Өзиңди кемситиў
Егер сиз иштен қыйналсаңыз, сизди биреў қыйнайды. Егер өзиңизди иштен кемситсеңиз, сизди биреў кемситеди. Себеби, бәршемизде балалықта кемситилгенбиз. Буннан пайда болған комплекслер ақылымызда сақланып қалып, ер жеткен соң ҳәр түрли себеп таўып, өзимизди-ɵзимиз кемситип жүремиз «Мен қәтелестим, ондай қылмаўым керек еди, неге келиспей атыр, ислей алмайман, қолымнан келмейди, басқаша ислеўим керек еди, қолайсыз сөйлеп қойдым, буны айтпаўым керек еди, айта алмайман, айтыўға қорқаман, уяламан, өзиң айт, аўа тек мен жаманман» ҳ.т.б.
Егер сиз өзиңизге, қәтеңизге унамсыз мүнәсибетте болсаңыз, қыйналсаңыз, буны унамлы тәрепке өзгерте алмайсыз. Инсан бир күнде орташа 60 мың түрли ойды басынан кеширеди. Бирақ ойларымыздың бәрин еслеп қала алмаймыз. Сонлықтан сыртқы дүньямыздағы ўақыялар, жағдайлардың ойларымыз бенен байланыслы екенин аңлай бермеймиз. Адам ойлары ҳәм сөзлери менен өзин-ɵзи ҳәлсиретеди. Адамның ең кɵп энергиясы ойлары менен сɵзлерине кетеди. Егер сиз ойларыңызға итибарлы болсаңыз, гүзетсеңиз, анализлеп кɵрсеңиз, ақылыңызда өзиңизди кемситиўши ойларды анықлап, оларды әсте-ақырын азайытсаңыз болады.
Егер балалығыңызда ата-анаңыздан, ата-әжеңизден, әжаға яка әжапаңыздан кемситиўши, салыстырыўшы сɵзлерди кɵп еситкен болсаңыз ҳәм сиз буны аңламай ɵзиңизди яки перзентлериңизди кемситиўши сɵзлерди айтып жүрген болыўыңыз мүмкин. Сонлықтан сизди биреў кемситсе яки сондай болып сезилсе демек, сиз ɵзиңизди иштен кемситесиз яки сизде биреўди кемситиўши сɵзлерди айтасыз. Ата-аналар перзентлерине кɵплеген кемситиўши сɵзлерди айтады. Сɵйтип алып олар «Неге мениң балам бундай, неге балам кеселленди, неге балам айтқанымды қылмайды»- деп таңланады. Адам биринши гезекте ɵзиниң ойларына ҳәм сɵзлерине жуўапкершилик пенен қараўды үйрениўи керек.
@psixolog_nukus