Сөз маржаны


Гео и язык канала: Казахстан, Казахский
Категория: Цитаты


Бул дүньяның көрки - адам баласы.
(Әжинияз)
Дүнья талантлары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Казахстан, Казахский
Категория
Цитаты
Статистика
Фильтр публикаций


Егер бир адам ушын жаман инсанға айналған болсаңыз, демек ол инсанға сиз керегинен артық жақсылық қылғансыз.

Лев Толстой

https://t.me/Soz_marjani


#Есте_сақлаң

Наўқасланған адам организмине қабыл еткен  ҳәр бир дəри ас қазанға түскеннен кейин Алладан «Енди не қылайын» деп сорайды екен. Сонда Алла таала «Бул адам сени қалай нийет етип ишти» деп сораў берер екен. Сонда дəри:  «Бисмилләҳи рахмани рахим, , дəртлеримнен азат болайын» деп нийет етип ишти десе. Алла, «Онда өз ўазыйпаңды атқарып, дәртине дəрман бол» деп тапсырма берер екен.

Керисинше дәри: «Пендең дәрисин индемей ишип қоя қойды» десе, Алла «Онда сен де солай етип индемей шығып кете бер» дейди екен.


https://t.me/Soz_marjani




Өнер үйрениңлер

Бир данышпан балаларына былай деп нәсият айтар еди: «Ҳәй перзентлерим, өнер үйрениңлер, себеби, мал-мүлкке исеним жоқ. Алтын-гүмистен айрылып қалмағың қәпелимде: я уры алады, я өзиң қәрежет қылып таўысасаң. Тек ғана өнер – ағар булақ ҳәм кән дүнья. Қолында өнери бар адам ҳәмелден түссе – ғәрип болмайды, себеби оның өнериниң өзи бир дәўлет, қай жерге барса да өзи иззетте, орны төрде болады, ал өнери жоқ адамның ҳеш жерде қәдири болмайды, тиленшилик пенен күн көреди».

https://t.me/Soz_marjani


ЦЕМЕНТ САТЫЎШЫ ЖИГИТТИҢ АЙТҚАНЛАРЫ

Ырасымды айтсам, мен алдынлары уры бала едим. Соған үйренип қалғанман, бир нәрсе урламасам жүре алмайман.
Биреўдиң сумканын тинтиў, дүкәннен бир нәрсе жымқырыў, қоңсылардың таўық-малларын жоқ қылып жибериў - булар мен ушын майда-шүйде ислер еди. Бул дозақый күнлеримди еслегим де келмейди. Бирақ, буннан он жыллар алдын бир ўақыя себепли урылықты таслап, жүрегиме ийман шоғы уялады. Усы ўақыя мениң өмиримди өзгертиўиме түртки болды.

Милиция халқы урыларды жақсы таныйды. Оларда қандайда бир сезгирлик бола ма, ямаса ишки инстинкти урыларды аңлаўына жәрдем бере ме, тәдирийбели милициялар урылардың жүрис-турысын, қол ҳәм көз ҳәрекетлеринен баланың қандай екенлигин дәрриў анықлай алады.

Бир күни мениң жолымды тосқан милициялар да усындай тәжирийбелилерден еди.
- Урыға уқсайды, - деди бири екиншисине.
Тис қаққан уры емеспен бе, өзимди еркин тутип тура бердим. Оларға бир нәрсени дәлиллеў бәрибир бийпайда.

- Бөлимге алып барып, жақсылап тексериў керек,- деди екиншиси.
Қудай көрсетпесин:
- Ҳаў, әжаға...- деп бир аўыз сөз бенен қарсылық аралас таңланыў билдирип атырман.
Мени бастан-аяқ көзден өткерип болып:
- Ана қалтаңдағы не зат! - деп сорады.
- Паспортым,- деп, қалтамнан "паспортым"ды шығарып бердим. Бул "паспорт"ты қалтама қашан ҳәм қаяқтан салып алғаным да ядамда жоқ!
- Әй, мынаў Ясийн сүреси ғо?! - деп олардың биреўи жолдың бойында тик турып алып, бисмиллаҳ, деп оқый баслады:
- Ясийн Ўәл Қуръанил ҳәкими иннака ламинал мүрсалина ъала сиротим-мустақим. Танзилал-ъазизир раҳийм..
Мен албырақлай басладым. Себеби жанымда паспортым жоқ, екиншиден, өтирик айтып турман...

