейди. Ҳажы Ҳасан велосипедти күнде азанда дүканнан шығарып, кеште ийеси келмегеннен соң ишке киргизип қоятуғын еди. Бул жағдай 45 жыл даўам еткен. Ҳажы Ҳасан аманат ийесин күтип жасаған.

    Ҳажы Ҳасан дүньядан өтти, бирақ велосипед ийеси табылмады. Ол қайтыс болғаннан кейин ҳүкимет қала орталығында дүканшы менен велосипедке естелик орнатты. Халық оны «Ўәдеге ўапа» монументи деп атайды.

https://t.me/Sóz_marjanı


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
СЫН

Жигитти сынасаң ҳəмел берип көр,
Желхомлы кемеге самал берип көр,
Халқының алдында өзин жойтпаса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Ҳаялды сынасаң шырай берип көр,
Алтын, гүмис, дүнья, сарай берип көр,
Нəпсиге қул болып, өзин сатпаса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Жораңды сынасаң жаўға шығып көр,
Төбеси көринбес таўға шығып көр,
Оққа өзин тутып қалқаның болса,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Иниңди сынасаң кесел болып көр,
Атыңнан жығылып мешел болып көр,
Қол қанатын болып сүйеўге келсе,
Бахытлы өмирден дәме берип көр.

Турғанбай Қарлыбаев
10. 03. 2014

https://t.me/Soz_marjani

1.8k 1 57 13 35

Улкен уй


Машинадан туссем жол жагасында,
Гузар жол,Тереклер,таныс кадирли,
Алыстай коринер еди расында,
Енди кол созымдай таныс хам сырлы.

Олар мени танып кутип тургандай,
Жагалап журемен кеуилим тасып,
Тамагым ашыйды бир зат толгандай,
Келемен озимди мен зорга басып.

Ажагам киятыр машина айдап,
Токтатып жуырып шыгар алдыма,
Ал мен болсам байгус анамды ойлап,
Кеулим толкып кетер.Кушып алдыда,
Хаммесин сорады жагдайым жайым,
Калай ахуалларын "кемис екен нен?"
Бари шукр Алла.Эх агатайым,
Кеулимнин кемисин билгенде аттен.

Бул уйдин бар жогы,барлык даскеси,
Мен ушын кадирли азиз анамдай,
Жыласам кабарман десип "бул неси?",
Сагындым уйимди мен ушын жандай.

Кадирли бул уйдин аткан хар таны,
Айландым тум-тусты,тым -тырыс жан-жак,
Анамнын тандырга кийген шапаны,
Куйе болсадагы мен ушын аппак.

Студент уактымды азырак еслесем,
Хар шемби тандырдан тутин шыгады,
Жолдан тусип уйге жакынлап келсем,
Анам шапан кийип былгап турады.

Уйгеде кирместен туры тандырга,
Барып анам менен корисер едим,
Устине ийиси урып калады,
Уйге бар деседе мен кирмес едим,.

Ыссы нанды жауып келип анамыз,
Кулисип отырып ишкен шай барма?,
Оны еслегенде кеуил ханамыз,
Тыныш табар бул уйде бир жай барма?.

Толы дастурханда аппак шореклер,
Биз таласып жеген загара барма?,
Тек еслеймиз тыным таппас журеклер,
Орныннан таппайман.Сол дара барма?

Еки этаж имарат айна акфадан,
Таза жай ийиси сезилип турар,
Ески уйимизде агаш айнадан,
Анамнын козлери коринип турар.

Багдын хар муйеши анамнын орны,
Акемнин саулатын сезер хар адым,
Агажан кеулинде арманлар толы,
Менде оларды хеш умыталмадым.

Улга мийрас ата бабанын жолы,
Агаларым корганымсыз, батырсыз,
Сиз ата- анамнын ядына толы,
Теберик орында жасап атырсыз.

Айыпка санаман кыялгой таубе,
Еркине жиберсем асты-ау асыуды,
Орнында барына шукр агажан,
Кешир еркелеген карындасынды.

Мени еле улкейди деп ойламан,
Кеулим бала.Ата-анамды жойтады,
Аттен балалыгым откен сол заман,
Не ислесем жане артка кайтады?

Сизлердин барыныз маган жубаныш,
Ата-анамнан калган жанажанларым,
Тилегим хамийше болгай куаныш,
Биз оскен сол уйде.Мехрибанларым.

Авторы:
Досымбетова Гулзира.

https://t.me/Sóz_marjanı

1.2k 0 27 21 23

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
💥Бүгин 21 ноябрь - “Халықаралық сәлемлесиў күни“

🤝 Бул байрам «Сиз сәлемлесиң ҳәм сизге де сәлем бериледи» ураны астында пүткил дүньяда белгиленеди.

https://t.me/Sóz_marjanı


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Дүньяны зор демең зорлар жеңбейди,
Дүньяны дақ демең дақлар кетпейди,
Сиз тек те бахытлыман, бахтиярман дең,
Дүньядағы ҳеш бир сөз оған жетпейди...

https://t.me/Sóz_marjanı




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🌸Assalawma áleykum áziz hám qádirdanlar!

Бүгинги атқан таң мүбәрек болсын.

Күн даўамында тек жақсы жаңалықлар еситиў ҳәм гөззал көринислерди көриў несийп етсин.

Алладан ким не тилесе қабыл болып кеўиллеримиз тек жақсылыққа толы болсын.

Сәўбетимиз дөретпелеримиз арқалы кимниңдур жүрегине жол таўып кеўилине нур таратсақ кеўлимиз қуўанышқа толар еди.

Қайырлы таң!
Әзизлерим.😘😘

https://t.me/Sóz_marjanı

2.5k 0 43 14 18

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Дүбирлескен тулпарлардың шабысы.
Таса берсин илҳамлардың ағысы.
Заўық берер бундай гөззал көринис.
Нурлы болсын дослар таңның атысы.


Күн даўамында биз бенен болып пикир билдиргениңиз ушын рахмет.

Қайырлы түн!
Шийрин түслер көрип ,таңда аманлықта көрискенше.☺️😘💐💐

https://t.me/Sóz_marjanı

1.3k 0 12 13 17

Жумбақлы дүнья.

Тасланған жумбақтың жуўабы.

1)Адам Ата
2)Ҳаўа Ене
3)Пайғамбарымыз түйеси.
4)Аспаннан қурбанлыққа аталып түскен қошқар.

Еди.

Жумбақтың жуўабын.
Дино достымыз тапты.

https://t.me/Sóz_marjanı





Показано 20 последних публикаций.