Еркек лидер, бирақ патриархат емес
Кɵпшилик лидерлик пенен басқарыўдың парқын айыра алмайды. Шаңарақта еркектиң лидерлиги менен патриархаттың парқын айыра алмайды. Шаңарақта ҳақыйқый ҳаял болыў менен басқарыўдың парқын, аналық сыпаты менен матриархаттың парқын айыра алмайды. Себеби, кɵпшилик шаңарақ мәселесинде руўхый жақтан саўатсыз болғанлықтан, бул бойынша ҳақыйқый билим алыўға ҳәрекет етпегенликтен, бүгинги күнде интернетте бул бойынша ҳәр ким, ҳәр түрли пикирди айтып отыр, бири психолог, бири блогер, бири юрист, бири бизнесмен ҳ.т.б.
Бирақ ҳеш бири «Руўхый мәселелерде пикир билдириўге, билим бериўге мениң руўхый саўатым, руўхый дәрежем жетеме яки жетпейме?»- деп, ойланып кɵрмейди, буны мен билемен деп ойлайды. Еркек лидер болса, ол жуўапкершиликли еркек болады, шаңарағына, ҳаялы менен ɵз-ара мүнәсибетине, перзентлери тәрбиясына толық жуўапкершилик пенен қарайды. Ҳаялы менен гармониялы мүнәсибет орнатады, сɵйлеседи, сырласады, ҳаялын тыңлайды, қоллап-қуўатлайды. Перзентлери тәрбиясы мененде шуғылланады, ўақыт ажыратады, олар менен сɵйлеседи, қоллап-қуўатлайды, перзентлерин жуўакершиликли болыўға үйретеди. Бундай еркекти ҳаялыда, перзентлериде ҳүрмет етеди, тыңлайды. Яғный, еркек ҳаялына, перзентлерине басым ɵткермейди, күш ислетпейди, қорқытпайды.
Патриархатта болса еркекте жуўапкершилик тɵмен яки бир жақлама болады. Бундай еркекте ҳаялы менен мүнәсибетте машқала болады, перзентлеринде қорқытып, басым ɵткерип тәрбиялайды. Сонлықтан бундай еркектен ҳаялыда, перзентлериде қорқады, ɵзлерин оның алдында айыпкер сезеди. Қорқыў- бул муҳаббат емес, аяў- бул муҳаббат емес, айыпкерлик- бул муҳаббат емес. Бул негатив сезимлер муҳаббаттың жетиспеўинен, байланып қалыў ҳәм қарамлықтан пайда болады.
Егер еркек шаңарағында лидер болыўды қәлесе, дәслеп ол ҳақыйқый еркектиң қандай болатуғынын билиўи керек. Буның ушын ол бәрше нәрсеге жуўапкершилик пенен қарап, ɵз үстинде шуғылланып, шаңарақ бойынша руўхый билим алып, шаңарағына болған жуўапкершиликти (тек пул табыў, бала-шаға бағыў емес) толық мойнына алыўы керек. Буны түсинбейтуғын ҳаяллар күйеўин ҳақыйқый еркек қылыўды, жуўапкершиликли қылыўды билмей, буны үйренбей, ɵз үстинде шуғылланбай ўақыт ɵткен сайын ҳаялда аналық сезими күшейип, шаңарағында матриархатты пайда етеди. Шаңарақ еркектенде, ҳаялданда руўхый раўажланыўды талап етеди.
Буны анаңызға, енеңизге қарап кɵрсеңиз болады. Анаңыз ушын, енеңиз ушын әкеңиздиң, атаңыздың қай дәрежеде ҳүрмети, қәдири бар? Сиз ушында күйеўиңиздиң қай дәрежеде ҳүрмети, қәдири бар? Ҳаяллар анасына, енесине келгенде аўызын толтырып сɵйлейди, бирақ ɵзлерине келгенде ҳақыйқатты мойынлағысы келмейди, ҳәр түрли гәплерди, сылтаўларды айтып баслайды. Демек, ҳаял ɵзи ҳақыйқый ҳаял болғысы келмейди, бирақ күйеўиниң ҳақыйқый еркек болыўын қәлейди. Еркекте ɵзи ҳақыйқый еркек болғысы келмейди, бирақ ҳаялының ҳақыйқый ҳаял болыўын қәлейди, абыйға-бабый, уқсатпастан- ушыратпас, бир-биринен қалыспайды. Шаңарағының бахытсызлығына екеўиде теңдей себепши, арбаның еки дɵңгелеги теңдей айланады. Егер екеўиде теңдей айланбаса арбаның жүриўи қыйын болады. Негизинде кɵпшилик шаңарақларда жағдай усындай.
@psixolog_nukus