Қудайға шүкир, Алла оларға инсап берди. Қолыма Ясийн - Алланың сөзи жазылған китапшаны услатып атырып бири екиншисине:
- Жүр кеттик, бул бала уры емес,- деди.
Олар өз жолына, мен өз жолыма кеттим.

Сол, сол екен, мен урлық ислеўди шарта тоқтаттым. Қәлбимде Алланың сөзине деген муҳаббат ҳәм ықылас пайда болды...

Гәптиң ашығы, китапты жүргизип оқый алмай, ҳәриплеп оқыйтуғын едим. Аллаға аңсат екен, үйде жатып алып жүдә көп китап оқып тасладым. Арабша жазыўды дурыслап билмеймен, бирақ намазды қаза қылмайман.

Ҳәзир, мине, базарда турып цемент сатаман. Бир күни ондай, бир күни бундай, әйтеўир Алланың берген ырысқысын ҳадаллап таўып, бала-шағама ҳадал ас жегизип жүрмен. Ата-анамның алғысын аламан.

Жүрегинде ишки бир сезимлери толып-тасып турған бул жигиттиң айтар әңгимеси көп еди. Иләжым жоқ, ўақытым тығыз. Сөзден сөз шығып, басланып кеткен сәўбетти тоқтатыў ушын, цементтиң баҳасын және бир мәрте сорадым да, оның менен хошласып, өз жолымды даўам еттим.

"Мусылманлар күн дизбеси" китабынан.


https://t.me/Soz_marjani


#Нақыл_сөз_ақыл_сөз

       СПИРТЛИ ИШИМЛИКТИҢ АҚЫБЕТИ

Ишиўшилик күшлини - күшсиз,
алымды ақылсыз етеди.
            Француз мақалы.
     
          *     *     *

Арақ пенен сәлемлескен адам ақыл менен хошласады.
          Грузия мақалы.

           *     *     *

Ешек артынан, ешки алдынан, ал, мәскүнем ҳәр тәреплеме қәўипли.
           Армения мақалы.

            *     *     *

Ден саўлық деп көп ишкенлер қәбиристанға ертелеў барады.
            Немец мақалы.

            *     *     *

Арақ ишиў, көп уйқылаў кәмбағаллыққа алып келеди.
             Япон мақалы.

          *     *     *

Ишиўшилик көп жерде аўырыўшылық та көп болады.
              Яҳудий мақалы.


