СЫЙЛАСЫҚ ҚАЙДА?
Жақында Ақсүнгүл апаның баласы үйленди. Келиншек Нөкисте оқып атырған екен. "Сырға салыў шәрт емес," деп, өзи қәлеўи менен келген. Қызды қуўып келген қуўғыншылар шай ишип, еки аўқатын жеп, жеңге көйлеклерин алып қайтты. Кетеринде "еки күннен кейин "чай питьё"ға келип, қызымыздың кийимлерин әкелемиз," деп айтып кетти.
Жасы үлкенлер барып, қыздың үйинен "арқаламай"ын арқалап келгеннен кейин, Ақсүнгүл апаның үйи "чай питьё"ға таярлана баслады. Он шақлы кило шыққандай қой сатып алып, бас-сыйрағынан холодец иследи, өкпе-баўыры менен ишек-қарнынан салат иследи. Гөшиниң шетинен алып, сомса-беляши писирди. Қулласы, жаңа жылдың утыры болғаннан кейин дастурханды байрамға ылайық жаяйық деп, ҳәммесин қолдан таярлап, тек тортқа буйыртпа берди.
Түске таман дастурхан тайын болды. Қасық-вилка, фужер-стакан, салфеткалар да дастурханнан өз орнын тапты. Белгиленген ўақыт бойынша, саат түски 2 ден өте қонақлар төрт жеңил машина болып келди. Бир талай үлкен чемоданлары бар.
Ақсүнгүл апа туўысқанлары, қызлары, қоңсылары болып қонақларды сазлы музыка менен кеўилли күтип алды. Келгенлердиң ҳәммеси "Мени көрдиң бе?" деп турған сулыў нашарлар екен. Қонақ бөлмеге баслап келген Ақсүнгүл апа аманласып болғаннан кейин отыра бериўлерине рухсат етти. Қызлар сырт кийимлерин шешер шешпестен "вайфай бар ма, паролин айтып жибериң," деп сыртқа өрип шықты. Ақсүнгүл апаның кишкентай қызы Гүлдана бир-еки телефонға пароль терип әкеп берди. Басқалар солардан сканер етип алып, ҳәммеси телефонға қарай баслады.
Қолға суў алынып болған соң шай келди.