Идеальный жигит керек…
Бир қыз турмысқа шығыў ушын идеальный жигит излепти. Оның алдынан ҳәр түрли жигитлер шығыпты. Бирақ олар қыздың идеалына туўры келмегенликтен, ҳеш бири менен дурыслап сɵйлеспей, таныспай, итибар бермей, менсинбей жүре берипти. Бир күни ол идеалындағы жигитти ушыратып қалыпты. Жигиттиң қасына барып оның менен таныспақшы болғанында жигит оның менен сɵйлеспей, қайырылып қарамай, менсинбей кетип қалыпты.
Қыз ҳайран қалып, буның себебин сорастырып кɵрсе, ол жигитте идеалындағы қызды излеп жүр екен. Соның ушын турмысқа шыға алмай жүрген қызлардың басында «Дурыслы жигит жоқ»-деген тараканы болса, үйлене алмай жүрген жигитлердиңде басында «Дурыслы қыз жоқ»-деген тараканы болады. Себеби, олар Муҳаббат пенен Идеалдың парқына бармайды, Идеал менен Еркеклик ҳәм Ҳаяллық сыпатлардың парқын айыра алмайды. Мысалы: Бир қыздың идеалындағы еркек кɵп пул табатуғын болыў керек. Сɵйтип ол сондай еркекти ушыратып қалса, ɵзиниң идеалын унатып қалады, жигиттиң басқа тәреплерине итибар бермейди. Турмысқа шыққан соң ол жигит арақ ишетуғын, қатынпаз еркек болып шығады, бирақ кɵп пул табады.
Бир қыз ушын оқыған-дипломы бар жигит-идельный еркек. Қыз сондай жигитти ушыратып оны унатып, турмысқа шығады. Турмыс қурған соң, қараса ол жигит жуўас, ɵзлигинше бола алмайды, мамасының сызығынан шыға алмайтуғын еркек екени мәлим болады. Негизинде жаслардың муҳаббат деп жүргени басындағы идеалы-тараканы менен байланыслы.
@psixolog_nukus