Тынышлық бас байлық, ўатанның көрки
(Ишки-ислер хызметкерлери кәсиплик байрамына қутлықлаў)
Ел тыныш, журт абат ерлигиңизден,
Садықлық билинер, жүз көзиңизден,
Бәрҳа сергек болып, жылдам сап дүзген,
Қар кешип, жамғырға жуўылған сизлер.
Таңда турып, базда көрмей балаңды,
Сергеклик ийелеп, ақыл-санаңды,
Теберик топыраққа, тиреп табанды,
Жазда тер сорғалап, жуўырған сизлер.
Тынышлық бас байлық, ўатанның көрки,
Денсаўлық бас байлық адамның көрки,
Бүлбилге бас байлық, бостанның көрки,
Асырап, бели беккем буўылған сизлер.
Сизлер бар уйқысы, пүтин ананың,
Сизлер бар күлкиси, пүтин баланың,
Сизлер бар ҳәр иси, пүтин дананың,
Ўатан бахты ушын, туўылған сизлер.
Раўаж ОТАРБАЕВ
https://t.me/a_blognot
(Ишки-ислер хызметкерлери кәсиплик байрамына қутлықлаў)
Ел тыныш, журт абат ерлигиңизден,
Садықлық билинер, жүз көзиңизден,
Бәрҳа сергек болып, жылдам сап дүзген,
Қар кешип, жамғырға жуўылған сизлер.
Таңда турып, базда көрмей балаңды,
Сергеклик ийелеп, ақыл-санаңды,
Теберик топыраққа, тиреп табанды,
Жазда тер сорғалап, жуўырған сизлер.
Тынышлық бас байлық, ўатанның көрки,
Денсаўлық бас байлық адамның көрки,
Бүлбилге бас байлық, бостанның көрки,
Асырап, бели беккем буўылған сизлер.
Сизлер бар уйқысы, пүтин ананың,
Сизлер бар күлкиси, пүтин баланың,
Сизлер бар ҳәр иси, пүтин дананың,
Ўатан бахты ушын, туўылған сизлер.
Раўаж ОТАРБАЕВ
https://t.me/a_blognot