Не ушын «Ешектей болып жумыс ислейди»-деп айтады?
Бәршемиз ешектиң кɵп жумыс ислейтуғынын билемиз. Бирақ ешек қанша кɵп жумыс ислегени менен оған жақсы ат жоқ, жегени таяқ бола-береди. Ешек қанша кɵп жумыс ислегени мененде мандымайды, оған үстинеде жақсы жабыў жоқ, дурыслы от-жемде бермей, табылғанын жеп жүре береди. Сонлықтан ешек ɵмир бойы қыйналып жумыс ислеп, ўақыт ɵткен сайын- жасы үлкейген сайын күштен талып, кесел болып- қыйналып ɵлип кетеди. Бул ешектиң жағдайы кɵпшилик адамның бул ɵмирдеги жағдайына уқсап турған жоқпа?
Ешектей болып жумыс ислеўди психологияда «работоголизм»- деп айтады. Яғный, бундай адам кɵп жумыс ислейди, ўақтында жумыс ислеп, ўақтында дем алыўды билмейди, мезгилсиз жумыс ислейди, базар күнлериде жумыс ислейди, 2-3 жерде жумыс ислейди. Мийнет дем алысын алыўды билмейди яки отпускадада дем алмайды, ɵзине жумыс таўып алады, денсаўлығына зыян жететуғын дәрежеде жумыс ислейди, денсаўлығынан айрылып қалғанша жумыс ислейди.
Работоголизм адамдағы невроздың (нерв кеселлигиниң) бир түри есапланады. Адамның денесинде қандайда бир созылмалы кеселлик пайда болмастан алдын ол бир неше жыл невроз болып жүрип, соң кеселлик пайда болады. Бул кеселликке қандай адамлар мейил болады? Работоголизмге еркек+ҳаял мүнәсибетинде машқаласы бар адамлар мейил болады. Турмысқа шыға алмай жүрген қызлар, отырып қалған қызлар, ажырасып болып қайта турмысқа шығыўдан қорқатуғын, турмысқа шығыўдан қашып жүрген ҳаяллардың кɵпшилиги ешектей болып жумыс ислейди. Күйеўи менен машқаласы бар ҳаяллар, шаңарағының еркеги болып кеткен ҳаялларда ешектей болып жумыс ислейди.