https://t.me/Soz_marjani


Енди олар көп балалы шаңарақ ийелери болып, қызлары күн сайын емес, саат сайын бириниң изинен бири есейип үлкейе баслады. Анасына жәрдемши болып, мийзамкеш болып өсти.
Киши баласы Көмек дүньяға келгенде, Бийбижан азғана сырқатланып калды. Шыпакерлер:
-Қаны азайып кеткен, витаминлер алып, ҳаўа өзгертиў кереклигин тайынлады. Жумабай келиншегин алып, Ленинград каласына ушып кетти. Ол жерде дайысы Асқар аға жасайтуғын еди. Дайысынын ҳаялы рус қызы еди. Соған қарамастан ол тап өзимиздиң мусылман қызларымыздай:
Ақ кеўил, жүзи жадырап туратуғын Пийрим Бийпатманың тухымынан еди. Нөкистен келген конақларды отырғызарға жер таппай, төрги жайына стол жасап, бир аўқаттан кейин, екиншисин таярлап, дастурханды безеп таслайды. Ал Жумабай болса қысылып-қымырылып, Нина жеңгесине:
- Рахмет, рахмет! Көп өзиңизди урындыра бермең. Бизлер мийманханаға кетемиз, тек ғана сизлерди көрип, сәлем берип кетейик,-деп едик. Бул сөзге қапа болған Нина жеңгеси:
- Бизлердиң уйимизде бола бериң! Өзлериңиздиң уйиңизде калай жасасаңыз, тап сондай бизлердиң уйде де қанша боламан десеңиз, сонша мийман болыңлар! Ҳеш қайда бармайсыз!-деп атыр. Ал Асқар дайысы болса:
- Келинди өзим емлетемен! Таныс әскерий шыпакелер бар. Жүдә билгир, өз кәсибиниң маманы-деп оларды ҳеш кайда жибергиси келмей атыр. Себеби Асқар дайысы әскерий полктиң подполковниги болғанлықтан, көп жыллардан бери аўылы Мойнаққа бара алмаған, туўған жерин сағынған ўакытта, өз әскерлик ўазыйпасын атқарып журген, Қарақалпақстаннан келген жас жигитлерди коллап-қуўатлап, үйине қыдыртып алып келип, өзиниң туўған перзентиндей жақсы көрер еди. Себеби өзиниң ул баласы жоқ еди. Жийени Жумабайды да өзиниң баласындай жақсы көрер еди. Ол ушыўшылар таярлайтуғын оқыў дәргайында оқып жургенде де, усы Асқар дайысы көп жәрдем Берген еди. Бийбижанды бир айдың ишинде аттай етип, бес-алты кг. семиртип аўылына шығарып салды. «Аўырыў батпанлап кирип, мыскыллап шағады»-дегениндей Бийбижан бурынғыдай шаққан қуўнак бола алмады. Бир күни мийи айланады, бир күни басы аўырады. Беллери арыўырады, диңкеси болмайды. Соннан-соң жатып калады. Жатып атырып қызларына:
- Қызларым.! Мен сизлерге кандай нәсийҳат берсем, соған ылайыклы тәрбиялы қызлар болың! Анаңыздың үгит-нәсиятларын умытпаң! Алғыс алатуғындай қызлар болың! Барған жериңизде бахытыңыз болсын! Киши пейил болың! Бир түйир иниңизди қапа етпең! Тек ғана сол баламды уўайымлайман. Сизлерден кеўлим қатержам. Ал қызлары болса:
- Анажаным! Неге ондай сөзлерди көп айтатуғын болып кеттиңиз? Қойың инимиз Көмекке өзиңиз тәрбия бересиз. өзиңиз үйлендиресиз. Бизлерде сизге жәрдемши боламыз-дер еди. Ол ўақытлары үлкен баласы жигитлик ўазыйпасын атқарыў ушын әскерге кетген еди. Ол Чита қаласында хызметте болып, командирлери ата-анасына бир бет қағаз:
- Мақтаў қағазын «Благодарность» жазып жиберди.
- Бизге әскерликке жиберген улыңыз Назарбаев Әжинияздың үлгили шын кеўилден көрсеткен хызметлери ушын миннетдаршылық билдиремиз! Усындай тәрбиялаған баланың ата-анасына рахметлер айтамыз!-деген бир бет қағазды Бийбижан көзинен жасы сорғалаўы менен оқып жатты. Ол иш-ишинен улына разы еди. Сол разышылығы менен ол қырық үш жасында дүньядан көз жумды. Ал Жумабай болса перзентлери менен шуўласып қала берди. Дүньяға бес перзентти келтирип, мийнетин көрип, рәҳәтин көре алмай кеткен Бийбижанның әрманлары көп еди. Әттең сум әжел оны ўақтынан бурын алып кетти.
Ал бизлер болсақ ҳүрметли китап оқыўшылар менен биргеликте Бийбижанның перзентлерине:
- Узақ өмир, терең ден-саўлық, таўсылмас бахыт, ырысқы-несийбелери мол болып қалсын дегимиз келеди.

Злиза Қайназарова.

