🍃🌹🍃Әжайып қосықты тыңлап дем алыңыз.
"Аӊлаттыӊ маған"
Ә. Темирбаев намасы
Әкем асқар таӯлар үлгиси болды,
Анам меҳри- өмирим уллысы болды,
Перзентлерим менен қушағым толды,
Тәӊрим, өмир жибин байлаттыӊ маған.
Усындыӊ опадар өмирлик жолдас,
Олсыз күнлеримниӊ мазмуны болмас,
Ығбалым ҳәм бахтым, жолларым тутас,
Өмир бағларынан сайлаттыӊ маған.
Жай бердиӊ халқымныӊ кеӯил бағынан,
Шағладым, шарладым келсем ҳағынан,
Йош берип, бүлбүллер пәрӯазларынан,
Қанатлы қосықлар сайраттыӊ маған.
Ҳақыйқат бар жерде, жалғанныӊ барын,
Досларым бар жерде душпанныӊ барын,
Арзыӯлар бар жерде әрманныӊ барын,
Өмирим, сен бәршесин аӊлаттыӊ маған.
Алтынгул Утениязова
https://t.me/Sóz_marjanı
"Аӊлаттыӊ маған"
Ә. Темирбаев намасы
Әкем асқар таӯлар үлгиси болды,
Анам меҳри- өмирим уллысы болды,
Перзентлерим менен қушағым толды,
Тәӊрим, өмир жибин байлаттыӊ маған.
Усындыӊ опадар өмирлик жолдас,
Олсыз күнлеримниӊ мазмуны болмас,
Ығбалым ҳәм бахтым, жолларым тутас,
Өмир бағларынан сайлаттыӊ маған.
Жай бердиӊ халқымныӊ кеӯил бағынан,
Шағладым, шарладым келсем ҳағынан,
Йош берип, бүлбүллер пәрӯазларынан,
Қанатлы қосықлар сайраттыӊ маған.
Ҳақыйқат бар жерде, жалғанныӊ барын,
Досларым бар жерде душпанныӊ барын,
Арзыӯлар бар жерде әрманныӊ барын,
Өмирим, сен бәршесин аӊлаттыӊ маған.
Алтынгул Утениязова
https://t.me/Sóz_marjanı