#Пикирлең #Ибрат
ӨТКИНШИ ӨМИР
Нуҳ алайҳиссәләм бир күни жылап атырған ҳаялға көзи түсти. Оннан не ушын жылап атырғанын сорады.
Ҳаял:
- "Балам ҳеш нәрсе көрмей жас ҳалында өлип кетти", деди.
Нуҳ алайҳиссәләм:
- "Балаң неше жаста еди?" - деп сорады.
- "Еки жүз елиў жаста...", - деди ҳаял.
Нуҳ алайҳиссәләм күлимсиреди ҳәм оған:
- "Еле сондай дәўирлер келеди, инсанлар тек 60-70 жыл ғана сүреди" - деди.
Бул сөзлерди еситип таң қалған ҳаял:
- "Олар да үй-жай саладыма?", - деди.
- "Әлбетте, олар сондай жайлар салады, олардың жайлары оғада бийик ҳәм оғада безелген болады", - деди Нуҳ алайҳиссәләм.
Жуўапты еситкен ҳаял:
- "Аллаҳға ант болсын, мен олардың орнында болсам, еки ағашты орнатып, үстин жаўып, күни-түни ҳәмд-тасбиҳ айтып отыратуғын едим", - деген екен...
🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸
t.me/asiyatuz