https://t.me/Soz_marjani


Тәжбен атаның үйине аўыл ақсақалларын жиберип, хабар берди. Атасы ҳайран:
- Ҳаў, ол қыз еле жас емес пе? Ол не қылғаныңыз. Үйди алып отырған қыз болса, сиңлилериниң күни не болады-деп албырақлап қалды. Ал сиңлилери болса, өз анасынан айрылып қалғандай жыласып жүр. Бирақ аўыл ақсақаллары Тәжбен атаны көндирди. Әкеси разышылығын бермеске болмады. Солай етип, Бийбижан он сегиз жасында үлкен шаңарақтың кишкене бийкеси болып қалды. Атасы, еки бирдей енеси ҳәм үш қәйнисине хызмет етип зыр жуўырып жүрди. Енелери:
- Бийбижан қызым үйден шықпа! Жүзиңди орамал менен жаўыңқырап жүр! Узын жең көйлек кий! Шығанағың көринбесин! Көз тийип қалады-деп зинҳарлап отыратуғын еди. Ал Жумабай кеўлин жәмледи де, Ленинград қаласындағы «Ушқышлар»-таярлайтуғын оқыўға кетти. Жас келин болса, сол үйдиң оты менен кирип, күли менен шығатуғын болды. Енесиде «Келин түсирдим»-деп шәлтийип таслап, үйдиң руўзыгершилигиниң барлық жумысларын жас келинге жүкледи. Таң атқаннан ошаққа от жағып, шайнек-қуманларын қайнатып, сыйыр саўады, қамыр ийлеп нан жаўады. Қәйинилериниң көйлек шалбарларын дазмаллап берип, оқыўға шығарып салатуғын еди. Не жумыс болсада өзиниң шаққанлығы менен меңгерип кете береди. Сөйтип жүргенде күнлердиң бир күнинде, ишинде бирдеңе жыбырлағандай болады, не болғанын түсинбейди. Енелерине айтыўға уялады. Бир, еки ай өтип оның қарны әдеўир өсип, оның аўыраяқ екенлигин ҳәмме биледи. Тоғыз ай, тоғыз күн, тоғыз саат, ўақты сааты питип дүньяға ул бала келеди. Шаңарақта қуўанбаған адамның өзи болмады. Оқыўда жүрген Жумабайда бул хабарды еситип, қуўанышы қанасына сыймай «Ушып» келеди. Нәрестеге ат қойыў мәресими басланып кетти. Баланың атын Әжинияз қойды. Әжелери болса қуўанып:
- Бири ақлық көрдим десе, бири шаўлық көрдим-деп. Узағына болсын! Өмир жасы менен берген болғай! Әўмийин! Әўмийин-десип атыр. Бахытлы демлер зымырап өтип атыр. Күнлер, айлар, жыллар өз гезеги менен зымырайды. Жумабай оқыўын тамамлап, аўылына «Ушыўшы» (лётчик) болып қайтты. «Дәўлетлиниң қос қуўанышы бир келеди»-дегениндей шаңарақта екинши перзент Гүлзийба дүньяға келди. Қос қуўанышын әке-шешеси менен бирге тойлап, аўылында АН-2 самолётин айдаў несип етти. Аўылында еки жыл жумыс ислеп, өз кәсибиниң маманы болғанлықтан, мийнетлерин баҳалап, жас қәнийгени қоллап-қуўатлап, басшылар Жумабайды Нөкис Аэропортына жумысқа шақырады. Нөкис қаласында турар жайы болмағанлықтан Әжинияз бенен Гүлзийбаны әжелерине таслап кетеди. Өзлери болса, жумысына жақын жерден кирейге үй таўып, сол жерде жасайды. Ақлықларына үйренип қалған Бағдагүл кемпир тумсықлыға шоқытпай, қанатлыға қақтырмай өсире береди. Жумабай қалада ушыўшы болғанлықтан көп қалаларда болады. Өзи менен бирге Бийбижанды да ертип «Сочи», «Ялта», «Крым» қулласы Россияның көп қалаларына қыдыртып алып барады. Екеўиниң қуўанышының, бахытының шеги жоқ еди. Арадан көп ўақытлар өтпей Гүлмира, Зибийра атлы қызлары дүньяға келеди. Енди олар үлкен шаңарақлы болып, қаланың қақ ортасынан көп қабатлы үйлердиң биринен төрт ханалы үй алады. Қуўанысып, үйин ҳәр түрли жиҳазлар менен толтырып, ҳәр бир сатып алған буйымларын қәдирлеп, ҳәр қайсысының өз тарийхы бар еди. Жумабай бала-шағасының алдында мәс болып отырып:
- Телевизорды Гүлмира туўылғанда сатып алдық, ал музлатқышты Зибийра туўылғанда алдық-деп қызларын алдына алып отырып еркелетер еди. Күнлердиң бир күнинде аўылдан жақсы хабар келеди. Жумабайдың иниси Қуўатбай үйленип атыр еди. Бийбижан екеўи бары жоғын алып, Мойнаққа тойға барады. Үш күн, үш түн той болып өтеди. Нөкиске қайтайын деп асығып жүрген Жумабайдың изинен баласы Әжинияз қалмайды.
- Әжаға менде қалаға бараман! Неге мени таслап кете бересиз-деп, боз-боран болды да қалды. Оның артынан Гүлзийбада кийимлерин алып, менде бараман, менде бараман-деп жуўырып жүр. Оған Бағдагүл кемпир:
- Балаларыңызды алып кете-ғойың қарақларым! «Ийтти ийеси менен қыйнасын»-деген-ғой. Мен қанша оларды баўырыма басып, қанша паналасамда мына келген келинлер қағытып, силкитип жүрер! Барағойың балларым!-деп рухсат берген соң Әжинияз бенен Гүлзийбаны қалаға алып кетти.


