Работоголизмге ҳаялы менен машқаласы бар еркеклер, арақ ишетуғын еркеклер яки бурын арақ ишип соң арақты қойып (гейбиреўлери намазға жығылып) работоголизмге шатылады. Яғный, невроз бир формадан екинши бир формаға айланады, алкоголизм- работоголизмге яки алкоголизм- фанатизмге айланады. Кɵбинесе бундай еркеклердиң ҳаяллары мызылдаўық, қызғаншақ, урысқақ, қақбас, ашкɵз болады. Күйеўиниң мызылдап мийин жей береди, «Пул аз табасаң, анаған пул керек, мынаған пул жетпей атыр, кредит алыў керек ҳ.т.б». Сонлықтан бундай еркеклер арақ ишиўин қоя алмайды. Арақ ишпейтуғынларында грыжа, бел аўырыў, бас аўырыў, аяқ аўырыў, жүрек аўырыў, артериал гипертония сыяқлы кеселликлер болады.
Оларда және кредит алыў деген машқала болады, не болса соған кредит ала береди. Сɵйтип кредитлерин тɵлеў ушын ешектей болып жумыс ислейди. Бирақ ешектей болып жумыс ислеп ҳеш ким байып кетпеген, кɵп болса бир машина, бир жай алған, бир неше жыл жанын қыйнап, кесел болып. Себеби, адам ɵзиниң ақыл-парасатын ислетиўди билмейди. «Бас ислемесе еки аяққа тыным болмайды»- деп қуры айтпаған. Адамда ҳеш қандай мақсет жоқ, нийет жоқ болғанлықтан ол айлық ушын, бала-шаға бағыў ушын, кредитлерин тɵлеў ушын ешектей болып жумыс ислейди.
Адам мақсетсиз жасаса оның турмысында машқалалар бола береди. Негизинде бундай машқалаларды адамлардың ɵзлери жаратады. Себеби, қатты жалқаў, ериншек болады, билим алмайды, ɵз үстинде шуғылланбайды. Соның ушын олар «Мениң қолым тиймейди, бос ўақтым жоқ, жумыс баса-бас»- деген, гәпти кɵп айтады. Бирақ оның қатырып атырған түйирли иси жоқ, ҳеш қандай мақсети жоқ, келешекте оның бахытлы, саламат болып жасаўына алып баратуғын жақсы кɵрген жумысы жоқ. Адам ɵзиниң жақсы кɵрген жумысын ислесе ол ешектей болып жумыс ислемейди, бирақ табысы жақсы болады, ɵзи менен шуғылланыўға, ɵмирлик жолдасы менен мүнәсибетине, перзентлери тәрбиясына ҳәм қарым-қатнасықларға биймәлел ўақты болады. Себеби, жақсы кɵрген жумысын ислейтуғын адамның жүрегинде муҳаббат болады. Ол ɵз турмысына жуўапкершиликти толық ɵз мойнына алғанлықтан еркин инсан болып жасайды.
@psixolog_nukus