Бирақ кесеге қарап атырған ҳеш ким жоқ, ҳәммениң дыққаты телефонда. Ақсүнгүл апа келип:
- Ал, қудашалар, хош келипсиз! Мине, бүгин бизиң мына еки бала себеп дастурханымыздың әзиз мийманы болып отырыпсызлар. Қәдемлериңизге нур жаўсын! Ал енди бир-биримиз бенен танысып отырсақ,- деп отырыспақты ашып берди. Мийманлардың ишиндеги жасы үлкенлеў қудаша келген қонақларды таныстырып шықты. Соның арасынша ыссы қуўырдақ та келди. Қудашалардың дыққаты еле телефонда. Биреўлери әтирапын видеоға түсирип атыр, биреўлер суўретке түсип атыр, биреўлер телеграм қарап, биреўлери инстаграмда жүр, биреўлери тиктоктан ҳәзил көрип өзи менен өзи күлип отыр.
Аўқат пенен тилек айтайық деп келген Ақсүнгүл апа әзиз мийманларының отырысын көрип, кеўил кейпияты түсип кетти. Себеби кешеден бери қудашалар келеди деп сонша нәрсе таярлатты. Ал келген мийманлардың дастурхан менен иси жоқ. Ҳәмме өзи менен өзи бәнт. Сонда да жасы үлкеншилигин қылып:
- Қәне, қарақларым, аўқат пенен тилеклериңизди айта ғойың,- деп мийманларға сөз берди. Оны тыңлағысы келмеди ме, ямаса еситсе де сүўретке түсиў соншелли әҳмийетли ме, үш қыз қолларына телефонларын алып сыртқа шығып кетти.
Олардың артынан және екеўи илести. Соның менен қалғанлары аўқатқа қараған болды. Бирақ бар дыққатлары еле сол телефонда. Олардың соншелли телефонға ғәрезли болып қалғанын көрген қонақ күтиўшилер де бул жерде отырғысы келмей шығып кетти. Ана жаққа барып:
- Усыдан да қонақ күткен болды ма? Адам менен адам қусап танысып, сөйлесип отырмағаннан кейин солардың телефонға үңилгенлерин гүзетип отыра бериў де қыйын екен. Қайтып бетлегимиз келмей қалды,- деп ренишлерин билдирди. Қуўырдақтан бир қасық жеген қудашалар "Қызымыздың кийимлерин берейик," деп сыртқа шықты. Әкелген чемоданларынан кийимлерин шығарып көрсетип атырғанда басқалары телефонға түсирип турды. Мәресим тамам болғаннан кейин ишке қайтып кирип, қайтадан телефонларын қолларына алып алды. Күтиўшилер қуўырдақ табақларын жыйнап алды. Соныңдай мазалы аўқат мурты шағылмастан, сарқыт болып, асханаға қайтып барды...
Енди екинши аўқатқа шекем сыртқа шығып танца ойнайық деген мират болды. Оған да бес-алтаўы шықты, қалғанлары еле телефонда. Ярым саатлық тәнепистен кейин екинши аўқат дастурханға тартыла баслады. Мийманлардың аҳўалы еле сол баяғыдай... Және Ақсүнгүл апа келип:
- Ҳаў, қудашалар, телефонды қойып турың, аўқатқа қарайық, тилек айтайық, бир-биримиз бенен сәўбетлесип отырайық, - деп, ескертиў берди. Еки - үш адам тилек айтты, басқаларының бир қолы табақта болса, бир қолы менен бар дыққаты телефонда.
Үп-үлкен естияр адамлар. Биреў ҳүрметлеп дастурхан жайып шақырып отыр. Сонда үй ийесине, дастурханға деген ҳүрмет қайда? Ҳеш болмаса жасы үлкен Ақсүнгүл апаны, өзлери артынан қудаша болып келген туўысқанын сыйламай ма? Бул телефон деген бәле адамлардын бар ақыл-ҳуўшын соншелли сыйқарлап алған ба?
Усы үй ийесиниң орнында өзлери болса қайтер екен?
Қуўанышбаева Гүлайым
https://t.me/Soz_marjani