БИЙБИЖАН


1948-жыл. Мойнақ елатының балық консерва комбинаты қасында туратуғын Тәжбен атаның үйинде Бийбижан атлы нәресте дүньяға келди. Ол қыз күн емес, саат сайын, минут сайын өсе баслады. Ата-анасын қуўантып шүлдирлеп тили де шықты. Оның ҳәр бир сөзин үлкен әлемдеги бир жаңалық сыяқлы қызық көрип, сөйлете беретуғынды қәлейтуғын еди. Бийбижан бес жасқа толған гезде сиңлиси дүньяға келди. Оның қуўанышының шеги жоқ. Сиңлисин:
- Өзим бесикке саламан, тербетемен,- деп зыр жуўырып анасына пәрмана болды. «Болар бала бес жастан»-дегендей ол сондай шаққан қыз болды.
Анасының жәрдемшиси, деп әкеси еркелетип, маңлайынан сүйип, кызының шаққан, зейинли, ақыллы болып өсип атырғынан кеўли толатуғын еди. Шаңарақта изли-изинен перзентлер дүньяға келип, бул бахытлы шаңараққа ҳеш кимниң көзи тиймегей дегиң келер еди. Бийбижан он бес, он алты жасларына келип, анасы көзигип аўырыўлы болып қалды.
Анасы үй-руўзыгершилигине жарамай қалғанлығы себепли, үлкен үйдиң машқаласы, кишкене Бийбижанның мойнына түсти. Орта мектептиң сегизинши класын шалама-шекки питирген қыз, оқыўдың не екенлигинде умытты. Үкелерин жуўындырып, шайындырып, шай-аўқатларын берип, анасының кеўлин сорап келген ағайин-туўған, қоңсы-қобаларды күтиў менен бәнт еди.
Тәжбен ата кемпирин емлетиў ушын аўылда, қалада жайласқан емлеўханаларға алып барып, шыпакерлерге көрсетеди. Бармаған жери қалмайды. Бирақ ҳеш қандай нәтийже болмаған соң, үмитленгенди қойды.
Әкеси Тәжбен ата кеш қарайғанда балықшылардан сатып алған балықларын әкелип тазалай баслайды. Ал Бийбижан басын, қуйрығын сорпа етип, қалған кеспелерин қуўырып үкелерине жегизеди. Қамыр ийлеп, нан жаўады. Нәзик-жиңишке қоллары менен барлық жумысларды меңгереди. Қулласы анасы болып, үкелерин тәрбиялайды. Ана меҳрине тоймаған нәрестелер әжапасын, анасындай көреди. Қыстың боранлы суўығында Бийбижан әкеси жумыстан келемен дегенше, отын шаўып қояйын деген-ой менен балтасын қолына алып, далаға шықса, есигиниң алдынан Жумабай өтип баратырған еди.
- Бийбижан, әкел балтаңды өзим отын шаўып берейин-деп жақынлап келе берди. Қыз не ислерин билмей албырағанынан қолындағы балтасын жигитке берди. Жумабай күш ғайратқа толы, ири денели, қарыўлы жигит еди. Ҳәп заматта отынлардың барлығын шаўып, тақтайлап жыйнапта берди. Бийбижан уялғанынан үйине кирип кетти. Ал жигит болса, сол күннен баслап күнде усы үйдиң алдынан өтиўди үрдис етти. Оны сезген аўылдың қап-қара домалақ жигитлериде усы үйдиң есигине телмирип турыўды үйренди. Мурнына самал енген жигитлердиң барлығы Бийбижанға ашық еди. Ал әкеси Тәжбен ата кеўлинде ҳеш қандай жаман ойы жоқ:
- Бәрекәлла балларым! Келиң! Отын жарайық! Егисликке жәрдем бериң!-деп аўылдың жигитлерин жәрдемге шақыратуғын еди. Бийбижан оларға да аўқат асып, түслик аўқатларын берип, кеш қарайғанша усы үйдиң жумысларын ислеп берип жүрген жигитлерге рахметин айтып, миннетдаршылық билдиретуғын еди. Ал ол жигитлер тек ғана Бийбижанның ай жамалын көриў ушын ғана келетуғынлығын ҳеш ким сезбейди. Буны Жумабай ғана түсинип Бийбижанды ҳәммеден қызғанатуғын еди. Жаздың саратан ыссысында есигиниң алдына пешшехана қурып уйқылап атырған Бийбижанды алып қашып кетеди. Үйине алып барып, әке-шешесине:
- Мен қыз алып қашып келдим, үйленемен-деп турып алады. Әке-шешеси аң-таң:
- Ҳаў балам-аў сениң «Ушқышлар»-таярлайтуғын оқыўға кетемен дегениң қәне! Биреўдиң айдай қызын алып қашып, не қылайын-деп едиң балам, оқыўың не болады?-деп ҳаплығып атыр. Баласы болса:
- Мен әлбетте оқыўға кетемен, бирақ мына қызды үйге алып келип кетпесем болмайды. Мен оқыўды питирип келемен дегенше, аўылдың жигитлери оны қоймайды. Мен Бийбижансыз жасай алмайман. Оны жақсы көремен, сол ушын үйленбесем болмайды деди. Әке-шешеси не ислерин билмей ҳайран. Сол гезде үйинде жасы үлкен сексенге шыққан соқыр әжеси бар еди. Ол:
- Үйге келин алып келген болса, жүдә бәрекәлла! Қарсылық көрсетпең! Келинниң басына орамалды өзим салайын-деп, ақлық баласының үйленгенине ишлей қуўанып атыр. Әжениң бир аўыз сөзи менен Бийбижан сол үйде келин болып қалды.


