КЕЎИЛЛЕР ҚАЛАЙ ИЙЕЛЕНЕДИ?
🔸Күлимсирең, өйткени, күлимсиреў кеўиллерди ийелеўде ең тез жәрдем беретуғын нәрсе, және ибадат ҳәм садақалардың да қатарына киреди
🔸Биринши болып сәлем бериң. Бул да қәлбтиң түбине жетип баратуғын жақсы қәсийет ҳәм соның менен бирге саўаплы ис болып табылады. Адамлардың ең жақсысы биринши сәлем бериўге асығатуғыны.
Әбиў Амр Надбийден рәўият қылынады: "Мен Ибн Умар разыяллаҳу анҳума менен бирге базарға шықтым, ол жолынан шыққан үлкен-киши ҳәммесине сәлем беретуғын еди".
🔸Ашық жүзли болың, сәўбетлесиңизге кеўил ыссылығын сезиндириң.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген екен: "Ҳеш бир жақсылықты пәс санама, бирадарыңа ашық жүз бенен жүзлениўди де!".
🔸Адамларға саўға берип турың, өйткени, саўға кеўиллерди мейил қылады. Лекин мүмкиншилигиңиз дәрежесинде саўға бериң. Бериў керек деп бары-жоғыңызды саўғаға тигип жибермең.
🔸Аз сөйлеўге әдетлениң, тек пайдалы болатуғын орынларда ғана сөйлең. Сөйлегенде даўысыңызды көтермең, көп сөйлемең.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Гөззал қулықты, көп үндемей жүриўди өзиңе лазым тут. Жаным қолында болған Аллаҳға ант болсын, қалайық* бул екеўи менен шырайлы болғаншелли басқа ҳеш бир қулық пенен шырайлы болмайды".
🔸Адамлардың гәпине итибар берип қулақ түриң, гәпин бөлмең. Усыған әдетленген адамды адамлар гүмансыз жақсы көреди. Себеби жақсы тыңлаўшы ҳәммеге жағады.
🔸Бәрқулла өзиңизге қаранып жүриң. Сыртқы көринисиңиз, кийимиңиз, ийисиңизге әлбетте итибар бериң.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Аллаҳ гөззал, гөззаллықты жақсы көреди".
Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу мынандай деген екен: "Мен кийими таза, жупар ийисли, тақўалы адамларды жақсы көремен".
Аҳмад ибн Ҳанбалдың баласы Абдуллаҳ мынандай деген екен: "Мен әкемнен көре кийими тазарақ, өзине, муртына, шашына итибарлырақ адамды көрмедим".
🔸Жақсылық қылың, адамлардың исин питириўши болың. Буның кеўилге тәсири оғада үлкен!
Бир адам айтқан екен: "Адамларға жақсылық қыл, олардың кеўлин тутқынға аласаң".
Бул менен тек адамлардың емес, Аллаҳ тааланың да муҳаббатына ерисесиз.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Адамлардың Аллаҳға ең жақсысы - адамларға ең пайдасы тийетуғыны".
Доктор Ҳассон Шәмси Паша "Темир таслар" китабынан.
*Қалайық – халық «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. III-том. 108 бет». НӨКИС «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» 1988.
Дерек: «MUSLIM.UZ» телеграм каналы.
📱http://t.me/nasiyatuz