БАЗАРДА

     Ерли- зайыплылар базар айланып жүрди. Күйеўи ҳаялын сынаў ушын, бир көйлекти услап:
     - Мына көйлекти алып берейин бе? - деди.
     - Қой, уятты! Бундай көйлекти жас ўақтымда да киймегенмен...
    - Алып берсем кийесең бе?
    - Бундай көйлекти алдырманман-да!
    - Неге? Сен де басқа ҳаяллар қусап заманагөй болып жүргиң келмей ме?
    - Заманагөйлик - ашық-шашық кийиниў дегени емес. Мен басымдағы орамалым менен-ақ гөззалман. Басымдағы орамалымды базардағы усындай мың көйлекке де аўмастырмайман!

    Күйеўи күлимсиреп ҳаялына қарады:
    - Ал, мен сени пүткил дүнья гөззалларына да аўмастырмайман, жаным! - деди...

https://t.me/Soz_marjani


#Нәсият

Нанды қәдирлеңлер! Кимде-ким дәстурхандағы нан усақларын жейтуғын болса гүналары кешириледи.

Ҳаял адамларға қатты сөйлемеңлер! Олар Алла тааланың сизлерге берген аманаты. Оларға жақсы қарым- қатынаста болыңлар, жақсылық ислеңлер!

Ақшаңызға өзиңизге зәрүр нәрселерди алыңыз. Одан аўысса бала-шағаңызға зәрүр нәрселерди алың. Оннан да ау‌ысса туўысқанларыңызға жәрдем бериңлер.

Алла таала тазалыққа итибар берип, ибадат ислеген адамды жақсы көреди.

Ийманның ең жоқарысы - өзиң ушын тилегенлериңди басқаларға да тилеўиң, өзиңе тилемегениңди оларға да тилемеўиң.


https://t.me/Soz_marjani


"ИЗЛЕДИМ"
Бахтияр Жуматаев

https://t.me/Soz_marjani


АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!

     Егер  өмирим қуўанышларға толы болсын десеңиз -
Денсаўлығыңызға итибарлы болың.

    Егер өмирде бахытлы жасайын десеңиз -
Минез-қулқыңызға итибарлы болың!

    Егер көпшиликтиң есинде қалғыңыз келсе -
Ақыллы болыўға ҳәрекет етиң,

    Егер усылардың  барлығына ерискиңиз келсе -
Диниңизге итибарлы болың!

    Алла динге түспегенлерден сақласын!   
    Күниңиздиң ҳәр бир минутында Алла сизге мәдәткәр болсын!

    ҚАЙЫРЛЫ КҮН!

https://t.me/Soz_marjani

2.1k 0 55 13 28

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Қайырлы_түн

    Гүз жумысы көлден көп дегендей,  ҳәммеңиз де қыс паслына таярлық көрип, бүгинги күниңизди пайдалы ислерге жумсаған болсаңыз керек.
    Ҳеш қашан ҳәрекеттен тоқтамаң. Себеби тоқтаған адамның отырғысы келеди. Отырған адамның жатқысы келеди. Жатқан адамның уйқысы келеди. Уйқы дегенимиз бул - ғәплетдүр.
    Ал, ҳәрқандай  машақат артында гөззал өмир бар! Соның ушын мақсетке қарай умтылыңыз!

    Кеўлиңизди жақсы пикирлер менен  толтырып, жақсы дем алыңызлар, әзизлерим!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/Soz_marjani

1.5k 0 23 14 19

#Тилсим_дүнья

Салиҳа бир ҳаял қайтыс болды. Ҳәр сапары оның қәбирин зияратлап келгенимизде,  оның жатқан жеринен әтир гүлиниң жағымлы ийиси келип турар еди. Буның себебин күйеўинен сорағанымызда: ҳаялым ҳәр күни түнде уйқыдан алдын  Мулк сүресин оқып жатар еди. Өмириниң соңғы күнине шекем бул әдетин тасламаған еди, деп жуўап берди.

Мулк сүресин оқып жүргенлерге хош хабар,  ол қәбир азабынан сақлайды.


https://t.me/Soz_marjani


Балалардың қолынан тартпаң!

🟣 Бунда тирсек зақымланыўы мүмкин жəне буның себебинен балада буўынлардың тартылып қалады. Әсиресе, бундай жағдай 5 жасқа дейинги балаларда көп ушрайды.

🟣 Ҳəм бала қолы менен ҳəрекет ислегенде аўырсыныў пайда болады. Сол себепли кишкентай балалардың қолынан емес, қолтығының астынан көтериў мақсетке муўапық болып табылады.


https://t.me/Soz_marjani




Гүриш суўлы жерде өссе де, қурамында  сирә ызғар жоқ.

    Ғарбыз қурғақ жерде өссе де, негизги бөлеги суўдан ибарат.

    Алла себеплерге мүтәж емес. Қәлесе, себеплердиң керисиншесин таярлап қояды.


https://t.me/Soz_marjani


КИМДИКИ ДУРЫС?

Еки дос балық аўлаўға барыпты. Олардың биреўиниң аўына үлкен балық илинипти. Ол балықты қалтасына салып алып, үйине қайтыўға асығыпты.
- Қаяққа атландың? -деп сорапты достысы.
- Үйге. Мына үлкен балық маған бүгинги аўқатымызға жетеди,- депти балық услаған жигит.
- Асықпа, жора. Еле бундай балықлардан және көп аўла.
- Оларды не қыламан?
- Сатасаң.
- Кейин ше?
- Пулың көбейеди
- Кейин ше?
- Артық пулыңды банкке қоясаң. Есабыңда пулың көбейип тура береди.
- Кейин ше?
- Бай боласаң.
- Ол байлықты не қыламан?
- Ертең қартайғаныңда ҳаялың ҳәм балаларың менен сол ақшаңды сарплап ҳәз етип жасайсаң
- Мен ҳәзир қалай жасап атырман?! Балық аўладым. Оны асып жеп бала-шағам менен мәс болып жасап атырмыз. Өмирден, шаңарағымнан заўықланыў ушын өмиримниң өтип кетиўин күтпекши емеспен.

Жуўмақ:
Қарап отырсақ еки жигиттиң пикири де дурыс сыяқлы.
Келешекти умытпаған ҳалда ҳәзирги ўақтыңыздың рәҳәтинен бос қалмаң. Қыялларға берилип, өмириңиздиң ең әжайып мәўритлерин өткизип алып, келешекте бахытлы қыламан деген инсанларыңызды сол ўақытта таба алмай қалыўыңыз мүмкин. Ҳәр нәрсени ўақтында баҳалаң. Қолыңызда бар мүмкинликти жақынларыңыз бенен бирге бөлисиң.

Топлаған:
Қуўанышбаева Гүлайым.

https://t.me/Soz_marjani


Ҳәмме ўақытта да, сен қашандур биреўге не ҳәрекет ислеген болсаң, сениң менен де әйне  сондай мүнәсибетте болатуғын адам табылады.

https://t.me/Soz_marjani

Показано 20 последних публикаций.